Baxadir Razimbetov - Awilina baraman | Бахадыр Разымбетов - Ауылыңа…
✨✨Жақсы көргенлериңизге беретуғын бийбаҳа саўғаңыз меҳриңиз, итибарыңыз ҳәм садықлығыңыздур.✨✨
https://t.me/ibratli_sozler
👍23❤9
🌹🌹
Таңғы шайыңызға "Бахыт" деп аталған қумшекерден салып қойдым.
Оннан ишсеңиз, кеўлиңизде "Мухаббат" аталмыш гүллер шешек ашады.
Олар гүллесе өмирге, жасаўға деген мухаббатта оянады.
Қәне қәдирлим, шайдан ишиң☺️
Таңғы шайыңыз мазалы ҳәм қонымлы болсын!

👍53🥰13❤4
Адамлардан периштеликти талап етпең...
Себеби, бул дүньяда әззи адамлар жасайды, периштелер емес...
Ҳәр биримиз алжасамыз, қәте қыламыз, билип-билмей кимниңдур кеўлине азар беремиз....
Бирақ, кеўлимизге азар бергенниң де қандайдур бир жақсы тәрепи....
Биз ушын ең жақсы болған инсанныңда қандайдур унамсыз әдети болатуғынын умытпаң!
Бизге қапагершиликти сақлап жүрмеўимиз ушын Умытыў ҳәм Кешириў сезимлерин инам еткен Алла.... егер кешире алмасақ, бизде жақсы инсан емеспиз....
Сондай екен, жаман инсанлар жоқ... тек ғана жаман әдетлер бар...
Жақынларыңыз, дос-қәдирданыңыздан азғана жаман әдети ушын араны ашық етпең.... кешириң.... умытың!...

👍31❤10🙏3
#Ибратлы_сөзлер
✨Сабыр еткен инсан - аўыр күнлерди де жеңип өтеди.
✨Кеўилге азар бериў, оны суўытыў аңсат, оны қайта жылытыў қыйын.
✨Жақсылық етсеңиз, оның қайтыўын күтпең - жақсылық ислеўдиң өзи үлкен сыйлық.
✨Инсанның байлығы мал-дүньясында емес, оның жақсы нийети ҳәм пәк кеўлиндедур.
✨Ҳәр бир қыйыншылық артында бир ҳикмет, ҳәр бир сабыр артында бир жеңиллик бар.
✨Сизге исеним билдирмегенлерге өзиңизди ақламаң... ўақыт өзи ҳақыйқатты көрсетеди.
✨Кешириў - әззилик емес, кеўилдиң кеңлигинде.
✨Кеўилде мийрим болса, инсан ҳеш қашан жалғызланбайды.
✨Биреўден кемшилик излейтуғын инсанға өз кемшиликлери көринбейди.
✨Бүгинги шүкиршилик - ертеңги күнниң жемиси.
✨Аллаға тәўекел еткен инсан қыйыншылықда да үмитин жоғалтпайды.

👍23❤9💯7
#рәўият
СЕН Я АҚМАҚСАҢ Я ЕКИ ЖҮЗЛИСЕҢ!
Бир күни Искендер Зулқарнайн мәсләҳәтшысына былай деди:
— Усы ўақытқа шекем саған қаншадан-қанша инәмлар бердим, саған не нәрсе керек болған болса да жәрдем бердим, үйли-жайлы еттим, бала-шағалы еттим. Бирақ сен маған шын кеўилден, садықлық пенен хызмет еткениңди көрмедим.
Патшаның бул сөзинен албырап қалған мәсләҳәтшы:
– Әпиў етиң, ҳүкимдарым, бир айып ис ислеп қойдым ба? – деп сорады.
Искендер:
– Бир мәрте болса да кемшилигимди айтпадың. Бул қандай садықлық, қандай мәсләҳәтшылық болды?
Мәсләҳәтшы:
– Ҳүкимдарым, сизде ҳеш қандай кемшилик жоқ...
Искендер:
– Яқ! Менде кемшилик бар екени анық. Себеби инсан кемшиликсиз болмайды. Егер сен менде ҳеш бир кемшиликти көрмей атырған болсаң, онда сен ҳақыйқый ақмақсаң. Егер көрип турып айтпай атырған болсаң, онда ҳақыйқый еки жүзлисең. Демек сен я ахмақсаң я еки жүзлисең, еки ҳалда да мәсләҳәтшы болыўға жарамайсаң!

👍31❤13💯12
А Н А Ж А Н
- Төлеуи жоқ қарыз не?-
- Бир данышпан
Сорапты ел журтынан:
- Ата ананың мехри,
- Перзентке берген,
- Төлеусиз екен.
- Еситип хайран болдым,
- Келисе алмай,
- Не себеп булай...
- Мен хызмет етемен,
- ата-анама,
- Сол сөз сиңди санама.
- Мехрине мехир беремен.
- Қәлесе қоянның сүтин
- Тауып келемен.
- Бирақ...
- Анамның мехрин
- Шеккен азап-мәнетиң,
- қайтара алмадым.
- Биринши айыбым.
- Мехринен қаштым.
- Өзгени суйип,
- Баурыма бастым.
- Төркинлеп барып турдым,
- Анажан!.
- Керегимди алып турдым.
- Қайтқанша асықтым,
- Себеби ойымда ашығым.
- Соң перзент көрдим,
- Бәрше мехримди соған
бердим.
- Аналық мехир не?.
- Сонда сездим.
- Ананың кеули балада,
- Баланың кеули далада.
- Халқымыз не деген дана.
- Анажан төлеусиз,
- Хызметиң.
- Шеккен азап мәнетиң,
- Мехир мухаббетиң.
- Алдында қарыздарман
. 🪄М.Жуманазарова
https://t.me/ibratli_sozler
- Төлеуи жоқ қарыз не?-
- Бир данышпан
Сорапты ел журтынан:
- Ата ананың мехри,
- Перзентке берген,
- Төлеусиз екен.
- Еситип хайран болдым,
- Келисе алмай,
- Не себеп булай...
- Мен хызмет етемен,
- ата-анама,
- Сол сөз сиңди санама.
- Мехрине мехир беремен.
- Қәлесе қоянның сүтин
- Тауып келемен.
- Бирақ...
- Анамның мехрин
- Шеккен азап-мәнетиң,
- қайтара алмадым.
- Биринши айыбым.
- Мехринен қаштым.
- Өзгени суйип,
- Баурыма бастым.
- Төркинлеп барып турдым,
- Анажан!.
- Керегимди алып турдым.
- Қайтқанша асықтым,
- Себеби ойымда ашығым.
- Соң перзент көрдим,
- Бәрше мехримди соған
бердим.
- Аналық мехир не?.
- Сонда сездим.
- Ананың кеули балада,
- Баланың кеули далада.
- Халқымыз не деген дана.
- Анажан төлеусиз,
- Хызметиң.
- Шеккен азап мәнетиң,
- Мехир мухаббетиң.
- Алдында қарыздарман
. 🪄М.Жуманазарова
https://t.me/ibratli_sozler
💯29👍19❤18
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
👍46👏24❤9
#ўақыя
АҚЫЛЛЫ ЕРКЕК
Күйеўи азанда ерте турды. Азанғы шайын ишип, жумысқа кетиўге таярланды.
Көшеге шығып, енди машинасын жүргизип атырғанда офисиниң гилтин алыў есинен шыққанын билди.
Үйине қайтып кирип бөлмесиндеги столдың үстиндеги гилтти алып атырып, столдың үсти көп ўақытлардан берли тазаланбағанын, шаң басып турған екенин көрди.
Әстен ол жерден шығып, ҳаялын шақырды: “Бөлмедеги гилтлерди әперип жибер”, деди.
Ҳаялы гилтлерди алыў ушын бөлмеге кирди.
Гилтлерди алып атырып столдың үстиндеги жазыўға көзи түсти.
Ламинант столдағы шаңда мына жазыў бар еди:
“Сен мениң ушын қәдирлисең! Үйимизди мудамы таза тут”, деп жазып қойылған еди.
Ҳаялы гилтти әкелип берип, күйеўин күле шырай менен шығарып салды.
Ҳаял өзиниң қәтесин түсинип жеткен еди.

Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

👍34❤19🔥3😁1
#Түншырақ
Уйқылаўдан алдын жақынларыңыздың разылығын алың…
Сүйген инсанларыңызға жақсы көриўиңизди айтың.
Ренжиткен инсанларыңыздан кеширим сораң…
Үлкен-киши гүналарыңыз ушын тәўбе қылып, қәлбтен истиғфар айтың...
Ҳәм ертен бүгиннен де қайырлы болыўын сорап Аллаҳқа дуўа қылың…
Қайырлы түн!

🙏41👍20❤12🥰7💯3
🌞Ассалаума алайкум!
🌺 Саўаплы әмеллер қылыў ушын имкан берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға есапсыз шүкирлер болсын!
🌺 Баслап алған жаңа куниниз қайырлы болсын! Ҳәр бир ийгиликли ислериңизде Аллаҳ Яр ҳәм Жәрдемшиңиз болсын!
🌺 Күнимиз - жақсылық пенен баслансын, шаңарақларымыздан тынышлық-татыўлық, берекет кетпесин!

🙏28❤8👍4
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"ЕЛЛЕРИМ БАРДЫ". Халық артисти Айымхан Шамуратова.10.06.1917-29.05.1993.
✨ 𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦: https://t.me/ibratli_sozler
✨ 𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦: https://t.me/ibratli_sozler
❤13👍6🔥1
Ҳәр нәрсе өз ўақты саатын күтеди. Гүл ўақтынан бурын ашылмайды. Қуяш ўақтынан ерте шықпайды.
Күте бил, сеники болған (нәрсе), әлбетте саған келеди...
©Жалалатдин Румий
https://t.me/ibratli_sozler
Күте бил, сеники болған (нәрсе), әлбетте саған келеди...
©Жалалатдин Румий
https://t.me/ibratli_sozler
💯30❤14🙏5
🤔#КҮН СОРАУЫ#
Бир жигит бир қызды атына мингестирип киятыр екен, сонда алдынан бир жигит шығып
«Мына қызды алып қашып киятырсаңба?» – дейди.
☝️Сонда қыз:
– Ҳәй-ҳәй жигит, ҳәй жигит,
Абайлап сөйле сен жигит,
Бул жигиттиң қайын енеси,
Мениң анамның қудағайы,
Сонда мен неси боламан дейди???
Жуўабыңызды пикирлер бөлиминде күтип қаламыз.

❤23
#СИЗ БИЛЕРМЕДИҢИЗ? #
БАРСА КЕЛМЕС
Арал теңизинде «Барса келмес» деген атаў бар. Бул туўралы да түрли халық аңызлары тилден-тилге айтылып жүр. «Барса келмес» көлеми жағынан әдеўир үлкен атаў. Онда мал оты ушын жуғымлы от-шөплер, түрли өсимликлер өседи. Бурынлары Арал жағалаўларында отырған байлар, қыс күнлери өзлериниң малларын қыслатыў ушын Барса келмеске алып келип, ерте бәҳәрде муз ериў алды малларды алып кетеди екен. Бир жылы бәҳәр ерте келип, күтилмеген ўақта бирден муз түсип кетип, маллар қайта алмай атаўлап қалған. Бул ҳәдийседен кейин халық бул жерди «Барса кел мес» деп атаған. Бул туўралы халық аңызының басқа бир түринде, бир ўақытта атаўда үлкен сең басыў апатшылығы болған. Онда турған адамлар ҳәммеси набыт болып жан-жаныўарлар қырғынға ушырайды екен.
©Қәлендер Әбдимуратов "Неге усылай аталған" китабы.
... БУЛ ЕНДИ АҢЫЗ. СИЗ БУЛ ТУУРАЛЫ НЕ БИЛЕСИЗ ЗАМАНЛАС????

❤16
#ўақыя
ҚАРЫНДАСЫМ ҲӘМ ҲАЯЛЫМ
- Ким болыпты өзи ол, қарындасыма қол көтереди?! Еле көрсетип қояман, — ашыўланған әжаға қарындасының көгерген қабағына қарап оннан беттер ашыўланып.
— Қойың... — жылаўда даўам етти қарындас,— Күйеўимниң ашыўы тез... — ҳәзир ғана күйеўинен шикәят етип турған қарындасы әжағасынан қорқып күйеўиниң тәрепин алды, — азырақ ўақыттан кейин кеширим сорап келип қалады.
— Урып болып, енди кеширим сорайма?! Кеширимин писирип жесин! Мен қарындасымды хорлатып қоймайман. Мен де оның маңлайына бир муш урып, кейин кеширим сорайман!
— Ондай қылмасын, — қарындасы көзин мөлтиретип кишесине қарады.
— Ағасы... — тилге кирди ҳаялы да, — шаңарақ болғаннан кейин бундай ҳәдийселер болып турады...
— Сен араласпа!
— Ҳаў... — ҳаялы жерге қарап әсте сөйледи,— мениң әжағаларым топалаң етип келген жоқ қо...
Еркек дәрриў ҳаялының көзине қарады. Еле азырақ изи бар екен. Өткен ҳәпте жумыста ярым түнге шекем усланып қалған еди. Сонда ашыўланып үйге келгенде «Неге кеш келдиңиз?» деп сораған ҳаялын жумыстағы ашыўын баса алай ийтерип жиберген еди. Соннан көзи қапыға тийип көгерип қалды.
Кишесиниң сөзиниң астындағы мәнини түсинген қыз ойнап жүрген баласын жетелеп, уялғанша әсте шығып кетти.
... ПИКИР ЖҮРИТЕЙИК ӘЗИЗЛЕР!!! 👇👇👇
... СИЗГЕ ТАНЫС ЖАҒДАЙМА ӘЖАҒА?!??
.... СИЗ СОНДАЙ ЖОЛ ТУТТЫҢЫЗБА КИШЕ?!??
.... БАСЫҢЫЗДАН ӨТКЕНИ ӨЗИҢИЗГЕ АЯНҒОЙ ҚАРЫНДАС, СОЛАЙ ЕМЕСПЕ??!!
👇👇👇👇

❤28👍17
Өмирде жақсы жасаў ушын, идеал инсан болыў ушын, жетискенликлерге ерисиў ушын қандай ис-ҳәрекетлер қылыўым керек деп ойланып жүремиз.
Бирақ, жоқарыда санап өтилген жетискенликлерге ерисиў ушын не қылмаўымыз керек екенин анықластырып алыўды ойлап көрмеймиз.
Ойлаған нәтийжелерге ерисиў ушын "Не ислеўим керек?" деп емес "Не ислемеўим керек" деп өзимиз ушын сораў қоя алсақ барлығы өз-өзинен жақсы тәрепке өзгерип, сизди күтилмеген нәтийжелер қарсы алады.

💯21❤10👍8
#мәнили сөзлер#
"ИЙТ БАСЫНА ИРКИТ ТӨГИЛГЕН ЗАМАН"
... Бул гәп әсиресе жасы үлкен ғаррылардың тилинде көп қолланылады.
Иркит- сөзи бизиң тилимизде қатық дегенди аңлатады. Бул гәптиң келип шығыў дереги төмендегише болған деседи: Өткен заманларда ағарған бизиң халқымыздың тийкарғы күн көриси болған. Ағарғанды бийдарық (жөнсиз) жерге төкпеген. Халқымызда ағарған қатқан аўқатты ийтке қуймайтуғын дәстүр еле бар.
Ертеде хешким ағарғанды пулға сатпаған. Хәтте түн болса ағарған хешкимге берилмегенде, хешким буған өкпелемегенде....
Ҳәзирги заманда ҳәмме нәрсе молшылық болып кетти. Нан да, ағарған да табылады. Ҳәтте керегиңнен аўысып, төгилип-шашылып атырған заман. Соның ушын халық тилинде "ийт басына иркит төгилип атырған заман" дейди.
Дерек: Әбдисайыт Пахратдинов. Мәнили гәплер ҳәм халық әпсаналары. Ред. А. Қарлыбаев - Нөкис "Қарақалпақстан" 1989, 116 б

❤15💯7👍5
"ЕРКИН БАЗАР"
Ергенекли бул дүньяның
Ҳәзир еркин базары көп.
Жер жәҳәннен дүнья малдың
Келип турған гүзары көп.
Ҳәр ким оған барын салған,
Ҳәтте намыс-арын салған.
Биреў сәтли саўда қылған, Биреўлерге ҳазары көп.
Ҳасыл гәўхар. зери де бар,
Аптекте жоқ дәри де бар,
Пулың болса бәри де бар.
Пулсыз көзиң қызары көп.
Импорт этикети керек,
Кимге қустың сүти керек.
Кенгурийдиң ети керек,
Хәўес етсең мазалы деп.
Арақ-шараплар базары,
Қурал-жарақлар базары.
Тест ҳәм сынақлар базары,
Компьютерди бузары көп...
Қымбат қағазлар базары,
Сәўбет ҳәм сазлар базары,
Жилўа хәм назлар базары,
Арқа-мойын жазары көп...
Алып-сатарға мал керек,
Биреўлерге ҳамал керек.
Керекке жығылар терек,
Аллергияң қозары көп.
Бул базардан инсап күтпе,
Бағынбас өл ҳүкиметке.
Арзанлар деп дәме етпе,
Жүрегиңниң сазары көп.
Қиянет көп, мириўбет аз,
Болды десең ҳәммеси саз,
Доллар деген бир "көк қағаз
Бәрин пыт-шыт бузары көп...
Көлденең әўмет базары,
Кәҳәтли хүжжет базары,
Жумыс ҳәм мийнет базары,
Табаныңның тозары көп.
Ҳәр ким пайдасын гөзлеген,
Ырас-жалғаннан сөзлеген.
Бирақ бунда мен излеген,
Муҳаббаттың базары жоқ.
Сондай базар болғанында,
Сен базарлап барғаныңда,
Шасәнемдей баяғыда —
"Мен Ғәрипти сатып ал" деп,
Жығыларем аяғына
Ибрайым Юсупов.
👉https://t.me/ibratli_sozler

❤36👍15
❤11👍1🔥1