ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
18.4K subscribers
9.75K photos
5.8K videos
52 files
21.3K links
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.

Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
Download Telegram
Bir gu'l ko'rindide ketti...[telegram.me/qosiq]
@Qosiq[telegram.me/qosiq]
Жүреклерди шын мухаббат ҳасла тәрк етпесин!

https://t.me/ibratli_sozler
16👍3🙏2🤩1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Халықлар_дослығы

Кешки дем алыс мәўритлериңиз кеўилли өтсин әзизлер!

💥💥💥💥💥💥💥💥💥💥💥💥

https://t.me/ibratli_sozler
👍3213
👍263👏2😢1
👩‍🦰Аналарымыз алдындағы перзентлик ўазыйпаларымыз!

▪️Саўға алдын анаңа соң   әкеңе берилиўи тийис.

▪️Бар болса да, қайтыс болған болса да оларға бәрҳә жақсы тилекте болыўың  керек.

▪️Аналардың бетлерине түскен әжин ҳәм дақлар -сен ҳәм аға-инилериң, апа-сиңлилериң себепли екенлигин умытпа!

▪️Оған ҳәр күни көринис берип тур, себеби бул көринис оған қымбат алтынлар бергеннен абзал.

▪️Тирисинде бар имкәниятың менен оған жыллы сөзли бол, егер оны жоғалтсаң әрманда қаласаң.

▪️ Анаңды қушақла!
Ол сени ҳәр күни қушақлағанын есиңнең шығарма!
📖
🪄Таярлаған: Нилуфар Есмурза қызы



https://t.me/ibratli_sozler
🙏1710👍7👏3
Күн сораўының жуўабы:

Сүўреттеги инсан Қарақалпақ поэзиясының байтереги Ибрайым Юсупов!

Бәрше өз дурыс жуўаплары, ҳәм болжаўлары менен қатнасқан канал ықласбентлеринен миннетдармыз!
Билим ҳәм зейиниңиз буннан да зияда болсын
!

https://t.me/ibratli_sozler

Техникалық себеплерге бола мына пост каналдан өшип кетипти, кеширимли болсын!
👍30👌42
#қайырлы_түн😊

Бүгинги күнниң ҳәр бир минуты ушын шүкир!

Биреўге азар берген болсақ, кеширим сораймыз, биреўге қуўаныш инам еткен болсақ, биз де қуўанышлымыз.



Түниңиз тыныш өтсин, ертеңги күн жаңа имканиятлар ҳәм бахыт пенен келсин!
Күн даўамында биз бенен болған, пикир алысқан ҳәммеге рахмет. Шаршаўлар уйқы менен кетсин, азанда саў-саламат ҳәм жаңа күш пенен ояныў несип етсин.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!!!

https://t.me/ibratli_sozler
24🙏10👍8
Ассалаўма алейкум!

Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир!

Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын!

Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!

Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймен.

Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын.

Ибадатларыңыз әжр-саўаплпрға толы болсын!

Күниңиз берекетли өтсин.

🌈Қайырлы таң, қайырлы күн қәдирлим !!!

https://t.me/ibratli_sozler
👍21🙏159🔥1
Eslermekenseń [t.me/qosiq]
G.Ayimbetova | @QOSIQ
"Еслермекенсең"
🎤Гүлхатийша Айымбетова

https://t.me/ibratli_sozler
13
🪄Бәршеге де бирдей сүйикли бола алмайсыз.

Сондай екен, сизди қәдирлеп, ҳүрмет-иззет етип атырғанларға итибарлы болың, ертең яки басқа бир күн пикирлери өзгерип қалыўы мүмкин.

Себеби, базылар сизиң 99 жақсылығыңызды умытып, 1 ғана қәтелигиңизди умытпаўы мүмкин!

https://t.me/ibratli_sozler
💯259
ӨМИР КӘРЎАНЫ.

Мәнзил қайда барар, қайда дуз-несийп,
Алдыннан айтпаға қыйындур кесип,
Баратырман мен де журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.

Тырмасаман, көштен қалып қоймаўға,
Тырысаман жолда түсип қалмаўға,
Шарасызлық үстин келген ўақытта,
Мәжбүр болдым тал шыбықты қармаўға.

Көзди ашырмас ҳеш дузлы самаллар,
Жолымды тосады қумлы қамаллар,
Саҳра сынағына берместен төзим,
Жолда қалып кетти қанша адамлар.

Тәғдир самаллары аяўсыз есип,
Жулқылайды арман-берман тиресип,
Жасап билмегенлер түссин кәрўаннан,
Деп турады гейде өмир сиресип.

Ғалма-ғаллы өмирде мен гүресип,
Баратырман, журт қатары илесип
Абайлап басаман ҳәр бир қәдемим,
Кетпейин ийримли қурдымға түсип.

Тоқтамастан жүрсе өмир кәрўаны,
Қәлеўинше сүрсин ҳәрким дәўранды,
Асықпайық, мәнзилге тез жетиўге,
Берекетли болсын жолдың қалғаны.

Мәнзилим қай жерде, қайда дуз-несийп,
Айта алмас ҳешким алдынан кесип,
Баратырман менде журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.

🪄Жумаханова Гулбазар

Канал👉
https://t.me/ibratli_sozler
👏12👍9🔥54
#қайырлы_күн

Жақсы өткен күн — келешек күнниң азығы.
Босқа өткен күн ертеңги күнге зыян келтиреди, көлеңкесин түсиреди. Келешектеги күниңди аясаң — бүгинги күниңди бос өткерме. Өмириң де күнлердиң қалай өткенине байланыслы.

🌈Күниңиз кеўилли өтсин!

https://t.me/ibratli_sozler
💯20👍91
Ананың кеўли балада...

-Апа қоя қойыңса қыйнай бермей, жол- жөнекей ҳәмме жерде нан, аўқат сатылады.
Ҳәзир заман басқа...

Медет жоралары менен Қазақстанға барып жумыс ислеп қайтаман дегеннен баслап Айжамал апаның уйқысы қашты.Таң намазын оқып болғаннан кейин ғана бираз көз шырымын алатуғын болып қалды. Соған дейин ҳәр түрли ойлар, уўайымлар жанын жеп уйқы бермес еди.
Өзиниң қыз дәўирин еследи. Әкеси тракторшы болған ал анасы соқырлардың мекемесинде үзикши ўазыйпасын атқарып жумыс ислеген. Ол дәўирлерде ҳәтте көзи әззи инсанларға да жумыс қарастырылған екен-аў, япырмай... Биреўге айтсаң ертек дейтуғыны анық.. Анамыз тоғыз қурсақ көтерген, бирақ соннан
үш ул, үш қыз қалғанбыз. Биреўден алдын,биреўден кейин гейде тоқ, гейде шала қурсақ әйтеўир аш болмадық. Үлкенниң гөнесин қуўанып кийип, ийин ағаш пенен суў тасып, үйдиң тирилигин тындырып жүретуғын едик. Жумысымызды болғаннан кейин, бизлерге ўазыйпа сабағымызды таярлаў, китап оқып түсинигимизди айтып бериў жүкленетуғын еди.
Ҳәр ким ҳәр жерде гүбир-гүбир, өз үй тапсырмасы менен бәнт.
Кеш болғанда жумыстан шаршап
келсе де Ата-Анамыз бизлерди бирме-бир тыңлайтуғын еди. Шай үстинде марапатымызды бериўди де умытпайтуғын. "Мениң қызым муғаллим болады, мениң балам доктор болады.."
Қандай әжайып күнлер еди,
Барына қәнәәт, жоғына сабыр етип керек жеринде қоңсы- қоба менен алыс- берис қылатуғын едик. Анам таңсық мазалы тағам таярлаған күни биреўмизди шақырып алып еки тәрепимиздеги еки қоңысымызға апарып кел деп  ыдысларға салып беретуғын еди.
  -Пай апа деймен-аў, бермегенде қәйтеди дегенимде,
Бар қулыным апарып бер уят болады,аўқаттың түрин көрмесе де ийисин ийискеди.. Аўзының суўы шубырған болар, қоңысы ҳаққы деген болады деп қоярда қоймай услатып жиберетуғын еди.
Гейде сол апаларымыз да ойламаған жерден мазалы аўқатлары менен бизди қуўантатуғын еди.
Адамлардың жүзинде нур, баслары бийик, күлкисинде шынайылық барқ урып туратуғын. Көрискен жерде жети атаңа дейин сорасып, бәрекелла деп арқаңнан мийирим менен қағып қоятуғын еди.
Ал ҳазир өкинишке орай кем дегенде бир үйден бир адам  напақа табыў ушын үйинен,бала-шағасынан <безип> айлап, жыллап ел асып кетеди.
Эҳ.. келмеске кеткен алтын дәўирим, меҳир- мүриўбети!.
Айжамал апа дөңбекшип таңды атырған болды.
Бүгин баласы жол жүретуғын күн. Анаў мынаўсын таярлап, арасында жүрип нанға қамыр ийлеп бастырып таслады. Балам жесин деп сүтке қарып, майға мушлады.
Кешке дейин ўақыт бар үлгеремен деген ойлар мазалап жас келиншектей шаққан-шаққан қыймылдап жүр.
Бала деген ет-баўырың ғой, жемей жесин, киймей кийсин дейсең.
Медет быйыл  контракт болып оқыўға түсти. Бирақ оның төлемин төлей алмаслығын ескерип оқымай қалды. Жаўын шашыннан бурын азырақ дийханшылығын жыйнастырып, жоралары менен шет елде жумыс ислеп келиўди жоспарлады. Ҳәзирше үйдиң үлкени усы Медет. Мархум әкесиниң өмирден озғанына да төрт жылға қарап баратыр. Өзинен үлкен әжағасы жумыс бабы менен келиншеги ҳәм қызын алып <Жаслық>қа бөлек кеткен есабы. Қарындасы еле мектеп оқыўшысы.
Медеттиң минези туйық па, ямаса өзин  усы хожалықтың ер азаматы ретинде сезинеме әйтеўир ҳәмме нәрсеге өз пикири, өз жуўабы тайын.
Соның менен кеште барып алып кетемен деген такси шофёры қоңыраў етти.
Айжамал апа баласына ақыл-насиятын айтып кирсе кирип, шықса шығып изинде жүр.
Үлкен сумкасын таксидиң багажына салған Медет апасының қолындағы тағы бир муқыят оралған пакетке көзи түсип еңсесин қатырды.
-Апа қоя қойса қыйнай бермей, жол- жөнекей ҳәмме жерден пулыңа нан, аўқат табылады.
Енди буны да жүк қылып көтерип жүремен бе?Қала берсин деп кесип айтты.
Айжамал апа болса;
- Балам аў  "Керек тастың аўырлығы жоқ" деген. Алып кете берсең о! сен ушын жумсақ етип пәтир, нан жаўып едим.
-Өзлериңиз ҳәз етип жең  еркектиң несийбеси жолда деп келисер-келиспес бир нәрселерди гүңкилдеди де хошласып жолға шықты.
Апаның салысы суўға кеткендей бир түрли кейпият пенен изинен -Ай барып аман қайт қулыным!-- деп бетин сыйпады.
Машина жолдың гидир-будырына қарамай жол танабын суўырып баратыр.
20👍3
Сол жүргеннен мол жүрип шофёрдан басқасының көзи илинип кеткен бее, тасырлыдан ҳаўлығып оянды. Медеттиң басы мең- зең. Ҳеш нарсени түсинер емес. Қасындағылар да көзлери бақырайсып Алланы қайта-қайта есине  алып атыр. Бир ўақытлары -Ҳәмме тири ме,жараланған адам жоқпа? деген дирилди аралас шофёрдың даўсы еситилди.
Ҳәмме өзине келип есин жыйып қараса ай далада, трассадан бираз ойға түсип кеткен екен. Түн болғанлықтан әтирап анық көрине қоймады. Аман қалғанына шүкирлер айтып таң атқанша машинада отырыўды уйғарды.
Баклашканың түбинде қалған суўды бөлисип бир уртламнан жутқан болды. Енди қарынлары аш қасқырдай улып баслады. Ҳеш кимниң жанынан тислем нан шықпады.
Дүканның тамақ болмайтуғын жылтыр қағазлы  жуқа чипсилери тисиниң арасында қалды.
Медет суўық демин алды.  Анасының " Балам нан деген жолдас болады алып кетеғой шырағым"- деп қыйылып турғаны кино лентасындай көз алдынан өтти.
Еле де дуўа-тилеклери қабыл болып бир апаттан аман қалды.
Кешир Анажаным!- деп еситилер еситилмес гүбирленди.
'Ананың кеўли балада, баланың кеўли далада"- деген усы шығар сирә.

Гулзар Қурбанбаева
Саҳра гүли🌹  Ноябрь. 2024.
https://t.me/ibratli_sozler
💯166👍6
Ўатаным

Ғәрезсизлик бахтым мениң,
Ҳәм қорғаным,  тахтым мениң,
Жәннет мәкан ҳүр ўатанда,
Тыныш атқан таңым мениң.

Журт басшымыз ғамхорлығы,
Ел-халқымыз айдын жолы,
Бир ўатан,  бир халық болып,  Табысларға жеткен қолы.

Аспанымыз ашық болсын,
Ғәрезсизлик мәңги болсын,
Көз тиймегей тынышлыққа,
Несийбемиз молдан болсын.

Гүл жайнаған бағы-бостан,
Табыслары тилде дәстан,
Жылдан-жылға көркейе бер,
Хүр ўатаным Өзбекстан.

Ата-бабам арзыў еткен,
Тыным билмей мийнет еткен,
Туўылған жер болсын аман,
Деп өз жанын пидә еткен.

Бүгин мине,  шадлы заман,
Бахыт бизге күлип баққан,
Алтын қуяш нурын шашқан,
Ел-халқымыз болсын аман,
Дүнья сени тән алып тур,
Өзиң менен мақтанаман,
Ғәрезсиз ел Өзбекстан.


Гулжахан  Исмайлова

Мойнақ районы МШ ҳәм МББ. не қараслы 2-санлы мектептиң баслаўыш класс  муғаллими.


https://t.me/ibratli_sozler
👍8🔥32🥰1
СОНДА БИЗ КИМБИЗ.

(Болған ўақия.)

Дем алыс куни еди.
Достымыздың аўылдан әжепасының жыл садақасын берип келгенин еситип,жети,сегиз ҳаял жыйналып хабар алып, көрип қайтатуғын болдық.
Олда дем алыс куни туски сағат екиге келе ғойың деди.
Бир жерге баратуғын болсаң уйден шығыў қыйын.
Кийингениңнен ақлықларың,
- Әже қаяққа баратырсаң, бизлерде барайық-деп шуўласады.
-Бир жерге бараманда,тез қайтаман,х,әзир келемен-деп ақлықларымды алдастырып зорға уйден шықтым -аў.
Сағатқа қарасам еки болайын деп атыр.
Дәрриў такси тоқтаттым.
Баратуғын жеримниң мәнзилин  айтып таксиге   отырдым.
Ишинде шофёрдың қасында бир ер адам отыр екен.
Олар өз-ара сөйлесип кетип атыр.
Сөзлерине қарағанда ағалы - ини екен.
-Анама дым уқсайсаң -деди қасындағы ағасы.
- Солай ма,мен кеше улымды уқсаттым.
Анамды сол гезде қәйтип орап операцияға  алып кирген болса,улымды да сөйтип орап операцияға  алып кетти.
Сол гезде анам көз алдыма елеследи- деди қамығып.
- Бизиңде хабарымыз болмаған,айтпағансаң да,неге ондай қылдың тусинбедим -деген ағасына,
- Еки кун алдын Лола уйге көшеден  табака алып келип еди.
Барлық бәле соннан басланды.
Табаканы тек балам екеўмиз  жегеннен соң, көп өтпей мен де,балам да қусып аўырдық.
Туўрысын айтсам сап - сары запыран қусып бир өлип тирилдик.
Мен ғой дәри ишип еплеп тәўир болдым, ал  балам еки кун ишинде ҳәлсизленип,ишкен жегенин қуса берди.
Ақыры "тез жәрдем"шақырдық.
Сөйтип емлеўханаға барсақ соқыр ишек -деп қарап тур.
Мен шып-пыр болып тусиндирип атырман.
Қаттыға ушынғанбыз, жақпайтуғын көшениң аўхатын  жегенбиз десем  қулақ салмады.
-Ҳәзир операция етпесек ишеги жарылып кетсе жуўап бермеймен-деген соң доктордың айтқанына көндик.
Және "тил хат"жаздырып алды.
Бизиң ырзашылығымыз бенен операция исленди,бизиң х,еш қандай қарсылығымыз жоқ-деп х,аялымыз екеўмиз жазып ,қол қойып та бердик.
Сөйтип тезлик бенен операцияға алып кетти.
Баламның аўҳ,алы жаман  еди.
Еки кун ишинде азып ,солып қалды.
Арадан бир сағаттай ўақыт өтип доктор шықты.
- Соқыр ишек емес екен.
Ең аўыр турдеги ,отравление,десе бизлер не деримизди билмей қатып қалдық.
-Бала тириме-деп сораўға ҳалымыз жетти.
- Балаңыз жақсы,бир,еки сағат өтип палатаға аламыз.
Анасы қасында қалса болады- деди де кетип қалды.
Сол  жерде бир орыс ҳаял турған еди.
Ол өзбекшени тисинер екен.
- Сиз неге ундемейсиз.
Устинен жазып судқа бериң.
Қашан усындай итибарсызлық тоқтайды.
Сизиң қолыңызда далил бар-деп маған сөйлеп ,бақырып кетти.
-Мен тил хат жазып  бергенмен -десем де,
- Тупирдим хатыңа,балаңды ҳеш нәрсе болмаса да сойды.
Тусинип атырсаң ба өзи?-деп урысып кетти.
Ал бизлер уйге асығып атырмыз.
Хаялым баламның қасында жатыўға таярланып келиўи керек.
-Мен болғанда олардың мурнын жерге ысқылап,пушайман жегизер едим.
Сиз ақмақлық етип атырсыз-деп қолын бир силтеп арман барып турды.
-Кеширерсиз гәпине араласқаным ушын.
Сонда сиз ҳеш кимге, ҳеш зат деместен кете бердиңиз бе? -дедим шыдай алмай.
-Апа маған баламның аман қалғаны,тири қалғаны жетеди.
Олсызда  неше куннен бер ҳаялымыз екеўмиз нелерди басымыздан өткермедик.
Нелерди ойламадық-дийди арқайын.
Мине биз сондай деп докторлардың қәтелигине көз жумамыз.

Еки,уш жыл алдын қудаша қызымыздың  баласы да  бир өлимнен қалды.
Оның аўхалы буның тескериси.
Баласы ишимлеп ўай- ўайлап жылаған екен,жеке меншик поликлиникаға апарыпты.
Ол  жердегилердиң исине қараң.
Соқыр ишек болған баланың ишегин жуўған.
Нәтийжеде ишеги жарылып кеткен.
Қудай сақлап СамПИ  деги тәжирийбели  докторлар аман алып қалды.
Сонда ишегин жуўдырыўға рухсат берген докторды судқа  беремен деген ҳаялын кийеўи тоқтатқан.
-Қудайға шукир баламыз аман қалды -деп.

Жуўмақ..
Биз ең әўели Аллаға исенемиз.
Одан кейин бир жериң аўырып жаның көзиңе көринсе докторларға  Қудайдай исенемиз.
Ал докторлар қәлесе сойып таслайды да, арқайын биз қәтелесиппиз дийди.
Ал керек жеринде билместен басқа зат ислейди.
14👍6
Буның менен ҳәмме докторлар сондай деўден аўлақпан.
Айтажағым билими жоқ докторлар баршылық.
Солардың кесиринен қанша өз исиниң маманы болған докторларға кесири тийип атыр.
Қолынан келмейтуғынын билесең, абройыңды ойлап журместен бир шетке шық.
Ақыры олар саған Қудайға исенгендей  исенди ғой.
Инсан тағдири ойыншық емес екенин биле тура усындай ислерге қол урып атырғаны ашынарлы  х,ал.
СОНДА БИЗ КИМБИЗ..

ПериханАймуратова.
Ташкент қаласы.

https://t.me/ibratli_sozler
👍255🔥2