ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
18.4K subscribers
9.74K photos
5.8K videos
52 files
21.3K links
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.

Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
Download Telegram
#КҮН СОРАУЫ# ЖУУАБЫ:


БҮГИНГИ "КҮН СОРАУЫ" РУБРИКАМЫЗДЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ:

1.  "Ургенч" аккаунт ийеси.

2 Г. Исмаилова

3. Гульнара Н.....

Бәрше жеңимпазларға, белсенди қатнасқан арнамыз ағзаларына Админстрациямыз атынан

М И Н Н Е Т Д А Р Ш Ы Л Ы Қ
билдиремиз.

.... ЖУУАП... 👇

Ж О Л.


https://t.me/ibratli_sozler👈
👍5
КЕЛИНЛЕРДИҢ АТ ҚОЙЫУЫ -ҚАРАҚАЛПАҚҚА ЖАРАСАДЫ😊😊

Ата-ана , əсиресе ене не-не арзыу үмитлер менен келин түсиреди. Енениң əрманы-келини келиндей хызмет етсе- оны бир қулдай жумсайжақ емес-ау , тек бир халық , ағайын тууған, қоңсы -қоба алдында шаңарақ ағзаларының  хүрметин жайына қойса, келинлик уазыйпаларын орынласа, үйди өз үйиндей көрип кетеғойса, ерине жыллы мүнəсибетте болса, ата-ене, бийкеш-қəйин хүрметин жайына қойса, үйге қыдырып келген қəйин апаларына жүгирип барып қағып төсек төсеп, бир күн асып кетсе еки- үш күн домалап хызмет етсе-əне болғаны соны əрман етеди, гези келгенде талапта етеди. Келинниң ийбели болыуында-ери, қайнағалары  айбатлырақ болыуыныңда тəсири бар. Гей бир енелер келин түсирсе , тап қызымдай көремен дейди. Мен ол пикирге онша қосылмайман. Келин -"келин" аты менен хəммениң хəуесин келтирсин.  Қай бир келинниң мийирман, өз үйине сиңисип кетиуинде-енениң шеберлигине байланыслы деп билемен. Хаялдың  шаңарақ ауызбиршилигинде орны гиреули. Соның ушын енемен деген хəрбир хаял - келинди өзине үйретип алыуы-оның уқыбына байланыслы деп ойлайман.
Мен жас келинлик пайытымда үйдеги қәйнимди ең генжеси болғаны ушын "кишкентай" деп атағанман...Мине хәзир ол қәйнимниң жасы 55 те келинлери бар....олар маған :-неге атамды кишкентай дейсиз ең нәхән ириси бизиң атамғо!-деп хәзиллеседи. Менде өз гезегинде: -ол маған еле кишкентай-деп марапатлап қояман...Буннан басқа "ақ бийкеш", аппақ, сулыу,мырзаға, ортаншы" ларым көөп, қудайға шүкир...Ат қойыу сыйласықты, хүрметти асырады, соның ушын биз бенен қазақ халқында бар бундай дәстүрди хүрмет ететуғынымызда хақыйқат хәм бул бизге мақтаныш сезимин бағышлайды.
Төменде қарақалпақ келининиң ең шырайлы-сүйкимли, хеш бир елде тəкирарланбайтуғын үй ишиндеги, ауыл-елдеги адамларға хүрмети-ат қойыуына байланыслы уақыяны усынбақшыман...

... Ат қойыу əдети -келинлердиң ийбели болып, сыйласығын арттырады.Бизиң дəстүримизде келин қəйин ата, қəйин енеден тысқары қайнаға, абысын, қəйин, бийкешлердиңде аты айтылмайды. Тек ғана келин хəм оның ул-қызларының аты айтылады.
Ауылдағы ямаса ағайын-тууғандағы қəйин атасынан жасы үлкенлери ата, қəйин  енесинен жасы үлкенлери "ене",ал олардан жасы кишилери куйеуиниң жасына салыстырылып, қайнаға, абысын яки"шеше", қəйин деп айтылады.
Қарақалпақларда усы ат айтылыуы бойынша илгериде бир мағлыумат оқып едим:  Бир таза тускен келиншек арқанлап қойған малын жылыстырыуға барса, ауыл сыртында бир бөри қойды бауызлап атырғанын кореди хəм сол пайыт ийтинен үрккен бөри тура қашады. Қыйналып атырған қойды тапқан нəрсеси менен-ақ өзи "хадаллап" алады да, үйине жүгирип келип, қəйин атасы менен қəйин енесине болған уақыяны былай тəрийплейди: " Сарқыраманың аржағында, салдыраманың бер жағында бир улыма маңыраманы бауызлап қашты, мен харам өлмесин деп қанаманы жанамаға жанып-жанып "хадаллап" алдым"-депти.
Буны еситкен қəйин енеси менен атасы дəрриу түсинип, келинине миннетдар болған екен. БУНЫҢ МƏНИСИ: Сарқырама -Дəрябай
Салдырама- Каналбай
Улыма-Бөрибай
Маңырама-Қойлыбай
Қанама-Пышақбай
Жанама-Қайрақбай екен.
Мине бурынғы ата-бабаларымыздан киятырған дəстүримиздиң қəдирлилигиниң жəне бир дəлийли. Мине нағыз ауыл-аймақты хүрмет еткен келиншектен бир мысал...
Усы дəстүрлеримиз арқалыда басқа миллет уəкиллеринен ажыралып турамыз.
Мен өзим қайнағамның балаларын мырзаға, ортаншы, кишкене деймен, ал атамның инисиниң қызларын: Айқыз, Сулыу, Қаракөз деп атайман.Оларда "кише ха кише" деп жанын пидə қылады.



ЗУЛЬФИЯ ЖУМАНОВА
Хожели районы.

https://t.me/ibratli_sozler
32💯10👍2🔥1
Ўақыт өтер уйқыласаң да, жүрсең де,
Ўақыт өтер жыласаң да, күлсең де,
Өтеди ол қуўсаңдағы қоянды,
Өтеди ол тасбақаға минсең де.


Кеңесбай Рахманов.

https://t.me/ibratli_sozler
👍34💯143🕊1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ибратлы дүнья.

📚 Устаз бәрҳәма турмыстан налып журетуғын, өзин бахытсыз есаплайтуғын шәкиртине кеседе суў узатты-да, оған бир қысым дуз араластырып, ишип көриўди буйырды.
📚Жигит устазының айтқанын иследи.
- Дəми қандай екен? - сорады устаз.
- Шорлығынан тилди ояман, дейди!
📚 Устаз шәкиртин дәрья бойына алып барды. Тағы бир қысым дуз узатар екен, деди:
- Енди буны дәрьяға таслап, суўдың мазасын татып көр.
📚 Жигит бул сапары суўды ишти.
- Шорлығы сезилдиме? Мазасы қандай екен?
- Әжайып. Шорлығы жоқ болып кетипти, улыўма сезилмеди.
📚Бул сөзлерден кеўили толған устаз нәсият етти:
- Турмыс қыйыншылықлары бир қысым дуздай гәп. Кеўилинди кең қылсан, билинбей кетеди.
📚Турмыста мысалы бир кесе суў емес, дәрья болып жасаўды үйрен!


👉https://t.me/ibratli_sozler
👍22💯116
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16👏4💯21
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👏145🔥4
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍206
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍254👏2
Audio
КЕШКИ ДЕМ АЛЫС УШЫН.....

"СЕНСИЗ". ТАМАРА ДОШУМОВА

👉https://t.me/ibratli_sozler
👍95
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🌙 МИНЕ ӨТТИ ҒӘНИЙМЕТ БИР КҮН,
КИМЛЕР СЕЗДИ, КИМЛЕР СЕЗБЕДИ,
БУЛ ДҮНЬЯНЫҢ "БАХЫТ" КЕМЕСИНДЕ,
КИМЛЕР ЖҮЗДИ, КИМЛЕР ЖҮЗБЕДИ.

🌜ЖАҢА КҮН КЕЛЕДИ, ОЛДА ҒӘНИЙМЕТ,
ТИЛЕГИМ СОЛ, ХАҚҚА УМТЫЛЫП ҚАЛЫҢ!
ШЫҒАРЫП ЖҮРЕКТЕН ҒАМ-ТӘШУИШЛЕРДИ,
ОРНЫНА БАХЫТЛЫ ДЕМЛЕРДИ САЛЫҢ🙏🙏

🌙🌛🌙🌛🌙🌛🌙🌛🌙🌛🌙🌛

Түниңиз тыныш өтсин! Түн периштелери жолдасыңыз болсын! Жақсы жатып, жайлы турыңлар!!! 🌟🌟

https://t.me/ibratli_sozler
26👍10🙏5
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
​​🌱🌱🌱🌱 

🌱🌱 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ !

🌱🌱  Ассалаўма әлейкум! Шемби таңы мүбәрек болсын!

Бүгинги басланып атырған жаңа күниңиз пайызлы ҳәм берекетли болсын!

Сизди ҳәм жақынларыңызды жақсы кейпият ҳеш қашан тәрк етпесин!!!


Канал👉
https://t.me/ibratli_sozler
🙏3311🤝1
Tabalmadim +Baxadir Razimbetov https://t.me/avenmedia (TELEGRAM…
https://t.me/avenmedia (TELEGRAM KANALINDA
🌈Күниңиз кеўилли өтсин💥

🎙Бахадыр Разымбетов
🎼Табалмадым

https://t.me/ibratli_sozler
👍123
💥💥💥💥💥💥💥💥💥💥💥💥

Эй әзизим...
Ҳеш кимди ренжитпе...
Инсан денеси көп нәрсени көтереди...
Бирақ... кеўил ҳәр бир сөзди көтере алмаўы мүмкин!!

Бул өмирде биз инсанлар бир-биримизге ғаниймет екенимизди умытпай, кеўиллерге қапагершилик салмай жасайық әзизим!!



https://t.me/ibratli_sozler
🙏18👍104
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Даналық
📚

Биреўди айыплаў ушын өзиң айыпсыз болыўың керек деп айтыўдан аўлақпан. Егер сондай болғанда ҳеш ким бир-биреўди айыпламаған болар еди.
           
🪄Мишель де Монтень.
🌿🌿🌿

Әке баласына жаслайынан әдепли болыўды үйретип, өзи үлги көрсетпесе, балада гүна жоқ, барлық айып әкеде.

🪄 Юсуп Ҳас Ҳажиб.

https://t.me/ibratli_sozler
💯171
#Турмыс жолында

Гүлзийба 18 жасында орта хал шаңараққа келин болып түсти.
Шаңарақта енеси, қайниси, күйеўи жасар еди.
Қайнапасы турмыслы болып кеткен. Күйеўи бир мекемеде қараўыл болып ислер, енеси напақада еди.
Өзиде, күйеўи де орта мағлыўматлы.
Сол арада өзиде бир мекемеге сипсекеш болып жумысқа араласты. Қайниси мектеп питкерип контракт толеми тийкарында оқыўға түсти.
Гүлзийба, ҳәм күйеўи бир әмеллеп контракт толеп қайнисин оқытты. Сол арада еки перзентли болды.
Шаңарақта гейде жетиспеўшилик, урыс қағыс болып турды.
Гүлзийба олардың хеш бирин ата-анасына айтпас еди, бәрибир олардан "шыда" "оңысабер" сыяқлы гәплерди еситерин билер еди.

Енеси не деседе хеш бир қарсылықсыз "яқшы"дер, олардан сораўсыз бир сомда саўмас еди.

Арадан жыллар отти, қайниси оқыў питкерип, ЖОО оқыған қызды узатып алып келип келин қылды.
Гүлзийбаның көрмегени көп екен. Келини жас болсада өз қәдирин билер, жақсы кийим кийип, жақсы аўқатланып, қыдырыўды, қонақ шақырыўды мақул корер еди.
Булардың тапқанын үйге жумсап отырған енеси Гүлзийбаға бундайларға рухсат бермес еди.
Гүлзийбаларды қолында алып қалыўды режелестирген енеси бар қысымын, сөзин Гүлзийбаға өткерер еди тек. Балалығынан әкесинен жетим қалған өмирлик жолдасы да анасына бир аўыз сөз қарсы айта алмас еди.

Енди бул жердеги оқырманлардан Гүлзийбаның сорайжақ сораўы,. мәсләҳәти "қандай жол тутсам екен"-деген кеңес болып тур.
Я өзине болып, я балаларына болып зыят кийим я зат ала алмайды, солай етеғойса енеси ийттиң күнин басына салады.
Киши келинди айтса, ол күйеўиниң ақшасына алып атыр деп шығады, сонда булар да хадал мийнет етип пул таўып сол үйге акелип отырғаны инабатқа алынбайма хеш..?


Автордың айтып берген басынан кеширгенлерин тек қысқа етип қағазға түсириўге ҳәрекет еттим, бул қыялый тоқыма емес, жәмийетимиздеги ўақыялардан, пикирлериңизди комментте билдирип өтиң!



https://t.me/ibratli_sozler
😢1612
Күн сораўы:

Бул қайсы белгили инсанның жаслықта түскен фото сүўрети?


Жуўаплар талқылаў бөлимине👇

Дурыс жуўап кешки 18: 00де каналда жарияланады!

https://t.me/ibratli_sozler
👏122
#Фольклор

Өмир деген бир қайық

Айналып аққан Ақ Жайық,
Баратырмекен ортайып,
Ыққа қарай тез қайтар,
Өмир деген бир қайық,
Үйде, дүзде сәним жоқ,
Баратыр жасым қартайып.
Сақалым қуўдай ағарып,
Сүйегим қалған қақайып,
Перзентим жоқ изимде,
Баратыр заман тарайып,
Ийелик етер мал-ҳәлге,
Ул қалмады ылайық,
Кеўилимди ғам басты,
Жайық суўы ылайып,
Аўҳалымды сезген соң,
Баратыр душпан зорайып.
Заман маған тар болды,
Көзимниң нуры қарайып,
Ғаррының ҳалын билген соң,
Не деп айтар халайық.


Қарақалпақ фольклорынан.


https://t.me/ibratli_sozler
👏12👍82
#Жуўмақ сизден

Бир патшаның адамларды жазалаў ушын сақлайтуғын жабайы ийтлери бар еди.
Ким айыплы деп таўылса сол ийтлерге тасланар еди.
Бир күни патшаның ең садық хызметкери арзымас бир қәтеге жол қойды.
Патша ғәзеп пенен оны ийтлерге таслаң деп буйырды.
Хызметкер басын ийип патшаға мен сизге 10 жыл ҳадал ҳызмет қылдым, маған бар жоғы 10 күн мәўлет бериң деп жалынды.
Патша разы болды.
Усы 10 күн даўамында хызметкер сол жабайы ийтлерге қарады,оларды бақты,жараларын емледи,меҳир берди.
Ҳәр күни оларға ғамҳорлық етти.
Күтилген жаза күни келди.
Пүткил сарай адамлары жыйналды.
Хызметкер жабайы ийтлер арасына жазаланыў ушын тасланды.
Бирақ күтилмеген ўақыя жүз берди.
Ийтлер хызметкерге тасланбады,керисинше ийтлер хызметкердиң әтирапына жыйналып қуйрықларын қыймылдатып, жүз көзлерин жалай баслады.
Ҳәмме ҳайран болды.
Патша ғәзеп пенен мениң ийтлериме не қылдың деп бақырды.
Сонда хызметкердиң жуўабы бәршениң жүрек төрине жетип барды.
Мен оларға тек 10 күн хызмет еттим,ал олар болса қылған жақсылығымды умытпады.
Сизге болса 10 жыл садықлық пенен хызмет еттим.
Бирақ сиз бир қылған қәтемди деп ҳәммесин умыттыңыз деди....


Өмирдиң ашшы ҳақыйқаты сол екен гейбир инсанлар бир ғана жақсылығыңызды өмир бойы еслеп жүреди.
Гейбиреўлерине болса бир өмир меҳир көрсетсеңизде қәдириңизди билмейди...

🪄Өзбекшеден аўдармалаған Хапизов Қуўаныш.


Соның ушын жақсылық етип атырғаныңызда ким ушын жақсылық етип атырғаныңызды умытпаң!!!
https://t.me/ibratli_sozler
💯192
#Китап_жаңалығы
📖
Бул топлам шебер қалем ийеси Ҳүрлиман Бердиеваның қәлемине тийисли болып, елимизде жаңланыўлар жүз берип атырған бир дәўирде миллий салт дәстүрлеримиздеги айтымлардың заманагөй формаларын халқымыз нәзерине усынып отырған екенлиги әлбетте китап оқырманлары тәрепинен қызғын күтип алынары анық.
Бул китап үрп-әдет дәстүрлеримизге қызығыўшыларға, публицистика басқарыўшыларына ҳәм барлық китап оқыўшыларына усынылады.

Китап сатыўға шығарылды төмендеги номерге хабарлассаңыз болады:
88 0967412

https://t.me/ibratli_sozler
👍131
Бахытлы инсан ҳеш қашан биреўге азар бермейди, ҳәм биреўдиң өмирине араласпайды. Себеби, оның оған ўақыты жоқ..
Басқалардың өмирине араласып, кеўиллерине азар бериў бул бахытсыз ҳәм пәмсиз адамның иси!

https://t.me/ibratli_sozler
💯158👍6
Bir gu'l ko'rindide ketti...[telegram.me/qosiq]
@Qosiq[telegram.me/qosiq]
Жүреклерди шын мухаббат ҳасла тәрк етпесин!

https://t.me/ibratli_sozler
11🤩1