💥 БҮГИН МИЙЗАН АЙЫНЫҢ 4-СӘНЕСИ !
🌸🌤🍀 АССАЛАЎМА
🌤🌸🍀 АЛЕЙКУМ!!!
🌹🍃 Рәббимнинг мәрҳаматы менен берилген және бир жаңа таң, жаңа күн бәршемизге мубарек ҳәм қайырлы болсын!
🌷🍃 Илайым ҳәммениң;
🌷🍃 Кеўили ТЫНЫШЛЫҚты,
🌷🍃 Жүзлери КҮЛКИни,
🌷🍃 Шаңарағы БЕРЕКЕТти,
🌷🍃 Қалталары ДӘРАМАТты,
🌷🍃 Қәлби ИЙМАНды,
🌷🍃 Денелери САЛАМАТЛЫҚты,
🌷🍃 Жүреклери МИЙРИМди жоғалтпасын!
🍃Күниңиз берекетли ҳәм мазмунлы өтсин!🤲
Бизди бақлап барың!👇🏻
https://t.me/ibratli_sozler

❤28🙏19🔥4
Audio
🔥11👍6👏2
Audio
"Жалғыз аяқ жолларым"
(өзбек тилинде)
🎤Тамара Дошумова.
1970-1980-жыллар аралығында атқарған .
https://t.me/ibratli_sozler
(өзбек тилинде)
🎤Тамара Дошумова.
1970-1980-жыллар аралығында атқарған .
https://t.me/ibratli_sozler
👍12❤2🔥1👏1💯1
⚡️Дыққат арнаўлы оқыў курсы!
🚀 “Ilimiy jumıslarǵa járdem” каналы магистрантлар, докторантлар ҳәм еркин излениўшилер ушын арнаўлы оқыў курсын жәриялайды!
📚 Курс бағдарламасында нелер үйретиледи:
🔹 IMRAD стандарты тийкарында жергиликли ОАК (ЖАК) ҳәм халықаралық журналлар ушын сапалы мақала ҳәм тезис жазыў сырлары;
🔹 Мақалаларды баспаға жибериў процесси ҳәм зәрүр ҳүжжетлерди таярлаў (Cover Letter, рецензентлер пикирине жуўап жазыў, т.б.);
🔹 Диссертация тийкарында авторефератты сапалы таярлаў;
🔹 Жасалма интеллект ҳәм арнаўлы программалар жәрдеминде илимий стильди жақсылаў ҳәм илимий жумысты стандартқа салыў;
🔹 Әдебиятларды излеп табыў ҳәм силтемелер менен ислесиў (Citation styles).
Биз Сизге қосымша төмендеги бағдарларда әмелий жәрдем беремиз:
🔹 Диссертация, авторефератты стандартқа салыўды үйретиў, Тексттиң оригиналлығын арттырыў ҳәм илимий редакциялаў;
🔹 Мақалаларды халықаралық форматқа (LaTeX) салыў;
🔹 Илимий нәтийжелерди әмелиятқа енгизиў ҳүжжетлерин (Aкт внедрение) саўатлы таярлаў;
🔹 Сизиң тараўыңызға сай, исенимли (Scopus, Web of Science, ЖАК) журналларды анықлап бериў;
🔹 Google Scholar, ResearchGate ҳәм ORCID профиллерин ашыў ҳәм сазлаў.
⏱️ Курс даўамлылығы: 1 ай (12 сабақ).
Сабақлар 10-сентябрьден басланады
📞 Мүрәжат ушын: +998500070955 ➡️ Телеграм: @Ilimge_qaray

Telegram
Ilimiy jumıslarǵa járdem
Bul kanal ilim jolındaǵı bárshege arnalǵan.
1. Shet el jurnallarında hám JAK jurnallarında maqalalar shıǵarıw;
2. Shet el ilimpazlarınan pikir alıp beriw (avtoreferatqa);
3. Awdarma xızmeti (inglis, rus, ózbek, qazaq tilleri)
Tel.: +998500070955

❤7🔥1
#КҮН СОРАЎЫ#
... . Oл күни-туни, жазы-қысы, қалалар ҳәм аўыллардан өтеди. Oл таўлар арасында да бар, ҳәтте тоғайларда да сийрек болсада ушырасады. Ҳәзирги ўақытта аспанда да бар... Oл бурынғы заманда да, ҳәзирде бар..... Буннан кейинде болады. Oның көриниси ҳәр қыйлы; үлкен-киши, узын-қысқа , қулласы ҳәр түрли болады. Oл бир ўақыттың өзинде eки-үш ҳәм оннанда артық болыўы мүмкин..
Дыққат сораў:
Гәп не ҳаққында кетпекте??
Жуўапларыңызды саат 18-ге шекем комментарийде күтемиз!!!

👍12❤9
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
.... НАҒЫЗ "ҚАРЕКЕҢШЕ" ИНТЕРВЬЮ.
ШАМУРАТ ӨТЕМУРАТОВ.
Өзбекстан хәм Қарақалпақстан Республикалары
ХАЛЫҚ АРТИСТИ.
👉https://t.me/ibratli_sozler

👍36❤28
#ТӘРБИЯ
... Онға шыққан улыңды киси үйинен тойдырма,
Он екидеги қызыңды киси үйине қондырма.!...
Нақыл.
https://t.me/ibratli_sozler
... Онға шыққан улыңды киси үйинен тойдырма,
Он екидеги қызыңды киси үйине қондырма.!...
Нақыл.
https://t.me/ibratli_sozler
👍39💯13❤1🔥1
#ПИКИРЛЕСИУ СААТЫ#
“Социаль тармақта бир әке тәрепинен айтылған пикир”
"Әке көрген оқ жонар, ана көрген тон пишер" - демегенбе ата-баба.?!
Демек, әкесиз өскен ул "жаўынгер" бола алмайды.
Оны жаўынгер етип тәрбиялаў, хаял адамға емес.
Өзим, анамның тәрепин алып өстим. Сол ушын көп нәрселерден бос қалдым. Аналар балалар тәрбиясында бәрибир аналығы басым болып, баланың өр көкирегин қайтарып отырады.
Ал, әкелер болса өсиреди. Бир- еки қәте кемшилигине көз жумады, яки басқаша жол менен түсиндиреди.
Көп айырмашылық айтыўым мүмкин, бирақ буны хаяллар түсинбейди.
Ал ер жетип, есин таныған бала, Әкениң орнының таптырмаслығын кеш түсинеди.
Сол ушын еркек-хаял болып даўласып отырмаң.!
"Алтын шашлы хаялдан, бақа баслы ер артық." дегендей, ер азаматларыңызды, ата, әке, аға ҳәттеки 7 жас ул баланың орнын билип, жайына қойғаныңыз дурыс.
Имканы келсе, әкесиз өсирип атырған аналар, балаларыңызды ағаларына, инилерине жақын тутың.!!!
... Жоқарыдағы мақаладан келип шығып,
... ПИКИР ЕТЕЙИК ӘЗИЙЗЛЕР!?! 👇
... Расында да ер балалардың өктемлиги пәсейип баратырма???
... Хаял-қызларымыздың хәзирги уақытта ер жигитлерге хүрмет-иззети қай дәрежеде???

👍15💯14❤7
# Сиз билесизбе?
5-Қ А Л А.
1. ХОЖЕЛИ,
2. КОҢЫРАТ,
3.ШЫМБАЙ,
4.ШОРАХАН (ТОРТКУЛ),
5. ШАББАЗ (БЕРУНИЙ).
📄📊📊📉📊🗒📊🗓📊📆
Қарақалпақстан Республикасындағы қала ҳәм районлар қашан дүзилген?
Нөкис қаласы: 1932-жыл.
Қоңырат: 1927-жыл, 22-июнь
Шымбай: 1927-жыл, 3-июль
Хожели: 1927-жыл, 3-июль
Беруний: 1927-жыл, 3-июль
Төрткүл: 1927-жыл, 13-июль
Кегейли: 1928-жыл, 3-сентябрь
Мойнақ: 1931-жыл, 15-сентябрь
Тақиятас: 1953-жыл, (қайта 2017-жыл август)
Тақтакөпир: 1965-жыл, 29-декабрь
Шоманай: 1967-жыл, 9-январь
Нөкис р\н: 1968-жыл, 25-декабрь
Қанлыкөл: 1970-жыл, 7-декабрь
Қараөзек: 1975-жыл, 26-сентябрь
Елликқала: 1977-жыл, 23-февраль
Бозатаў: 1979-жыл 10-апрель (қайта 2019-жыл, сентябрь)
📓📔📓📔📓📔📓📔📓📔
#ЖЕТИ УРПАҚ:
1) белбала;
2) ақлық;
3) шаўлық;
4) қуўлық;
5) туўлық;
6) баўлық;
7)жатлық. 📒📕📒📕📒📕📒📕📗📕📗
БИЛЕМИЗ, БИРАҚ УМЫТАМЫЗ! 📗
🔔 ЖЕТИ ҒӘЗИЙНЕ!
1. СЫЙЫР- хожалықтың қассабы хәм баққалы.
2. ПАЛ ХӘРРЕ- шаңарақтың тәуиби.
3. ЖИПЕК ҚУРТЫ- қызлардың себи.
4. МАЙЖУУАЗ-қазандағы май.
5. ДИГИРМАН-ғаррының белбеуи.
6. ТОҒАЙ- имарат сүйеги, қазан оты.
7. ТАУЫҚ- хәм гөш , хәм дәрмән.
📗📘📗📘📗📘📗📘📗📘📗📘
МУСЫЛМАН АЙ АТЛАРЫ...
1.ДӘЛИУ.
2 ХУТ
3 ХАМАЛ
4 СӘУИР
5 ЖАУЗА
6 САРАТАН
7 ХӘСЕТ
8 СҮМБИЛЕ
9 МИЙЗАН
10 АҚЫРАП
11 ҚАУЫС
12.ЖЕДДИ.

👍32❤17
Гүз мәўсиминде төгилмеген жапырақ басқа жапырақлардың көзине қыянеткер, тереклердиң көзине опадар, ал мәўсимлердиң көзине итаатсыз болып көринеди.
Жағдайға ҳәмме өзи ойлағандай етип пикирлейди.
Максим Горький
https://t.me/ibratli_sozler
Жағдайға ҳәмме өзи ойлағандай етип пикирлейди.
Максим Горький
https://t.me/ibratli_sozler
❤22👍1
#КҮН СОРАУЫ# ЖУУАБЫ:
БҮГИНГИ "КҮН СОРАУЫ" РУБРИКАМЫЗДЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ:
1. "Ургенч" аккаунт ийеси.
2 Г. Исмаилова
3. Гульнара Н.....
Бәрше жеңимпазларға, белсенди қатнасқан арнамыз ағзаларына Админстрациямыз атынан
М И Н Н Е Т Д А Р Ш Ы Л Ы Қ
билдиремиз.
.... ЖУУАП... 👇
Ж О Л.
https://t.me/ibratli_sozler👈

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

👍4
КЕЛИНЛЕРДИҢ АТ ҚОЙЫУЫ -ҚАРАҚАЛПАҚҚА ЖАРАСАДЫ😊😊
Ата-ана , əсиресе ене не-не арзыу үмитлер менен келин түсиреди. Енениң əрманы-келини келиндей хызмет етсе- оны бир қулдай жумсайжақ емес-ау , тек бир халық , ағайын тууған, қоңсы -қоба алдында шаңарақ ағзаларының хүрметин жайына қойса, келинлик уазыйпаларын орынласа, үйди өз үйиндей көрип кетеғойса, ерине жыллы мүнəсибетте болса, ата-ене, бийкеш-қəйин хүрметин жайына қойса, үйге қыдырып келген қəйин апаларына жүгирип барып қағып төсек төсеп, бир күн асып кетсе еки- үш күн домалап хызмет етсе-əне болғаны соны əрман етеди, гези келгенде талапта етеди. Келинниң ийбели болыуында-ери, қайнағалары айбатлырақ болыуыныңда тəсири бар. Гей бир енелер келин түсирсе , тап қызымдай көремен дейди. Мен ол пикирге онша қосылмайман. Келин -"келин" аты менен хəммениң хəуесин келтирсин. Қай бир келинниң мийирман, өз үйине сиңисип кетиуинде-енениң шеберлигине байланыслы деп билемен. Хаялдың шаңарақ ауызбиршилигинде орны гиреули. Соның ушын енемен деген хəрбир хаял - келинди өзине үйретип алыуы-оның уқыбына байланыслы деп ойлайман.
Мен жас келинлик пайытымда үйдеги қәйнимди ең генжеси болғаны ушын "кишкентай" деп атағанман...Мине хәзир ол қәйнимниң жасы 55 те келинлери бар....олар маған :-неге атамды кишкентай дейсиз ең нәхән ириси бизиң атамғо!-деп хәзиллеседи. Менде өз гезегинде: -ол маған еле кишкентай-деп марапатлап қояман...Буннан басқа "ақ бийкеш", аппақ, сулыу,мырзаға, ортаншы" ларым көөп, қудайға шүкир...Ат қойыу сыйласықты, хүрметти асырады, соның ушын биз бенен қазақ халқында бар бундай дәстүрди хүрмет ететуғынымызда хақыйқат хәм бул бизге мақтаныш сезимин бағышлайды.
Төменде қарақалпақ келининиң ең шырайлы-сүйкимли, хеш бир елде тəкирарланбайтуғын үй ишиндеги, ауыл-елдеги адамларға хүрмети-ат қойыуына байланыслы уақыяны усынбақшыман...
... Ат қойыу əдети -келинлердиң ийбели болып, сыйласығын арттырады.Бизиң дəстүримизде келин қəйин ата, қəйин енеден тысқары қайнаға, абысын, қəйин, бийкешлердиңде аты айтылмайды. Тек ғана келин хəм оның ул-қызларының аты айтылады.
Ауылдағы ямаса ағайын-тууғандағы қəйин атасынан жасы үлкенлери ата, қəйин енесинен жасы үлкенлери "ене",ал олардан жасы кишилери куйеуиниң жасына салыстырылып, қайнаға, абысын яки"шеше", қəйин деп айтылады.
Қарақалпақларда усы ат айтылыуы бойынша илгериде бир мағлыумат оқып едим: Бир таза тускен келиншек арқанлап қойған малын жылыстырыуға барса, ауыл сыртында бир бөри қойды бауызлап атырғанын кореди хəм сол пайыт ийтинен үрккен бөри тура қашады. Қыйналып атырған қойды тапқан нəрсеси менен-ақ өзи "хадаллап" алады да, үйине жүгирип келип, қəйин атасы менен қəйин енесине болған уақыяны былай тəрийплейди: " Сарқыраманың аржағында, салдыраманың бер жағында бир улыма маңыраманы бауызлап қашты, мен харам өлмесин деп қанаманы жанамаға жанып-жанып "хадаллап" алдым"-депти.
Буны еситкен қəйин енеси менен атасы дəрриу түсинип, келинине миннетдар болған екен. БУНЫҢ МƏНИСИ: Сарқырама -Дəрябай
Салдырама- Каналбай
Улыма-Бөрибай
Маңырама-Қойлыбай
Қанама-Пышақбай
Жанама-Қайрақбай екен.
Мине бурынғы ата-бабаларымыздан киятырған дəстүримиздиң қəдирлилигиниң жəне бир дəлийли. Мине нағыз ауыл-аймақты хүрмет еткен келиншектен бир мысал...
Усы дəстүрлеримиз арқалыда басқа миллет уəкиллеринен ажыралып турамыз.
Мен өзим қайнағамның балаларын мырзаға, ортаншы, кишкене деймен, ал атамның инисиниң қызларын: Айқыз, Сулыу, Қаракөз деп атайман.Оларда "кише ха кише" деп жанын пидə қылады.
ЗУЛЬФИЯ ЖУМАНОВА
Хожели районы.

❤28💯8👍1🔥1
Ўақыт өтер уйқыласаң да, жүрсең де,
Ўақыт өтер жыласаң да, күлсең де,
Өтеди ол қуўсаңдағы қоянды,
Өтеди ол тасбақаға минсең де.
Кеңесбай Рахманов.
https://t.me/ibratli_sozler
Ўақыт өтер жыласаң да, күлсең де,
Өтеди ол қуўсаңдағы қоянды,
Өтеди ол тасбақаға минсең де.
Кеңесбай Рахманов.
https://t.me/ibratli_sozler
👍30💯12❤1🕊1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ибратлы дүнья.
📚 Устаз бәрҳәма турмыстан налып журетуғын, өзин бахытсыз есаплайтуғын шәкиртине кеседе суў узатты-да, оған бир қысым дуз араластырып, ишип көриўди буйырды.
📚Жигит устазының айтқанын иследи.
- Дəми қандай екен? - сорады устаз.
- Шорлығынан тилди ояман, дейди!
📚 Устаз шәкиртин дәрья бойына алып барды. Тағы бир қысым дуз узатар екен, деди:
- Енди буны дәрьяға таслап, суўдың мазасын татып көр.
📚 Жигит бул сапары суўды ишти.
- Шорлығы сезилдиме? Мазасы қандай екен?
- Әжайып. Шорлығы жоқ болып кетипти, улыўма сезилмеди.
📚Бул сөзлерден кеўили толған устаз нәсият етти:
- Турмыс қыйыншылықлары бир қысым дуздай гәп. Кеўилинди кең қылсан, билинбей кетеди.
📚Турмыста мысалы бир кесе суў емес, дәрья болып жасаўды үйрен!

👍17💯9❤4
Audio
👍5
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🌙 МИНЕ ӨТТИ ҒӘНИЙМЕТ БИР КҮН,
КИМЛЕР СЕЗДИ, КИМЛЕР СЕЗБЕДИ,
БУЛ ДҮНЬЯНЫҢ "БАХЫТ" КЕМЕСИНДЕ,
КИМЛЕР ЖҮЗДИ, КИМЛЕР ЖҮЗБЕДИ.
🌜ЖАҢА КҮН КЕЛЕДИ, ОЛДА ҒӘНИЙМЕТ,
ТИЛЕГИМ СОЛ, ХАҚҚА УМТЫЛЫП ҚАЛЫҢ!
ШЫҒАРЫП ЖҮРЕКТЕН ҒАМ-ТӘШУИШЛЕРДИ,
ОРНЫНА БАХЫТЛЫ ДЕМЛЕРДИ САЛЫҢ🙏🙏
🌙🌛🌙🌛🌙🌛🌙🌛🌙🌛🌙🌛
✨✨ Түниңиз тыныш өтсин! Түн периштелери жолдасыңыз болсын! Жақсы жатып, жайлы турыңлар!!! 🌟🌟

❤21👍4