🎥ШОМАНАЙ/24🎥🎥
358 subscribers
4.6K photos
635 videos
3 files
1.1K links
Ассалаўма әлейкум, хош келдиңиз!!!
Бул каналда ҳәзирги күнде болып атырған унамлы ҳәм унамсыз өзгерислер ҳаққында жәнеде районымыздағы жаңалықлар ҳаққында таныссаңыз болады.

https://www.youtube.com

https://t.me/httpsshomanay24
Download Telegram
#shomanay_qánigelestirilgen_mektebi

Shomanay rayonı qánigelestirilgen mektebi direktorınıń ruwxıy-aǵartıwshılıq isleri boyınsha orınbasarı Yu.Seydullaev “Ózbekstan Respublikası Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń 2026-jıl 19-yanvardaǵı 18-sanlı buyrıǵınıń orınlanıwın támiyinlew boyınsha mektep oqıwshılarına ádep-ikramlılıq qaǵıydaları túsindirildi.

Bunda oqıwshılarǵa qoyılatuǵın talaplar, mektepte hám mektep átirapında qanday háreket etiw kerekligi, mektepke mektep formasında waqtında keliwi hám de basqada qaǵıydalar menen tanıstırıp ótildi.

Soń mektep psixologi M.Sarsenbaeva tárepinen "Ádeplilik insan ziyneti" temasında seminar shólkemlestirdi.

https://t.me/httpsshomanay24
❤1👍1
#Шоманай_районы
#ӨзХДП_35_жыл

ӨзХДП — 35 жыл халық пенен бирге

Өзбекстан ХДП Шоманай районлық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Халық демократиялық партиясының 35 жыллығы мүнәсибети менен Шоманай районында партияда көп жыллық нәтийжели жумыс алып барған ветеранлар, белсендилери ҳәм жәмийешилик ўәкиллериниң қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Илажда ӨзХДП Шоманай районлық Кеңесиниң баслығы
Б. Сағатов ҳәм районлық Нураныйлар қорынын баслығы Д.Нийетуллаев сөзге шығып, партияның 35 жыллық даңқлы тарийхы, басып өткен жолы, жәмийетлик-сиясий турмыстағы орны ҳәм бүгинги күндеги хызметиниң тийкарғы бағдарлары ҳаққында кең мағлыўмат берип партияның идеяларын халық арасында кең түрде үгит-нәсиятлаўда, партияның абыройын артырыўда партия ветеранлары менен нураныйлардың хызмети айрықша атап көрсетилди.

Көп жыллық мийнети, берилгенлиги ҳәм партия хызметине қосқан салмақлы үлеси ушын партия ветеранлары ҳәм белсендилерине миннетдаршылық билдирилди.