Gojeproject
495 subscribers
180 photos
25 videos
37 links
Akustikalıq qosıqlar keshesi Mamanbiy Jumabaev penen Tashkent qalasında 2-may

Biletler 👉 @gojeproject_bot
Download Telegram
"Мулоқот" Халықаралық заманагөй көркем өнер жойбары

"Халықаралық музейлер күнине" арналған бул жойбарда, бир қанша илажлар болып өтеди. Хәмде биринши мәрте Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында, "Руҳсор" заманагөй көркем өнер музейиниң белсене қоллап-қуўатлаўы арқалы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейи, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик мәденияты ҳәм тарийх музейи ҳәм де, Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте болып өтеди.

Бул жойбар, визуал көркем өнер тараўындағы мәдений алмасыўлар ушын ашық майдан, ҳәрқыйлы мәмлекетлердеги жаңа көркем өнер түрлери менен танысыў, актуал мәдений ҳәм көркем өнер ҳаққындағы сораўларды додалаў, трансформация ҳәм олардың инсанның сезимлери ҳәм ўақыт пенен болған байланысларын билдиреди.

Толық мағлыўмат мына жерде
Нөкисте халықаралық Берлин кинофестивалиниң жеңимпазы “Бақыт” (2022) атлы филминиң көргизбеси болып өтеди.

Фильм Қазақстан жәмиетинде ҳаялларға болған зорлық ҳаққында. Бул тема Қарақалпақстан жәмиети ушын да бийтаныс емес ҳәм оғада актуал. Кинокөргизбени көркем-өнер таныўшы Самандар Эгамбердиев басқарады.


🗓️ 18,19- жаўза (май)
📍Maxxcafe
☎️ +998332220606
Сиз билетуғын бедиңиз?

2021-жылы Өзбекстанда өз искерлигин баслаған ең биринши манга-студия, «Tokyo group" өзиниң "Арал әрманы" деп аталған, Қарақалпақстаның Арал теңизи ҳаққындағы "фентези-саяхатлар" жанрындағы мангасын кең аудиторияға усынды. Манганы англичан, орыс ҳәм қарақалпақ тиллеринде tokyogroup.uz сайтында оқыса балады.
🔥9👍3
Бекназар Абдикамалов - қарақалпақстанлы программист. Бүгинги күнде «Hupo»(алдынғы аты «Ami Labs») компаниясиниң бас техникалық директоры.

Бекназардың өмирлик жолы 👉 https://telegra.ph/Beknazar-Abdikamalovtyң-өmirlik-zholy-05-30

Бекназар менен подкаст 👉 https://youtu.be/m-Qx888erRA
Метаго атлы финанслық пирамида туўралы қысқа ролик иследик

Ютубта көриў 👉 https://youtu.be/SflT0yheal0

Инстаграмда көриў 👉 https://www.instagram.com/reel/Cs_doh9sggo/?igshid=MmJiY2I4NDBkZg==
👍6
Телеграмда, енды сиз, художник-дизайнер ҳәм «Көз» студиясының тийкаршиси Нурлан Қалбаев басшылығындағы жаратылған, миллий сап қарақалпақша стикерлерден пайдалансаңыз болады. Өз сезим ҳәм туйғыларыңызды усы миллий стикерлер арқалы билдириң. Және де бул студия жабысқақ стикерлер(наклейка) ислеп шығарған еды. Стикерлерды усы силтемe арқалы көрсеңиз болады.
👍62
GÓJEpodkast 7 san miymanı "Yumorbek" Maxset Abdijamilov

Videonı Youtubeta kóriw

Instada
layk basıp ketiw)
👍8
Қайнаған қурбақа синдромы: қандай қылып ҳәммеси жүдә кеш болмасынан алдын, турмыс дозаққа айланып атырғанын байқаўды үйренсе балады

Толық усы жерде оқың!
Бизиң instagramǵa қосылың!
👍3
12 avgust kúni Tashkent qalasında "Qurıltay by GÓJE" atlı ilajımızdıń birinshi sanı bolıp ótedi. Bul kúni "Dóretiwshilik birlespeleri" hám qaraqalpaqsha "Sháryar" dastanı temalarına talqılaw bolıp ótedi. Aldınnan dizimnen ótiwińizdi soraymız. Dizimnen ótiw ushın @palkavvodec qa xabarlassańız boladı.

Baslanıwı: 17:00

Kiriw biypul

📍kovorking-cafe "Shake&Pear", Tashkent qalası
Adres: Alisher Navoiy kóshesi 11

12 августа в городе Ташкенте состоится первое мероприятие "Qurıltay by GÓJE". В этот день будем говорить на тему "Творческие объединения", а также проведём обсуждение каракалпакского дастана "Шарьяр". Просим пройти предварительную регистрацию написав 👉 @palkavvodec.

Начало: 17:00

Вход СВОБОДНЫЙ

📍 коворкинг-кофейня "Shake&Pear", город Ташкент
Адрес: Проспект Алишера Навои 11
👍8🔥3
"Qurıltay by GÓJE" birinshi ushırasıwınan súwretler tayar

Qatnasıwshilarǵa hám shólkemlestırıwde járdem bergenlerge minnetdarlıǵımızdı bildiremiz.

Kóbirek súwretler usi siltemede

Фотографии с первой встречи "Qurıltay by GÓJE" готовы

Благодарим участников и всех кто помог с организацией данного мероприятия!

Больше фотографий здесь
6👍3
ОЛОЛО креатив хаб тан эксклюзив мирәтнама. 🌟

Салем дослар! Сизлер ушын зор жаңалық
Саяхат қылыўға жақсы мүмкиншилик.
ОЛОЛО креатив хаб сизди ҳәм бәрше қәлеўшилерди Қырғызстан мәмлекетинде болып өтетуғын "Bus Tours of Central Asian Design Hub" саяхатына мирәт етип қалады. 🚌

Толық мағлыўмат усы жерде
👍73
Гөже подкаст 8-сан

Подкастымыздың кейинги саныда шықты. Бул рет мийманымыз жас киберспортсмен Амир Тимуров(wetfy).

Видеоны көриў ⬇️ ⬇️ ⬇️

https://linktw.in/XTiyu0
👍10
👍6
Gojeproject pinned a photo
Бүгинги ушырасыў болатуғын жер

Yandex Go taxi: Ziyo Forum
🔥1
Гөже подкаст 9-сан

Мийманға тери кеселликлери қәнигеси Гаўхар Қойлибаеваны шақырып ашықша сөйлесип алдык

Видеоны көриў ⬇️ ⬇️ ⬇️

https://youtu.be/9sGmjnui_tQ?si=sbqoBoo9VjNGPggD

#подкаст
👍103🔥1