"Ел хызметинде" газетасы
5.67K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
 
#ЖӘБИРДИ_ХАЛЫҚ_КӨРЕДИ СОЛАЙМА?...

#ГАЗ_БЕР_ШЫМБАЙ_II

 Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 7-июль 2015-жылы «Халықты тәбийғый газ бенен тәмийнлеўди жәнеде жақсылаў ҳәм тәбийғый газ басымы жетип бармайтуғын аймақлардағы халықты суйылтырылған газге масластырыў ҳәмде үзликсиз тәмийнлеў ҳаққында»ғы 2367-санлы, қарары қабыл етилген.Усы қарарға тийкар, сол дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарары, Шымбай районы ҳәкиминиң шешими қабыл етилген.Мине усы қарарда бир нешше бәнтлер нәзерде тутылған, бирақ жергиликли ҳәкимият тәрепинен «шаш ал десе, бас алып» турақлы комиссия дүзбестен, қарар талапларын терең үйренип шықпастан газ басымы қайсы елатлы пунктлерге жетип бармай атырғанлығын пуқта үйренип шықпастан, нызам талапларына муўапық халықты алдын ала жазба түрде ескертпестен газ тармағынан ажыратып таслаған.
Солай етип норматив ҳуқыйқый ҳүжжет талабын қәте орынлаған, нәтийжеде дерлик бес жылдан аслам дәўирден  берли халық жәбир шегип келмекте.
 
Д.Тәжимуратов 

👉 @el_xizmetinde
 
 
 
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Ошақтың_ҚУÝЫСЫ
#ГАЗ_БЕР_ШЫМБАЙ
#Гунгира_ошаққа_тусиндирме

Бир басшы мерекеде қонақ жерге барып гунгира ошақты көрип қызығып бул не?- деп сораған екен,сонлықтан азлы кем тусиник берип өтейик.

Бул Сиз көрип турған заттың аты
Гунгира ошақ,темир ошақ, контромарка деп аталады.
Бул ошақты садағаң кетейин толтырып 2-3 саат жақсаң азанға дейин қызыý берип турады.Көмир болса жуда жақсы.Торанғылдың,
жынғылдың жылыýы аз болғанлықтан ҳәмме жийдеге қызығады.Жийдениң жылыýы ыссылаý болып көп ýақыт турады.
Айтқандай бул ошақлар уш,бес,жети қудыққа дейин өриледи.

#Қудық_не_дейсиз бе?
Қудық- ошақтың ишиндеги оттың айланып сыртқа шығатуғын жолы !

#Усы_жанып_турған ошақ быйыл қыстан аман шықса бесинши жылын атқарады.
Себеби бул ошақ газ қырқылған жылы салынған.

Кундизди кундиз демей, тунди тун демей ошаққа отын жағып атырғанларға жоқарыда отырған басшылар не дейсиз ?...

#XXI_Әсир_2020_Жыл _ДЕКАБРЬ
#Жаӊа_Өзбекстан_жаӊаша_
дуньяқарас !!!


👉👉👉 @el_xizmetinde
#Кешки_көринис_онлайн
#Газ_бер_Шымбай

Шымбай районы, "Майжап" АПЖ.
От ошақтың басы деген усы шығар. Бир қушақ отынды қасына қойып, ошақтың қуўысында шүкиршилик қылып отырған шаңарақ ағзалары.

👉👉👉 @el_xizmetinde