ҚР СУДЛАРЫ БАСЛЫҚЛАРЫ ЖӘМИЙЕТШИЛИККЕ МӘЛИМЛЕМЕ БЕРДИ
Елимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың мазмун-мәнисин, мақсети инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери, олардың нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўдың ең әҳмийетли кепиллиги сыпатында суд ҳәкимиятының абырайын және де беккемлеў, судлардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў, оны ҳақыйқый әдиллик қорғанына айландырыў, күшли пуқаралық жәмийетин пайда етиўдеги орны ҳәм ролин күшейттириўден ибарат.
Президентимиздиң 2018-жыл 13-июлдағы “Суд-ҳуқық системасын және де жетилистириў ҳәм суд ҳәкимияты органларына исенимди асырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы Пәрманы ҳәр тәреплеме пухта ҳәм терең ойланған идеяларға тийкарланып, система абырайын асырыў, судларды қәнигелестириў менен бирге халық, оның тәғдири, ҳуқық ҳәм мәплерин нызамлы қорғаўдың жоқары көриниси болды.
Пәрманға муўапық, судлар искерлиги ҳаққында жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларын хабардар етиў мақсетинде ҳәр шеректе Қарақалпақстан Республикасы судлари баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары тәрепинен Пресс-конференция (брифинглер) өткизиў жолға қойылды.
Пәрман орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилген ис-иләжда Қарақалпақстан Республикасындағы суд баслықлары тәрепинен 2020-жылдың 9 айлығы жуўмағы бойынша әдил судлаўды әмелге асырыў барысындағы искерлиги жүзесинен мәлимлеме берилди.
Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды баслығы Гульнара Базарбаеваның мәлим етиўинше, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2020-жылдың 9 айы даўамында 954 (өткен жылы 912) шахсқа қарата 735 (өткен жылы 744) жынаят иси көрип тамамланып, өткен жылдың усындай ўақтына салыстырғанда шахслар бойынша 4,6 пайызға көбейген болса, ислер бойынша 1,2 пайызға кемейген.
Соның менен бирге, айырым аймақларда, атап айтқанда Нөкис қаласы, Беруний, Кегейли, Қанлыкөл, Қараөзек, Қоңырат, Тахтакөпир ҳәм Төрткүл районларында көбейгени көринеди.
Сондай-ақ, 2020-жылдың 9 айында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өте аӯыр жынаятларды ислеп судланған шахслар саны бир қанша кемейген болса, аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслар саны көбейген. Атап айтқанда өте аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслар усы жылы 32 (40) қурап, 20 пайызға кемейген, аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслар усы жылы 182 (174) қурап, өткен жыл менен салыстырғанда 4,6 пайызға көбейген.
Көрилген ислер бойынша мәҳәлле пуқаралар жыйыны тәрепинен 9 кепиллик хаты, жаслар аўқамы тәрепинен 8 ҳәмде ҳаял-қызлар комитети тәрепинен 2 кепиллик хатлары тийкарында судланғанларға еркинен айырыў менен байланыслы болмаған яки басқа түрдеги жеңилирек жаза шаралары қолланылған.
Жынаятшылықтын алдын алыў, көбейип атырған жынаятшылыққа қарсы гүресиў искерлигин еле де жеделлестириў, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судда көриўде жиберилип атырған кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў мақсетинде суд әмелиятын үйрениў ҳәм анализлеў жүзесинен 115 (25) улыўмаластырыўлар суд жумысы тараўлары ҳәм де жынаят ислердиң категориялары бойынша өткизилди. Нәтийжеде анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли мәмлекетлик мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге 93 (18) усыныслар киритилди. Сондай-ақ, өткизилген улыўмаластырыўлар барлық судьялар ҳәм суд хызметкерлери қатнасында додаланып, тийисли илажлар көрилди.
Судлар тәрепинен жынаят ислерди көшпели суд мәжлислеринде жәмийетшилик қатнасында талқылаў арқалы ҳалықтың кең қатламына тәрбиялық тәсир көрсетиўге ҳәм сол арқалы сәдир етилиўи мүмкин болған жынаяттың алдын алыў мақсетинде 21,1 пайызын қураған 155 жынаят ислери көшпели суд мәжилислеринде көрилген.
Сондай-ақ, судлар тәрепинен жынаяттың түп себеплери ҳәм оны келтирип шығарған бәрше шарт-шараятларын үйренип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде судта көрилген ислердиң 70,7 пайызын қураған 520 ис бойынша айрықша уйғарыўлар шығарып, кең жәмийетшиликтиң итибарын нызам бузылыўы ҳәм оның жүзеге келиўи себеплерине қаратып, оларға қарсы гүресиўге қосыў жумыслары әмелге асырылған.

Пуқараларды Конституцияға ҳәм нызамларға бойсыныў руҳында тәрбиялаў, ҳәр бир шахста нызамларға ҳәм әдеп икрамлылық қағыйдаларына ҳүрмет, миллий қадриятларға садықлық, ҳуқықбузарлықларды жек көриў сезимин оятыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, оқыў орынлары ҳәм де халық арасында улыўма 464 (723) мәртебе баянатлар қылынып, ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилген.
Ғалаба хабар қуралларында улыўма 974 (410) мәртебе, соннан телевидениеде 138 (140) мәртебе, радиода 102 (53) мәртебе еситтириўлер шөлкемлестирилип, газета ҳәм журналларда 111 (74) мәртебе мақалалар, веб-сайтларда 623 (143) мәртебе шығыўлар қылынған.
Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды баслығы К.Тариховтың мәлим етиўинше 2020-жылдың 9 айлығы жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судларының ис жүргизиўине өткен жылдан қалдық болып өткен ислер менен бирге қосып есаплағанда жәми 7.179 (2019 жылда 6.987) пуқаралық ис келип түскен. Соннан 5.498 (2019 жылда 5.297) пуқаралық ис көрип тамамланған болып, бул көрсеткиш өткен жылдың сол дәўирине салыстырғанда 201 иске, яғный 3,8 пайызға көбейген. 1.057 (2019 жылда 1.250) пуқаралық ис кейинги шерекке қалдық болып қалған.
2020 жылдың 9 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен жәми көрип тамамланған 5.498 ислерден 1.874 (2019 жылда 1.972) пуқаралық ислер көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылған болып, бул жәми көрилген ислердиң 34.1 (37,2) пайызын қурайды.
Судлар тәрепинен көрип тамамланған жәми 5.498 истен 4.227 (76,8 %) ис бойынша бийликлер шығарылған болып, соннан 3.633 (85,9 %) ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылған, 594 (14,1 %) ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған, 512 (9,4 %) ис өндиристен қысқартырылған, 759 (13,8 %) арза көрилместен қалдырылған.
Сондай-ақ, 2020 жылдың 9 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судларында жәми 2.655 (2019 жылда 3.229) суд буйрығы шығарылған. Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 574 суд буйрығына кемейген. Әсиресе, алимент өндириў ҳаққындағы суд буйрықлары саны 178 ге, салық қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы суд буйрықлары саны 69 ға кемейген.
Есабат дәўиринде көрилген ислер 2019 жылдың сол дәўири менен салыстырылғанда өзбасымшалық пенен қурылған қурылманы бузыў ҳаққында ислер 879 ға, питимлер менен байланыслы ислер 122 ге, жумысқа тиклеў ҳаққындағы ислер 99 ға, некеден ажыратыў ҳаққындағы ислер 42 ге, жер даўлары менен байланыслы ислер 11 ге, ата-аналық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы ислер 2 ге көбейген болса, айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислер 553 ге, өзбасымшалық пенен қурылған қурылманы бузыў менен байланыслы болмаған меншик ҳуқықы менен байланыслы ислер 136 ға, әкеликти белгилеў ҳаққында ислер 26 ға, үй-жай менен байланыслы ислер 19 ға, ис ҳақы өндириў ҳаққындағы ислер 12 ге, мүлкти хатлаўдан шығарыў ҳаққындағы ислер 12 ге кемейген.
Некеден ажыратыў ҳаққындағы ислер бойынша статистикалық мағлыўматларды толықрақ келтиретуғын болсақ, 2020 жылдың 9 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен бундай мазмундағы даўа арзаларға тийкар жәми 1.870 (2019 жылда 2.054) пуқаралық ис қозғатылған. Усы дәўирде судлардың өндирисинде болған 1.256 (1.214) ис көрип тамамланып, соннан 1018 (957) ис бойынша бийлик шығарылған, 753 (772) ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылған, 265 (185) ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған, 161 (181) ис ис жүргизиўден қысқартылған, 77 (76) арза көрилместен қалдырылған. Буннан айтыўымыз мүмкин, судлар тәрепинен 503 ис бойынша шаңарақлар сақлап қалынған болса, 753 некеден ажыратыў ҳаққында қарар қабыл етилген.

2020 жылдың 9 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары судьялары тәрепинен судтың ис режеси бойынша ҳәм ис режеден тысқары пукараларға әдил судлаўды әмелге асырыўдың барысы, суд искерлигине байланыслы мәселелер, сондай-ақ халықтың ҳуқықый саўатлылығын асырыў мақсетинде жәми 48 (2019 жылда 145) мәрте халық арасында ушырасыўлар өткерилген, 72 (2019 жылда 92) мәрте ғалаба хабар қураллары арқалы шығыўлар әмелге асырылып, соннан телевидениеде 25 (2019 жылда 39) мәрте, радиода 28 (2019 жылда 36) мәрте шығыўлар әмелге асырылған, газетада 13 (2019 жылда 17) мәрте мақалалар жәрияланған, 6 мәрте веб-сайт ҳәм басқа ғалаба қуралларында шығыўлар әмелге асырылған.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды тәрепинен 2020 жылдың 9 айы даўамында ҳәр қыйлы категориядағы ислер бойынша жәми 20 (2019 жылда 9) мәрте суд әмелиятын улыўмаластырыўлар өткизилген.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы А.Адиловтың мәлим етиўинше 2020-жылдың 9 айлығы жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм район (қала) ҳәкимшилик судлары тәрепинен 2020-жыл 9 айлығы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бойынша бирқанша ислер әмелге асырылды.
Атап айтқанда, 2019-жылдың 9 айы даўамында судлар тәрепинен 17.084 шахстың қарсысындағы 15.051 ҳәкимшилик ислери көрип тамамлаған болса, бул көрсеткиш, усы жылдың 9 айында 13.110 шахстың қарсысындағы 11.360 ҳәкимшилик исти қурап, тамамланған ислер саны 3.691 ге, жуўапкершиликке тартылған шахслар саны болса 3.974 ге кемейген.
Соннан, 2019-жылдың 9 айында 11.114 шахстың қарсысындағы 9.965 ҳәкимшилик ис бойынша ҳуқықбузыўшыларға жаза қолланыў ҳаққында қарарлар шығарылған болса, усы жылдың 9 айында 9.469 шахстың қарсысындағы 8.339 ҳәкимшилик ис бойынша ҳуқықбузыўшыларға жаза қолланыў ҳаққында қарарлар шығарылған.
Бул көрсеткиш өткен жыл менен салыстырғанда ҳуқықбузыўшыларға жаза қолланыў ҳаққында қарарлар шығарылған ислер 1.645 шахстың қарсысындағы 1.626 иске кемейген.
2019-жылдың 9 айында 5.970 шахстың қарсысындағы 5.086 ҳәкимшилик ис өндиристен қысқартылған болса, усы жылдың 9 айында 3.641 шахстың қарсысындағы 3.021 ҳәкимшилик ис өндиристен қысқартылып, ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилген.
Өткен жылдың 9 айы даўамында ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған улыўма 11.114 шахстан 9.612 яки 86,5 пайыз жәрийма, 126 шахсқа яки 1,1 пайыз арнаўлы ҳуқықтан айырыў, 1.375 шахсқа яки 12,3 пайыз ҳәкимшилик қамақ жаза шаралары қолланылған болса, 2020-жылдың 9 айында ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған улыўма 9.469 шахстан 7.906 яки 83,5 пайыз жәрийма, 30 шахсқа яки 0,3 пайыз арнаўлы ҳуқықтан айырыў, 1.533 шахсқа яки 16,1 пайыз ҳәкимшилик қамақ жаза шаралары қолланылған.
Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда жәрийма жазасы 1.706 шахс, яғный 3,0 пайызға, арнаўлы ҳуқықтан айырыў жазасы 96 шахс, яғный 0,8 пайызға кемейген болса, ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылғанлар 158 шахсқа яғный 3,8 пайызға көбейгенлиги көринеди.
2020-жылдың 9 айы даўамында жаза тайынланып қарар шығарылған 9.469 (11.114) шахстан 4.280 (5.386) шахсқа яғный 45,2 (48,5) пайызына ҲЖҳКниң 33-статьясы қолланылған ҳалда айыпланып атырған статьялар санкциясында көрсетилген жазадан жеңилирек жаза тайынланған.
Буннан тысқары, 2020-жылдың 9 айы даўамында биринши басқыш судлары тәрепинен жәми 1.394 материал көрип шығылып, соннан 1.234 материал бойынша илтимаснамалар қанаатландырылған болса, 160 илтимаснама қанаатландырылмастан қалдырылған.
Соннан, транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырыў мүддетин қысқартыўға байланыслы илтимаснамалар бойынша жәми 546 материал көрип тамамланған болып, соннан 480 илтимаснама қанаатландырылған, 66 илтимаснама қанаатландырылмастан қалдырылған.
Буннан да басқа, усы дәўир даўамында карантин қағыйдаларын бузыў менен байланыслы жәми 720 шахстың қарсысындағы 583 ис көрилип тамамланған.
Көрип тамамланған ислерден:
117 шахс ҳаял-қызлар,
2 шахс жас өспирим,
26 шахс 60 жастан асқанлар.

Соннан ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған улыўма 698 шахстан 397 яки 56,8 пайыз жәрийма, 301 шахсқа яки 43,1 пайыз ҳәкимшилик қамақ жаза шаралары қолланылған.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм район (қала) ҳәкимшилик судлары тәрепинен ҳәкимшилик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәмде олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) жүзесинен жәми 520 (763) ис көрилген болса, соннан 365 (558) ис бойынша пуқаралардың мүрәжәәтлери қанаатлантырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди.
Ғалаба-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша анықланған нызам бузылыў жағдайлары бойынша 194 (214) айрықша уйғарыўлар шығарылып, нәтийжеде 2 (3) шахстың қарсысына интизамий жаза шарасы қолланылды.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәмде район (қала) ҳәкимшилик судлары тәрепинен халықтың ҳуқықый мәдениятын асырыў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мақсетинде кәрхана, мекеме-шөлкемлерде, оқыў орынлары ҳәмде халық арасында улыўма 413 (1.025) мәртебе баянатлар қылынып, ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилди.
Ғалаба хабар қуралларында улыўма 578 (345) мәртебе, соннан телевидениеде 109 (105) мәретебе көрсетиў, радиода 97 (70) мәретебе еситтириўлер шөлкемлестирилип, газета ҳәм журналларда 68 (75) ҳәмде Веб-сайт ҳәм басқада ғалаба хабар қуралларында 304 (95) мәрте мақалалар жәрияланды.
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды баслығы Г.Зарипованың мәлимлемеси бойынша, 2020-жыл 9 айлығы даўамында Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен 3.029 (2019-жылдың 9-айы даўамында 5.135) экономикалық ислери көрилген болып, усы көрсеткиш 2019 жылдың 9-айы менен салыстырғанда 2.106 иске 41,1 пайызға кемейген. Соннан, суд буйрығы тәртибинде 17 (475) ис, әпиўайыластырылған тәртипте 192 (80) ис көрилди. Жәми 178 (2.478) даўа арза (арза) электрон түринде келип түсти.
Көрилген ислердиң ис категориясына қарағанда:
Пуқаралық ҳуқықый қатнасықлары менен байланыслы 2166 (1562), ҳәкимшилик-ҳуқықый қатнасықлары менен байланыслы 643 (3242), кәрханалар ҳәм пуқаралардың банкротлығы менен байланыслы 210 (308), корпоратив қатнасықлары менен байланыслы 10 (22) ислер көрип шығылды.
Пуқаралық ҳуқықый қатнасықлары менен байланыслы даўлар тийкарынан кредит шәртнамасынан 677 ис (176), өним жеткерип бериў шәртнамасынан 483 ис (251), контрактация шәртнамасынан 425 ис (109), коммунал хызмет көрсетиў шәртнамасынан 105 ис (231), алды-сатты шәртнамасынан 89 ис (108), ҳақ есесине хызмет көрсетиў шәртнамасынан 76 ис (229), пудрат шәртнамасынан 47 ис (71), ижара шәртнамасынан 20 ис (34), жүк тасыў шәртнамасынан 20 ис (33), қарыз шәртнамасынан 8 ис (7), лизинг шәртнамасынан 29 ис (18), банк аманаты ҳәм есап-китап шәртнамасынан 5 ис (2), қамсызландырыў шәртнамасынан 4 ис (9), кепиллик шәртнамасынан 17 ис (1) ҳәм басқа шәртнамалардан 54 ис (9) келип шыққан.
Ҳәкимшилик-ҳуқықый қатнасықлардан келип шыққан даўларды тийкарынан салық қарызын қарыздардың мал-мүлкине қаратыў ҳаққындағы ислер 182 ис (2051) қурайды.
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судларында киши бизнес субъектлери ҳәм жеке исбилерменлер даўагерлигинде жәми 502 ис, ал дийхан ҳәм фермер хожалықларының даўагерлигинде 116 ис көрилген
Суд мәжлислериниң тәрбиялық ҳәм профилактикалық әҳмийетин асырыў мақсетинде судьялар тәрепинен 1.536 (3.441) ис, яғный көрилген ислердиң 50,1 пайызы көшпели суд мәжлислеринде көрип шығылды.
Шәртнама шәртлерин ҳәм төлеў интизамын бузған хожалық жүргизиўши субъектлердиң лаўазымлы шахсларына усы жылдың 9 айы даўамында 12 (16) ҳәкимшилик, 22 (16) материаллық, 52 (42) интизамий жуўапкершиликке тартыў ҳаққында ҳәм 12 (6) басқа түрдеги, жәми 98 (80) суд тәсир шаралары қолланылған болып, усы көрсеткиш 2019-жылдың 9-айы менен салыстырғанда 18 ге яки 18,3 пайызға кѳбейген.
Сондай-ақ, республика бюджетине 4 млрд. 351 млн. (8. млрд. 783 млн.) сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилип, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда бул көрсеткиш 4 млрд. 432 млн. сўмға кемейген.

Ихтиярый төленген мәмлекетлик бажы пул муғдары биринши инстанция судында 793 млн. (915 млн.) сўмды қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 122 млн. сўмға кемейген.
Банкрот деп табылған 195 (305) кәрхананың бүгинги күнде 154 (183)и мәмлекетлик дизимнен шығарылды.
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары судьялары “Орынларда машқалаларды шешиў ушын халық пенен ашық пикирлесиўлер, сондай-ақ судьялар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў процесслери, халық пенен пикирлесиў нәтийжелери ҳәм суд жумысларына тийисли басқада мәселелери ҳаққында ғалаба хабар қуралларында шығыўлары” Дәстүри тийкарында халық пенен 76 (235) мәрте ушырасыўлар өткерилди.
Ғалаба хабар қуралларында жәми 311 (184) мәрте шығыўлар әмелге асырылып, соннан 41 (39) мәрте телевидениеде, 70 (62) мәрте радиода,
76 (62) мәрте газеталарда, 3 (7) мәрте журналларда, 121 (14) веб-сайтларда шығылды.
Сондай-ақ, суд баслықлары Пресс конференцияда (брифингта) қатнасыўшылар ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен берилген сораўларға толық жуўап бериў менен бирге, жынаятшылық ҳәм хуқықбузарлыққа қарсы гуресиў, “Мениң мәҳәллем-мениң судьям” ураны тийкарында алып барылып атырған угит-нәсият жумыслары, сондай-ақ, көшпели суд мәлислеринде журналистлердиң қатнасыўын тәмийинлеў әҳмийети ҳәм орны хаққында айтып өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы
судлары
@el_xizmetinde

ШАҒЫМ ТҮСТИ...
Тақыятас районында бир нешше ўақыттан берли пуқаралардың мүрәжатлары бойынша жумыс алып барып атырмыз.
Бирақ тилекке қарсы, бүгин, Өзбекстан Республикасы Президентине “Ел хызметинде” газетасын жабыўды сорап шағым менен мүрәжат етилген.
Шағым бойынша айтсақ, пуқаралардың мүрәжатларына усы күнге шекем бир неше мәмлекетлик басқарыў органлары бийпарўалық пенен жуўап берген, ал бизлер болса керисинше пуқаралардың нызамлы ҳуқықын тиклеп бердик.
Бирақ, бир пуқара мүрәжат жуўабын оқып шықпай турып газета лицензиясын бийкар етиўди сораған.
Пуқара телеграм канал арқалы редакцияны халық душпаны деп, парахорлықта айыплаған. Соныда еслетип өтпекшимен, газетамыз бийпул, биз бирде бир шахсқа пуллы жазылыўды усыныс етип көрмедик, хызмет сапарлар қалтамыздан.
Бул күнлеримиз тарийх сол ушын жала дөҳмет етпеўди сорап қаламыз.
👉👉👉 @el_xizmetinde

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Районда
Елликқала районында үлкен жойбар жумыс баслаған, жойбардың мақсети аўыл хожалығына суў жеткерип бериў болып есапланады.
Тилекке қарсы усы жойбар деп, бир нешше тораңғыл ҳәм басқада тереклерди нызамсыз түрде кесип таслаған, нәтийжеде тәбиятқа анағурлым зыян жеткерилген.
Биз, бүгин жойбар жумысын тоқтатыўға еристик, келешекте ана тәбиятымызға келтирген зыянды өндириў иләжларын алып барамыз.

#Онлайн
Қарақалпақ миллетиниң устинен сөгис жарыялаған шахсқа қандай шара қолланғанын билиý мақсетинде
"Ел хызметинде" газетасы бас редакторы Д.Тажимуратов ҳәм газета журналисти С.Зияев Қашқадарья ýалаятына жетип барды. Тез арада толық видеолар менен таныстырамыз...

#Ҳәмме_КЕШИРИМ_сорады
#Ҳуқықбузар_өз_жазасын_алды
Қарақалпақ миллетин сөккен шахс өз жазасын алды.
"Ел хызметинде" газетасы бас редакторы Д.Тажимуратов ҳәм газета журналисти С.Зияев Қашқадәрья ўәлаятына болған сапары өз жуýмағына жетти.
Анықланыýынша бул сөгистиң келип шығыýына хуқықбузардың қарақалпақ жигити менен өз ара келиспеушилиги себеп болған.

БАС КЕСПЕК БОЛСА ДА, ТИЛ КЕСПЕК ЖОҚ…
Ата-бабада “алдын қырдым дегенде, арты гүўлеп басады, артын қырдым дегенде, алды және басады” дегендей, үстимнен күнде арза түсип, бир күни прокуратура, бир күни ишки ислер бөлиминен қоңыраў болып шақырып атыр.
Қызық жери, ишки ислер органы баслығы үстинен пуқара мәпин гөзлеп арыз етсең, бирақ, арадан бир-еки күн өтпей сол шахс атына түсиник хат жазсаң қолайсыз болады екен. Бирақ, ҳуқық қорғаў органлары өзиниң кәсиплик антына садық қалатуғынлығына исенимим кәмил.
Арза ийелерине бир зат айтқым келеди – мен қорқыў деген сезимди жақсы жеңемен, себеби қорқыў – шайтанның досты.
Мен салы бойынша ҳақыйқатлықларды, тест сынақларына телефон яки басқа да қуралларды алып киргенде көз жумыўшылық болған жағдайларын, айыпсыз шахсты руўхый ҳәм неврология диспансерине (жиллиханаға) жатқарған (тыққан) қусаған фактлердиң барлығын каналымда шығараман. Бас кеспек бар болса да, тил кеспек жоқ...
Әкежаным айтар еди: “балам, жалғыз аттың шаңы шықпас деген, сен ҳақыйқат дей берме, қойсаңо” деп. Сонда мен мынадай жуўап берер едим: “егер шаңы шықпайды деп мен тилимди тислесем, сен индемесең, ол үнсиз қалса, басқа ким айтады? Сонда әкежаным күлимсиреп арқамнан қағып қояр еди. Назым Ҳикметтиң де сондай гәпи бар емес пе: Мен жанбасам, сен жанбасаң, ол жанбаса серпилер түнек ким қашан?
Газетаға мүрәжат еткен пуқараларға соны айтар едим: “жыланнан қорқып жасасаң жылан шағып өлтирер” деген. Мен Сизлердиң ҳәр бириңиздиң дәртиңизди өзимниң дәртим деп билемен.
Айбек деген жорам қоңыраў етти: Дәўлет жора, жылланның қуйрығын баспаса, деди. Мен оған: жора, жыланның қуйрығын да, басын да басаман, дедим. Бас кеспек бар болса да, тил кеспек жоқ...
Д.Тәжимуратов

📣
Халқара әҳимийетке ийе А380 "Ғузор-Бухора-Нукус-Бейнеу" автомобил жолының 60 км бөлими, яғный 619-679 км бөлими Беруний районы аймағынан өткен.
Усы жолда жайласқан халқаралық аҳимийетке ийе көпирдиң аҳýалы аýыр жағдайда турыпты.Бул көпирдиң бугинги көриниси бойынша Беруний районы ҳәкими А.Сапарбаев ҚР Министрлер қеңеси баслығы атына,тийисли шөлкемлерге әмелий жардем сорап хат пенен муражат қылған.
Бырақта бул көпирде ҳеш қандай жумыслар алып барылмаған!
Толық мағлыýмат пенен тез арада таныстырамыз.

Forwarded from ҚР ЖИБ судининг ҳуқуқий ахборот канали (Қорақалпоғистон Республикаси жиноят ишлари бўйича суди) (4G)
БЕКИМБЕТОВ МАХСЕТ АДИЛХАНОВИЧ –
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2020-жыл 06-ноябрь күнги №136 – санлы Президиум қарары менен Нөкис қаласы жынаят ислери бойынша судының судьясы лаўазымына тайынланды.
М.Бекимбетов бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир район ҳәкимшилик судының баслығы лаўазымында ислеп келген.
М.Бекимбетов 1983-жылы 19-февраль күни Шоманай районында туўылған. Миллети қарақалпақ. 2005-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университети бакалавр бағдарын, 2008-жылы магистратура басқышын тамамлаған. Мийнет жолын 2008-жылы Жынаят ислери бойынша Шымбай район судының кеңсе меңгериўшиси лаўазымында ислеп баслаған.
https://t.me/qrjibsudixuquqiyaxborot