"Ел хызметинде" газетасы
5.8K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
#Газета_Кунделигинен

#Хәким_орынбасары_хәм_шофёр

Бир куни газета бас редакторы Д.Тажимуратов таң азанда қол телефоныма қоңыраý етти.
Саатқа қарасам таңғы (6_00) ýақты.
-Султанбек тез тур,районға (атын жазбадым) кетиýимиз керек жол алыс, жумыс ýақтына жетип барайық,хәзир сени уйиңнен алып кетемен.
Қыстың куни,кун суýық,одан қалса қар жуқалап жаýған екен.
Сонда да биз нийетимизден қайтпай Д.Тажимуратовтың машинасы менен жолға атландық.
Жол тайғанақ болсада аман саý уш сааттай жол журип жеттик.
Хәкимиятқа бардық,қарасақ хәким өзиниң орынбасарын жүмыстан шетлетип,жумыс ханасының гилтлеринде алмастырып тастаған екен.
Д.Тажимуратов хәким менен бул мәселеде сөйлесиýлер алып барды.Бирақ хәким алып қашпай жуýап бергенлиги себепли,бул исти хатқа тусирмесек болмады деди-Д.Тажимуратов.
Бизлер пайтахтқа сол куни қайттық.
Кун болса қатты суýық...
Д.Тажимуратов хәким орынбасарының хақ хуқықларын қорғап жоқары турыýшы органларға хат шығарды.
Арадан ýақыт өтип және сол районға усы тема бойынша бардық.
Усы барғанымызда хәким орынбасарын жумысына әлбетте қайта тиклеймиз,себеби қолымызда толық хужжетлер бар деп,-Д.Тажимуратов исеним менен айтты.Жол жөнекей әнгиме қурып районғада жетип келдик.
Жумысқа кирисип кеттик.
Бизлер өз ýазыйпамызды болып,пайтахтқа асығыслық пенен қайттық,себеби және бир районға барыýымыз керек еди...
Арадан уш кун ýақыт өтип,сол хәким орынбасарынан қоңыраý болды.
-Жумысымды қайта басладым,өз жумыс ханамды алдым,шофёрымда жумыста қалды,-рахмет сизлерге деп телефонды жаýды.
Мен бул хош хабарды Д.Тажимуратовқа жеткердим.
Олда бул хабарды еситип өз мийнетиниң жемисине қуýанды,себеби ол бир хәким орынбасарын хәм шофёрын жумыстан босатылыýының алдын алды.

Енди қызық айтайын,арадан көп ýақытлар өтипте кетти...
Бир куни усы районлық жумысымыз шығып,сол хәким орынбасарына қоңыраý етсек,дурыслы сөйлескисиде келмейди, бир куни көрип қалғанымда хәтте итибарда аýдарған жоқ.

Гәптиң узыннан қысқасы сол хәким орынбасары хәм шофёры өз жумысында.
Бирақ олардың жумыста қалыýы ушын Д.Тажимуратовтың хызметлерин олар әлле қашан умытып кеткен...

#Газета_кунделигинен_2020_13_декабрь

"Ел хызметинде" газетасы кунделигинен еске тусириýлер...

👉👉👉 @el_xizmetinde