"Ел хызметинде" газетасы
5.8K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
#Газета_Кунделигинен

#Хәким_орынбасары_хәм_шофёр

Бир куни газета бас редакторы Д.Тажимуратов таң азанда қол телефоныма қоңыраý етти.
Саатқа қарасам таңғы (6_00) ýақты.
-Султанбек тез тур,районға (атын жазбадым) кетиýимиз керек жол алыс, жумыс ýақтына жетип барайық,хәзир сени уйиңнен алып кетемен.
Қыстың куни,кун суýық,одан қалса қар жуқалап жаýған екен.
Сонда да биз нийетимизден қайтпай Д.Тажимуратовтың машинасы менен жолға атландық.
Жол тайғанақ болсада аман саý уш сааттай жол журип жеттик.
Хәкимиятқа бардық,қарасақ хәким өзиниң орынбасарын жүмыстан шетлетип,жумыс ханасының гилтлеринде алмастырып тастаған екен.
Д.Тажимуратов хәким менен бул мәселеде сөйлесиýлер алып барды.Бирақ хәким алып қашпай жуýап бергенлиги себепли,бул исти хатқа тусирмесек болмады деди-Д.Тажимуратов.
Бизлер пайтахтқа сол куни қайттық.
Кун болса қатты суýық...
Д.Тажимуратов хәким орынбасарының хақ хуқықларын қорғап жоқары турыýшы органларға хат шығарды.
Арадан ýақыт өтип және сол районға усы тема бойынша бардық.
Усы барғанымызда хәким орынбасарын жумысына әлбетте қайта тиклеймиз,себеби қолымызда толық хужжетлер бар деп,-Д.Тажимуратов исеним менен айтты.Жол жөнекей әнгиме қурып районғада жетип келдик.
Жумысқа кирисип кеттик.
Бизлер өз ýазыйпамызды болып,пайтахтқа асығыслық пенен қайттық,себеби және бир районға барыýымыз керек еди...
Арадан уш кун ýақыт өтип,сол хәким орынбасарынан қоңыраý болды.
-Жумысымды қайта басладым,өз жумыс ханамды алдым,шофёрымда жумыста қалды,-рахмет сизлерге деп телефонды жаýды.
Мен бул хош хабарды Д.Тажимуратовқа жеткердим.
Олда бул хабарды еситип өз мийнетиниң жемисине қуýанды,себеби ол бир хәким орынбасарын хәм шофёрын жумыстан босатылыýының алдын алды.

Енди қызық айтайын,арадан көп ýақытлар өтипте кетти...
Бир куни усы районлық жумысымыз шығып,сол хәким орынбасарына қоңыраý етсек,дурыслы сөйлескисиде келмейди, бир куни көрип қалғанымда хәтте итибарда аýдарған жоқ.

Гәптиң узыннан қысқасы сол хәким орынбасары хәм шофёры өз жумысында.
Бирақ олардың жумыста қалыýы ушын Д.Тажимуратовтың хызметлерин олар әлле қашан умытып кеткен...

#Газета_кунделигинен_2020_13_декабрь

"Ел хызметинде" газетасы кунделигинен еске тусириýлер...

👉👉👉 @el_xizmetinde
ЖУМЫСҚА МӘРҲАМАТ!

"Ел хызметинде" газетасы 20-45 жас арасындағы тәжирийбели журналист ҳәм техник хызметкерлерди жумысқа шақырады.

Жумыс 5 күнлик. Айлық 1 миллион сумнан басланады. Офис, авторанспорт, зәрүр техника қураллары менен тәмийинленеди.

Талап:
- Жоқары мағлыўматлы болыўы (SMM менеджерликке, операторлыққа орта мағлыўматлы да бола береди);

- Журналистика тараўында жумыс тәжирийбеси яки уқыбы бар болыўы;

- орынлардан жедел репортаж таярлай билиўи, жаңалықларды оператив сәўлелендире алыўы;

- қарақалпақ, өзбек тиллеринде материаллар таярлай алыўы (орыс, инглис тилин билетуғынларға үстемлик бериледи);

- журналистлик дөретиўшиликке байланыслы компьютер программаларын (тийкарынан видеомонтажлаў программаларын, Word программасы билиўи ҳәм Интернетте ислей алыўы керек. Photoshop, Tilda, Canva, Videoconverter программаларын билгенге үстемлик бериледи) меңгерген болыўы тийис.

Жумыс орынлары:

редактор, хабаршы, SММ менеджер, оператор.

Аралықтан турып ислеў имканияты да бар.

Талабанлардың резюмелери ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәриялаған материаллары 2021-жыл 20-августқа шекем elxizmetinde@mail.ru электрон почтасында қабыл етиледи.
#Тезкор_тадбир

Орол табиатни муҳофаза қилиш прокуратураси, Қорақалпоғистон Республикаси Экология ва атроф муҳитни муҳофаза қилиш қўмитасининг назорат инспекцияси, Қорақалпоғистон Республикаси Миллий гвардия бошқармаси ҳарбий хизматчилари билан биргаликда Тўрткўл тумани Мискин назорат масканида ўтказилган назорат тадбири натижасида 4 нафар фуқаролар томонидан ноқонуний равишда давлат захира еридан саксовул ўсимлигини чопиб олинган қонунбузилиш ҳолатлари аниқланди. Ҳолат юзасидан қонунбузар фуқароларга нисбатан тегишли ҳужжатлар расмийлаштирилиб, Маъмурий Жавобгарлик тўғрисидаги Кодекснинг 79-моддаси 1-қисмига асосан жами 6 125 000 жарима ва табиатга етказилган
11 662 000 зарарни қоплаш учун даъво ҳисобланди.
⚡️⚡️⚡️ IELTS, INGLIS hám TÚRK tillerinen tayarlıq!

🔥- IELTS;

🇬🇧 - INGLIS TILI (bakalavriaturaǵa, magistraturaǵa, doktoranturaǵa kiriwshiler hámde barlıq qálewshiler ushın tayarlıq);

- 🇹🇷 TÚRK TILI boyınsha (TÖMER) tayarlaymız (Túrkiya universitetlerine oqıwǵa kiriwshilerdi).

Túrk tilinen bizde tayarlanǵan oqıwshılarǵa Túrkiya universitetlerine oqıwǵa kiriwine biypul másláhát hám ámeliy járdem beremiz.

🎓Toparlar 15-avgusttan ashıladı. Asıǵıń! Orınlar sanı sheklengen.

Mánzil: Nókis qalası, A.Dosnazarov kóshesi, 114-jay. Abu Ali ibn Sina atındaǵı Jámiyetlik salamatlıq texnikumı (1-sanlı medkolledj).

☎️:
+998999508248 (Muqaddes);

Telegram: @arholy

Telegram: https://t.me/shet_elde_talim
allayar.docx
190.6 KB
"Аллаяр" тарийхый роман.

Автор: Бекназар Ерназаров

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
ЕСЛЕУ

Ески дәуирдеги адамлар хәр бир сөзди астарлап сөйлейтин болған мәселен "Аспанда Қудай жерде Қарлыбай" деген әпсанауий шахстын студентлери оның бир гәпине түсинсе бир гәпине түсинбейтин болған.
"Сыйырдың үстине ешек деп минсең өңкелейдиғо баламау" дейди екен.
Мине усы сөзге студентлер түсинбей жүретин болған.
Және бир мысалы атын айтыу шәрт емес бир жасы үлкен аға ректор алдына кирип ал қозшым мениң балам өз күши менен экзаменнен еки алған екен соған бир санды қосыа үш етип оқыуға киритсек қалай болар екен депти.
Әне астарлап сөйлеу деген хәзир бундай сөйлейтин бирде бир адамды тауалмайсаң.
Буның изи жақсылыққа алып келмейди.
НЕ БОЛЫП АТЫР

Тап жаңа Д.Тәжимуратовқа бир өгиздей жигит хүжим еткен, қасында еки жигит бар ал Д.Тәжимуратов бир өзи, олар жаға жыртысқан, хайран қалатын жерим бир нешше пуқаралар жыйналып қалған олар төбелести тоқтатыу орнына қызыққа телефонға видео етип түсирген бирақ Дамаста өтип баратырған еки үш жигит айырған хәм төбелести тоқтатқан.
Нөкис қалалық ИИБ хызметкери Аллаяр Төрениязовқа рахмет оператив хәрекет еткен.
Бийабирейшилик деген демде екен.

Тимур Бестөбе
"ҒАРҒАЛАР" ҲӘМ "БҮЛБИЛ" УРЫСЫ

Кимлердиң- жалланған малайы,
Былғама, қолыңды хақ қанға,
Өтмиште сендейдиң талайы,
Айтыңлар абырой тапқанба?

Жүргизбей кемесин өрлерге
Киргизе жақсыз ба?... гөрлерге,
Мың нәлет! сизлердей қасқырдың,
Терисин жамылған ерлерге.

Жабылған жалғызға төрт- беси,
Халқым-аў, айтыңлар, о неси?
Санайма?... жаўызлар, өзлерин,
Деп: бизлер жигиттиң төреси.

Жалғыздың жары, ол, Қудай бил,
"Ғарғалар":- ығына қулай бил,
Халықтың жыртығын, әўел-ҳа
Сол "Бүлбил" киби бир қурай бил.

"Ғарғалар" хәм "Бүлбил" урысы,
Нахақлық... емеспе турысы?
О, азған адамнан, малғунлар
Бәдбашар түрлериң қурысын.

"Бүлбил" ол, абырой арттырған,
Наҳақтың танаўын тарттырған,
Болмаңлар: деп жүрип, шерменде,
"Желкеңе шиңгирик шаптырсам"!

Қозғамаң ғәзебин халықтың,
" Ғарғалар" зоболаң салып дым,
Қорғайды:- "Бүлбил"ин, ел деген,
Көрсеткен ушқынын жарықтың!

Ақшолпан Аманияз

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығы орынбасары С.Ерниязовтың нызамға қайшы буйрығы үстинен наразы болған исбилермен сергиздан болды.
Салықшылар нызамға қайшы тексериу өткерди.
Ел хызметинде газетасы, буннан тысқары бизнес омбудсман, сауда санаат палатасы бул хәрекетке тыйым салыуға хәрекет етти.
Исбилерменниң хуқықы суд тәрепинен тикленди.
Қууанышы шексиз болған исбилермен хәкимшилик хәм жынаят судларына миннетдаршылық хат жоллады.
Мойнақ районы Әлий аўылындағы ишки хожалық жолларында оӊлаў жумыслары алып барылып атыр

Республикамыздыӊ барлық аймақларында «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы шеӊберинде кеӊ көлемли қурылыс-оӊлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып атыр. Бул бағдарда Мойнақ районы аймағындағы жумыслардыӊ нәтийжели алып барылыўында районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасыныӊ үлеси салмақлы. Райондағы Бозатаў, Ҳәким ата, Қазақдәрья аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларындағы ишки хожалық жоллары мәмлекетлик бағдарлама шеӊберинде оӊлаў жумыслары жүргизилмекте. Буннан тысқары Мойнақ районы жергиликли бюджет қаржылары есабынан да ишки хожалық жолларына кириўши 3 көшеде оӊлаў жумыслары алып барылмақта.

Буннан алдын Қоӊырат-Мойнақ жөнелисиндеги автомобиль жолында ҳәм «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында ишки жолларда оңлаў жумыслары алып барылып атырғаны ҳаққында хабар берген едик.
Сайлаў штабының дәслепки мәжилиси



Усы жыл 13-август күни Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жанында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша  шөлкемлестирилген штабтың мәжилиси болып өтти.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитети хызметкерлери менен Сайлаў штабының ағзалары қатнасып, партия тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм өткериў, сайлаў участкаларына көрсетилген бақлаўшылар менен ўәкилликли ўәкиллерге талабанлар додаланды.

Сондай-ақ, Сайлаў штабында дүзилген Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў, талабан ҳәм оның исенимли ўәкилиниң сайлаўшылар менен ушырасыўларын шөлкемлестириў, ӨзМТДП «Жәрдемши үгит-нәсият топары» ағзаларының сайлаў участкаларындағы партияның бақлаўшылары  ҳәм ўәкилликли ўәкиллери менен ислесиў, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы процесслерин ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў, онлайн пикирлесиў, сәўбет, дебат ҳәм додалаўларды шөлкемлестириў  топарларының мақсет және ўазыйпалары көрип шығылды.



Мәжилисте атап өтилгениндей, Орайлық Сайлаў комиссиясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймағында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши  1-Қарақалпақстан сайлаў округи дүзилип, 1 миллион 158 мың 966 сайлаўшы дизимге алынған. Ҳәзирги ўақытта барлық қала ҳәм районларда  сайлаў участкаларын дүзиў ҳәм олардың комиссия ағзаларын қәлиплестириў бойынша жумыслар алып барылмақта. Усы участкаларда сайлаўдың демократиялық принциплер тийкарында өтиўи, оған таярлық көриў ҳәм даўыс бериўде, нәтийжесин анықлаўда, сайлаўда қатнасқан талабанлардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң бирдей тәмийинлеўинде паритя мәплерин гөзлеп жумыс алып баратуғын мүнәсип бақлаўшы ҳәм ўәкилликли ўәкиллерди таңлап қойыў бойынша сайлаў штабы ағзаларының пикирлери тыңланып, анық ис-режелер белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги