Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ким ҳақ? Ашшы ҳақыйқатты тән алғаны рас па блогердиң? Биз излеген ҳақыйқат қай жерде екен?
"Ел хызметинде" газетасының бас редакторы Д.Тажимуратов ҳәм журналистлери тәрепинен Хожели районындағы наразылықлар бойынша журналистлик сораўнама өткерип, өзиниң нейтрал пикирин ҳәм ҳақыйқатлықты ашып берди.
Каналға ағза болыў: 👉 @el_xizmetinde

Жигит болсаң, болғыл жигит,
Жан күйдирген ел алдында.
Ярым мезгилдей жол жүрип,
Аяқларынды талдырма.
Болма оншама өзимшил,
Қуры лап ушын пысқырма.
Болсын сөйлеген сөзиң шын,
Парқына жет иш-тыстың да.
Сезингил ким дос, ким душпан,
Ерме жалатай гәпине.
Болма жасыңнан гөр тышқан
Тек жуўырған өз мәпине.
Аяқ-баспа алтақ-талтақ,
Түрли жерге апарар жол.
Болғың келсе қарақалпақ,
Ҳақыйқатлық қурбаны бол.
Өмирде көп ҳәсирет, қайғы,
Бәрҳа шадлық буйырмаған.
Етек пенен жаппа айды,
Болма аўзы жыйылмаған.
Ҳәр мурныңда батпан шамал
Ысқырса да даўыл болма.
Кемлик кем-кем табар камал,
Елден ерек аўыл болма.
Қайғырмағыл жас басыңнан
Күним қалай кешеди деп.
Қорқып жүрме ҳасла сыннан,
Батырлықтың шешери көп.
Жигит болсаң, болғыл жигит,
Халқы ушын жаны қурбан.
Майы шағылмаса жилик,
Өмир болмас урман-пурман…
К.Рахманов ✍
👉👉👉 @el_xizmetinde
Жан күйдирген ел алдында.
Ярым мезгилдей жол жүрип,
Аяқларынды талдырма.
Болма оншама өзимшил,
Қуры лап ушын пысқырма.
Болсын сөйлеген сөзиң шын,
Парқына жет иш-тыстың да.
Сезингил ким дос, ким душпан,
Ерме жалатай гәпине.
Болма жасыңнан гөр тышқан
Тек жуўырған өз мәпине.
Аяқ-баспа алтақ-талтақ,
Түрли жерге апарар жол.
Болғың келсе қарақалпақ,
Ҳақыйқатлық қурбаны бол.
Өмирде көп ҳәсирет, қайғы,
Бәрҳа шадлық буйырмаған.
Етек пенен жаппа айды,
Болма аўзы жыйылмаған.
Ҳәр мурныңда батпан шамал
Ысқырса да даўыл болма.
Кемлик кем-кем табар камал,
Елден ерек аўыл болма.
Қайғырмағыл жас басыңнан
Күним қалай кешеди деп.
Қорқып жүрме ҳасла сыннан,
Батырлықтың шешери көп.
Жигит болсаң, болғыл жигит,
Халқы ушын жаны қурбан.
Майы шағылмаса жилик,
Өмир болмас урман-пурман…
К.Рахманов ✍
👉👉👉 @el_xizmetinde
Это Ангела Меркель, канцлер Германии, в настоящее время самый уважаемый лидер в мире, физик и химик, ставший политиком. Она возглавляет самую сильную экономику в Европейском Союзе и самую важную в мире, которая экспортирует более 1,550 миллиардов долларов в год.
Тем не менее, она не получает ни бесплатного государственного обслуживания, ни жилья, ни электричества, ни газа, ни расходов на развлечения, ни личного повара, ни воды, ни бесплатного телефона из бюджета Федеративной Республики Германии, и живет своей скромной жизнью, как любой другой гражданин Германии. Она сама делает покупки (на фото, в Берлинском супермаркете), носит свои сумки с покупками, оплачивает свои покупки и, если она получает парковочный талон, оплачивает их из собственного кармана.
Репортер недавно спросил ее: «Помните, я сфотографировал Вас в этом же платье десять лет назад? Она сказала ему: «Моя миссия - служить своим собратьям - немцам, а не быть образцом моды».
https://t.me/manu_blog

💥Ертең Хожели районында ПРЕСС-КОНФЕРЕНЦИЯ 💻
Еслетип өтемиз " Ел хызметинде " газетасы бас редакторы ҳәм газета журналистлери пресс конференцияға қатнасып туýрыдан-туýры Трансляция алып бериýге ҳәрекет кыламыз.
Оқыýшыларымыздан Хожели районы бойынша сораýларды қабыллаýды баслаймыз !
👉👉👉 @Sultanbek_Ziyaev
☎️ +998995409798

БАСЫМ БӘЛЕГЕ ҚАЛДЫ ...
Көпшиликке мәлим интернет тармақларда, 20 кислород балоным бар, мүтәжлерге бийпул берип тураман, - деген дағаза жалын тезликте тарқалған еди. Мине усы балон ийеси Қоңырат районы турғыны 1996-жылы туўылған Еламан Рустемов деген жигит болады, ол усы рекламаны берди, бирақ кейин басы бәлеге қалды, яғный ол рекламаны берип болғаннан кейин көп узамай Еламаннан балоныңды маған берип тур, тис клиникам бар еди, соған керек болып тур есесине пул беремен десе, биреўлери сварка ушын, балық ушын, исбилерменлик ушын деп есесине пул беремен деген усыныслар менен бир неше районлардан, ҳәттеки қоңсылас Хорезм ўалаятынан, Ташкент ўалаятынан да усыныслар болған. Ойланып көриң, наўқасларға жан қайғы болып атырған бир дәўирде айырым адамлар кисесин ойлап атырғанлығы ашынарлы жағдай.
Еламанның үйине қоңсылас районлардан кем тәмийинленген шаңарақпан, маған балон керек, неге басқаларға бересең, неге сен адамларды алдайсаң, - деп даў шығарғанлары да болған. Еламанның үйиниң алды базардан бетер адамлар жыйналған, қоңсыларының айналарын жети түнде қағып мазаларын алған.
Бул да ҳеш гәп, айырым адамлар Еламанның ата-анасына барып: "Неге балаң жалған реклама береди, бизге балонды таўып берсин, болмаса жазаман, - деп те доқ еткенлери де, ҳәттеки шағым еткенлери де болған.
Ата-бабада гәп қалмағанындай: «жорға минген менен жолдас болма, ладан менен сырлас болма» дегендей, Еламан балонларды исбилерменлерге емес, ал 10 данасын Шымбай районына, және 10 данасын Нөкис районына мүтәж шанарақларға тарқатқан, бирақ ол бул ҳәрекетинен рахмет еситпеди, керисинше оған Қоңырат районынан бир мәкеме басшысы шығып: "Неге балонды өзимиздиң районға бермей басқа районға бересең, - деп кейигени де болды.
Жақсы адам ай менен күнге тең, жарығы ортақ әлемге, - дегениндей, қайсы районға болса да бәри-бир жерлеслеримизге бергени ушын бундай мәрт жигитке орден - медаль берсең де аз екенлигин еслеткен болар едик.
Дәўлетмурат Тәжимуратов
👉👉👉👉👉 @el_xizmetinde

Hu'rmetli kanalimiz ag'zalari, Xojeli rayoni boyinsha sorawlarin'iz ha'm usinislarin'iz bolsa bizge jollay bersen'iz boladi !
Смотрите "Xo‘jayli press-konferensiya" на YouTube
https://youtu.be/nz7dW-t3l_Y
👉👉👉@saidahmadov_blogi
💥 Хожели районында ПРЕСС-КОНФЕРЕНЦИЯ 💻
Еслетип өтемиз " Ел хызметинде " газетасы бас редакторы ҳәм газета журналистлери пресс конференцияға қатнасып туýрыдан-туýры Трансляция алып бериýге ҳәрекет кыламыз.
https://youtu.be/nz7dW-t3l_Y
👉👉👉@saidahmadov_blogi
💥 Хожели районында ПРЕСС-КОНФЕРЕНЦИЯ 💻
Еслетип өтемиз " Ел хызметинде " газетасы бас редакторы ҳәм газета журналистлери пресс конференцияға қатнасып туýрыдан-туýры Трансляция алып бериýге ҳәрекет кыламыз.
YouTube
Xo‘jayli press-konferensiya
Xojeli rayonindag'i press konferensiya dawam etpekte.
Rayon ha'kimi ha'm to'rt sektor basshilari jurnalistlerdin' sorawlarina juwaplar bermekte.
Press Konferensiyani "El xizmetinde" gazetasi ha'm @Saidhamadov_blogi ta'repinen tuwridan -tuwri you tub tarmag'i arqali ja'riyalanbaqta.
⚡️💥 https://youtu.be/nz7dW-t3l_Y
👉👉👉 @el_xizmetinde
Rayon ha'kimi ha'm to'rt sektor basshilari jurnalistlerdin' sorawlarina juwaplar bermekte.
Press Konferensiyani "El xizmetinde" gazetasi ha'm @Saidhamadov_blogi ta'repinen tuwridan -tuwri you tub tarmag'i arqali ja'riyalanbaqta.
⚡️💥 https://youtu.be/nz7dW-t3l_Y
👉👉👉 @el_xizmetinde
YouTube
Xo‘jayli press-konferensiya
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
АНОНС
Хожели районында өткерилген ОНЛАЙН ПРЕСС-КОНФЕРЕНЦИЯДАН үзинди.
Толық видеосы тез арада эфирге бериледи.
ЖАҢАЛЫҚЛАРДЫ ГҮЗЕТЕМИЗ!
@xodjeyli_rk
👉👉👉 @el_xizmetinde
Хожели районында өткерилген ОНЛАЙН ПРЕСС-КОНФЕРЕНЦИЯДАН үзинди.
Толық видеосы тез арада эфирге бериледи.
ЖАҢАЛЫҚЛАРДЫ ГҮЗЕТЕМИЗ!
@xodjeyli_rk
👉👉👉 @el_xizmetinde
Өмириң жетпес.
Байлык хәм жоқлық зәңгилес емес,
Қайғы хәм шадлык мәңгиге емес,
Жасарсаң йошып,дәрьядай тасып,
Ис туссе бул кун мәзи бир елес.
Тек дунья изинен қууа бересең,
Әуметиң журип тур тауа бересең,
Пулыңды тек өзиң сауа бересең,
Сауап ис,жақсылық ядыңа келмес.
Тәңриге жақпас қылған ислериң,
Қартайып бир кун кетер кушлериң,
Төгилип кетеди аппақ тислериң,
Жақын жууықларың сени еслемес.
Жасадың дуньяны өкшеден басып,
Ипласлық жолында пулыңды шашып,
Тууысқан тууғанды көрмедиң қашып,
Қоңсы қобаларды билмей иргелес.
Соңғы дем жатарсаң дастықда басың,
Разылық сорайсаң көзде бар жасың,
Хәмме төмен қарар көтермес қасын,
Разы қылмаға өмириң жетпес.
Бир өмир жақынға болмасаң тирек,
Сауап иске сирә соқпаса жүрек,
Разылық сорамақ енди не керек,
Өмир еки мәрте әттең берилмес
Абат Крамов ✍
👉👉👉 @el_xizmetinde
Байлык хәм жоқлық зәңгилес емес,
Қайғы хәм шадлык мәңгиге емес,
Жасарсаң йошып,дәрьядай тасып,
Ис туссе бул кун мәзи бир елес.
Тек дунья изинен қууа бересең,
Әуметиң журип тур тауа бересең,
Пулыңды тек өзиң сауа бересең,
Сауап ис,жақсылық ядыңа келмес.
Тәңриге жақпас қылған ислериң,
Қартайып бир кун кетер кушлериң,
Төгилип кетеди аппақ тислериң,
Жақын жууықларың сени еслемес.
Жасадың дуньяны өкшеден басып,
Ипласлық жолында пулыңды шашып,
Тууысқан тууғанды көрмедиң қашып,
Қоңсы қобаларды билмей иргелес.
Соңғы дем жатарсаң дастықда басың,
Разылық сорайсаң көзде бар жасың,
Хәмме төмен қарар көтермес қасын,
Разы қылмаға өмириң жетпес.
Бир өмир жақынға болмасаң тирек,
Сауап иске сирә соқпаса жүрек,
Разылық сорамақ енди не керек,
Өмир еки мәрте әттең берилмес
Абат Крамов ✍
👉👉👉 @el_xizmetinde
Медицина бирлеспеси турмысы жақсыланыўы ушын илажлар басланды
Бүгинги күнде Мойнақта халықтың турмыс шараяты жақсыланыўы барысында алып барылып атырған илажлар айтарлықтай дәрежеде. Соңғы ўақытларда www.makan.uz информациялық порталы ҳәм "Ел хызметинде" газетасы редакторлары тәрепинен социаллық тармақларда жәрия етилген Мойнақ районлық медицина бирлеспесиниң жағдайы халқымыз, жәмийетимиз арасында үлкен додалаўға себеп болмақта.
Ҳалат жүзесинен район ҳәкими Е.Еденбаев ҳәм Коронавирусқа қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша арнаўлы штаб баслығы Б.Меңлибековлар районлық медицина бирлеспеси турмысы менен жақыннан танысты. Үйрениўлерден соң район ҳәкими медицина бирлеспеси әтирапында абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша тапсырма берди. Солай етип, медицина бирлеспеси турмысы жақсыланыўы ушын илажлар басланды.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress

#Кеўил_айтыў
Қарақалпақ журналистикасында озине тән айрықша орны бар жерлесимиз, Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Измурат Қурбанбаевтың қайтыс болыўына байланыслы оның шаңарағына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.
И.Қурбанбаев жигирма жылдан аслам ўақыт "Тахтакөпир таңы" газетасында дәслеп хабаршы, соң жуўаплы хаткер болып мийнет етти. 2004-жылдан ата мәканы- Қазақстан Республикасы Қызылорда областында жасады ҳәм журналистлик кәсибин даўам етти.
Қәниге журналист жерлесимиз Измурат Қурбанбаевтың жарқын естелиги, оның мийнетлери мәңги жүреклеримизде сақланып қалады.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Саўатты қара, саўатта "ғырт" болыпты өзиде.
Жыйнай бериң аўа гилең қатынымның иниси, ағамның баласы, киндик шешемниң қызы, мурындық апамның пәленшеси деп.
Рәсмий хаттың сықылына қараң, саўат абсолютно "0"
Шапка қайсы тилде жазылған? Қайсы алфавитте жазылған? Неге гәптиң басы өзбекше басланып изи қарақалпақша даўамланып кеткен? "Упаравление" деген не, "Нукускй" деген қаяқта ол мәнзил?
#Уят
#Масқарашылық
Мен еле хатта жазылғанларды оқымадым, оқыў нийетимде жоқ.
@bkadirbergenov

МҮРӘЖАТ АРТЫНДА ИНСАН ТӘҒДИРИ ЖАТЫР, ЖОЛДАС Х.АЧИЛОВ
Тынып тыншымайтуғын блогер Б.Қәдирбергеновқа қайыл қаламан, себеби ол Россия Федерациясында жүрген болса да таң қаларлық ўақыяларды журттан бурын жарытады. Бүгин ол мынадай мағлыўматты усынды.
Усы орында сораў туўылады, неге енди пуқаралардың мүрәжатлары дерлик барлық мәмлекетлик басқарыў уйымларында, ҳуқық қорғаў тараўларында усындай ҳәрекетлер көбейип кетти? Орысларда мына бир ҳәрекет инсан өмирине шек қояды, «Казнить нельзя, помиловать, ямаса Казнить, нельзя помиловать», негизи тек орысларда емес, ал ҳәмме миллетте сондай, әсиресе бул инсан тәғдири менен тиккелей ислесетуғын ишки ислер уйымларына тийисли.
Редакцияға жақында ишки ислер органларында бир неше жыллар даўамында профилактика инспекторы лаўазымында жумыс ислеген пуқара мүрәжат етти, мүрәжатты үйрениў дәўиринде, ол арнаўлы сынақтан өте алмағанлығы ушын ишки ислер тараўынан шетлетилген. Бирақ оның саўаты Х.Ачиловтың жуўап хатындағыдан әдеўир жақсы еди.
Мине хаттағы қәтелер, төменде көрсетилгениндей, оқып пикир жүритиң 👇👇👇
Қулласы, мен күннен күнге алға илгерилеўди емес, керисинше артқа кетиўди көрип атырман.
Дәўлетмурат Тәжимуратов
👉👉👉👉👉👉 каналға ағза болыў @el_xizmetinde

ОРАҚШЫЛАР– БЕК, БЕКЛЕР – ОРАҚШЫ, ЕЛДИ БАСҚАРАР УРЫ ҲӘМ ҚАРАҚШЫ…
https://telegra.ph/O-10-18-14
👉👉👉 @el_xizmetinde
https://telegra.ph/O-10-18-14
👉👉👉 @el_xizmetinde
Ай сол, мендеги жумыстын токтайтугын тури жок. Маглыуматларды халыкка уактында жеткериудин имканы болмай атыр. Сол ушын телеграмда жана каналд аштым. Бирак кадрлар еле жок. Максетимиз халыкка ен сонгы жаналыкларды тез хам оператив, ашык айдын жеткериу.
Кадрларды кайдан табамыз?
Конкурс откеремиз. 2-баскыштан ибарат. Басында 10 журналистти каналга аламыз. Биз олардын жарыткан жаналыкларын баклап барамыз. Талапларды озлерине тусиндиремен.
1-баскыш женимпазларын сизлер аныклайсыз. Ен жаксы 3-4 журналистти танлап бересиз. Сонынан 2-баскышта олар менен саубет алып барамыз, ис хакыларын келисемиз.
Интернет журналисти болыуды калеген адамлар @blogerler_awqami_bot телеграм ботына хабарласыуы мумкин. Жасында, жынысында, миллетинде хешкандай шеклеу жок.
Айлык маселесине келсек, кепиллик беремен 1 миллионнан кем болмайды, егер ылайык болса 2 миллионда айлык бере аламыз.
Бул хабарды озлериниз бар канал хам топарларга таркатыуынызды сорап каламыз.