"Ел хызметинде" газетасы
5.6K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
ҚУТЛЫҚЛАЎ
   Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына Камалов Мурат Қәллибекович тайынланды.
      Мурат Қәллибекович 1955-жылы Нөкис қаласында туўылған, шаңарақлы, бир ул, бир қыздың әкеси, бир нешше ақлықлардың атасы. Ол узақ жыллар бойы ҳуқық қорғаў органларында, сондай-ақ, халық хожалығы тараўларындада жемисли мийнет етти, Жоқарғы Кеңеске Баслық боламан дегенше, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновация орайының директоры лаўазымында жумыс ислеп келди. Экология партиясы ағзасы, 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округынан депутат.    
Мағлыўмат ушын: Мурат Камаловтың әкеси, «ел атасы» қарақалпақ халқының уллы перзенти Қ.Камалов 1926-жылы Тахтакөпир районының (ҳәзирги Қараөзек районы) 8-аўыл советинде туўылған, Қ.Камалов шерек әсир даўамында Қарақалпақстан Республикасын басқарды. Ел ардағындағы ақсақал өзинен кейинги әўладларға бүгинги күнде де халық хожалығы ҳәм илим тараўындағы бийбаҳа кеңеслерин берип келмекте.

👉👉👉 @el_xizmetinde
      
Ел атасы баласы


Ел басқарған ақсақалдың туяғы
Теги ҳасыл ҳасыллардың қыяғы
Перзенти ол елим деген уяның
Басшы болды бүгин басшы баласы.

Патша деген ол Аллахтың қәлеўи
Елимизге күнлер туўғай елеўли
Ел атасы бизге болған демеўли
Басшы болды Ақсақалдың баласы.

Халық ҳәзир жалбыраўлы тәңирге
Мынаў вирус тоқтамаған дәўирде
Басшы керек демеў берер жәбирге
Басшы болды ел атасы баласы.

Халқым қутлы болсын елдиң ағасы
Ағып келгей жақсылық нур сағасы
Қарекеңниң жаңаланып жағасы
Басшы болды бүгин басшы баласы.


Жаңабай Анетеев.
БУЛ СУДЬЯ ПАЛКЕР МЕ ЕКЕН???

Исбилермен ҳуқықын қорғаў ушын мәмлекетимиз басшысы барлық мәмлекетлик басқарыў уйымларын жуўапкер етип белгилеп, «әдилликтиң ең соңғы тоқтамы суд болады, суд имаратына келген даўагер де, жуўапкер де суд имаратынан шығарда әдилликтиң ҳәмме нәрседен үстем екенлигине көзи жетип шықсын» деген еди.
Өз гезегинде суд ҳәкимиятына да әдиллик үстинлигин тәмийинлеў ушын бир қанша шараятлар жаратып берди.
Гәптиң посгеллесине келсек, судлардың ишинде де әдилликке бийпәрўа қарайтуғынлары табылады.
Мәселен, Ташкент районлараралық экономикалық суды судьясы Н.Х. (исми-шәрипи қысқартылды) 2020-жыл 21-август күни уйғарыў қабыл етип, уйғарыўда 11-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судында саат 10:30 да суд болып өтетуғынлығын билдирип, тәреплерге, яғный, даўагер менен жуўапкерге хабар ретинде жоллаған.
Мине, усы судқа жеке өзим исбилермен ҳуқықын қорғап бардым, Суд имаратында саат 10:20 минут өткенде арнаўлы пост тәрепинен нызамлы түрде дизимнен өттим.
Суд хызметкери маған суд болмайды, себеби, Судьялар жоқары мектеби тәрепинен судьялардың қәнигелигин асырыў бойынша оқыў болып атыр, суд бул жерде болмайды, бирақ Сиз аз-маз иркилсеңиз, суд қай жерде, қашан өткерилетуғынлығын билип алыўыңыз мүмкин, - деди. Суд хызметкериниң бул түсиндирмесине бола мен сол күни саат 13.00 лерге шекем суд имаратында судьяның жуўабын күттим, жуўап болмаған соң түслик ўақты болғанлықтан қайтып түстен кейин судқа қоңыраў еткенимде, суд хызметкери Сизиң исиңиз Ташкентте қаралған деп жуўап берди.
Енди суд растан да болған яки болмағанлығына итибар қаратсақ, және еслетемен, суд видеоконференция байланыс арқалы Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судында өткерилиўи белгиленген еди. Бирақ, Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы судьялар жоқары мектеби тәрепинен судьялардың қәнигелигин асырыў бойынша 2-сентябрьден 16-сентябрьге шекем оқыў белгиленип, видеоконференция байланыс арқалы суд өткериў тоқтатылған, сол себепли суд тәреплерге ис басқа күнге қалдырылды, деп хабар бериўи шәрт еди.

ДӘЛИЙЛ ТАЛАП ЕТИЛМЕЙТУҒЫН ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ
Биз судтың бул ҳәрекетин анықлаў ушын Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды баслығы Г. Зарипова атына хат пенен мүрәжат еткен едик. Өз гезегинде экономикалық суд баслығы Г. Зарипова 2-сентябрьден 16-сентябрь аралығында видеоконференция арқалы суд болмады, деп жуўап берди. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы 1-Айрықша батальон командири Х.Убенов та судқа сол 11-сентябь күни саат 10:20да келгенлигимди маған нызамға муўапық суд хызметкерин нәўбетши гвардия хызметкери тәрепинен шақырып берилгенлигин ҳәм суд хызметкери мениң менен сәўбетлескенлигин билдирип хат пенен жуўап берди.
Ал, енди өзиңиз ойланып көриң, халық исенген судьяның бул ҳәрекетине не десе болады?

ЖАЛҒАН ТҮСИНИК
Суд қарарында исбилермен екинши тәрепке төлемди белгили муғдарда әмелге асырған деп көрсетип өтилген. Бул ҳәрекет бойынша исбилерменниң есап бети жайласқан «HAMKORBANK» тен мағлыўмат алғанда усы күнге шекем бир исбилерменниң есап бетинен екинши исбилерменниң есап бетине ҳеш қандай пул өтпегенлиги бойынша мағлыўматқа ийе болдық.
Әне, әдил судтың ҳәрекети, «гүўалы исти гүўа табар, гүўасыз исти гүман табар» дегендей биз нызамға фактке исендик, ал суд болса бир нешше нызам талапларын бузып, асығыслық пенен тек гүманға исенип шешим қабыл еткен.
Ҳәзирги ўақытта суд қарарын бийкар етип, судтың ҳәрекетине нызамлы баҳа бериўди сорап, Судьялар жоқарғы кеңесине мүрәжат етилди.
Жуўмақлап айтқанда, «қазы болсаң, әдил бол» дегендей бир күн ислесе де әдилликти уран етпеген судьялар сайызға шығып қалары анық.

«Ел хызметинде» газетасы
Бас редакторы Дәўлетмурат Тәжимуратов

@el_xizmetinde
Мойнак районы уш сай деп аталатын жердеги камыслыклар кешеден берли ортенип атырган. Экология хам коршаган орталыкты коргау комитети хам Айрыкша жагдайлар баскармасынан расмий жууап кутемиз. Бул харекет табиятка жуда улкен зыян тийдирери анык.
"Ел Хызметинде" газетасы редакциясына "Кислород баллон" бойынша турли район турғынларынан мурәжатлер келип туспекте. Биз 3-октябр куни тунде Қоңрат районында Кислород баллонларды кислородқа толтырыý шақапшасында адамлардың нәýбетте турыýын ҳәм шақапшаның жумыс ислеп турғанын билиý мақсетинде сол жерге барып көрдик.
Бугинги кунде Короновирус болған наýқасларға яки оның жеңил формалары менен наýқасланып атырған ҳәр бир инсанға бул кислород баллонлары қәдирли, ал айырым орынларда адамлар таýалмай журипти. Коңрат районы кислородқа тойындырыý шақапшасы хизметкерлери куни туни жумыс болып турғанлығын, ҳәзирде оңлаý жумыслары болып атырғанлығын билдирип өтти. Шартнама дузген емлеýханалардың кислород баллонларын толтырып берип атырмыз, сонлықтан басқа мекемелердиң кислород баллонлары толтырылмастан көп ýақыттан берли турыпты-дейди жумысшылардан бири. Ендиги мәселе бул шақапшадағы кислород баллонлары не ушын бул жерде көп турып қалған? ...
Ал айырым адамларда кислород баллонлары бар, бырақ қай жерде оны толтырарын билмей атыр, ал бундай орынларды таýса баллонлары меншик болғанлығы себепли толтырыýы қыйын болып атырғанлығын бизге хабарлайды...
Усы жерде тийисли тараý басшыларына сораýлар пайда болады ?

* Кислород баллонлары емлеýханаларда жетиспеýи кимниң айыбы ?

* Кислород баллонды наýқастың өзи табыýы керекпе ?

* Қарақалпақстанда неше мәмлекетлик хәм мәмлекетлик емес кислород пенен тойындырыý шақапшалары бар ?

* Короновирус бойынша арнаýлы шөлкемлестирилген районлардағы емлеýханаларда кислород баллонлары таýсылып, қалған жағдайда басқасы тайын турадыма ?

* Не ушын меншик Кислород баллонларын толтырыý машқала болмақта ?

Жоқарыдағылар ҳәзирде көпшиликти қыйнап атырған
сораýлардан, биз болса тийисли тараý ýәкиллеринен жуýaплар кутип қаламыз .

Султанбек Зияев
"Ел Хызметинде" газетасы журналисти
Мойнақтағы өрт бойынша кеше тунде Экология комитетиниң бир неше хызметкерлери жетип барған. Олар сорастырыý тексериý жумысларын алып барып табиятка келтирилген зыянды аныклайды
Айрыкша жайдайлар баскарманын Мойнак районы баслыгынын билдириуинше орт дерлик еки куннен берли жуз бергенлигин ягный кундиз жуз бергенин оны оширгеннен сон кеште жане такрарланганлыгын билдирип хукыкбузар ким екени белгисиз ИИБ шугылланып атырганлыгын. Орт жуз берген жер майданы кадастр хам Экология сакшылары тарепинен тексерилип атырганлыгын билдирди.
Маглыумат ушын соны билдиремиз бундай жагдай гуз кыс маусиминде жерди тазалау максетинде айырым табиятка бийпаруалар тарепинен амелге асырылады. Лекин олар билмейди табиятка жуда кери тасир тийгизип атырганлыгын.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_районы

 7-октябрь күни Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти. Сессияға Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ўәкиллери, сондай-ақ, жергиликли Кеңес депутатлары, секторлар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.

Сессияда район ҳәкими, 1-сектор баслығы О.Уснатдинов ҳәм барлық сектор баслықлары районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, халықтың мүрәжатлары менен ислесиўде жол қойылған кемшиликлерди атап өтип, халқымыздан кеширим сорады ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында кең түрде тоқталды.

Сессияда "Ел хызметинде" газетасы Бас редакторы Д.Тажимуратов район ҳәкимине бир неше сораýлар берди.

👉👉👉 @el_xizmetinde
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_районы

"Ел хызметинде" газетасы Бас редакторы Д.Тажимуратовқа район ҳәкими, 1-сектор баслығы О.Уснатдиновтың жуýабы .

👉👉👉 @el_xizmetinde
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Шымбай_районы

Шөлкемлестириý кыйын болған газета, аңсатлық пенен жаýылажақ.

👉👉👉 @el_xizmetinde
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Шымбай_районы

Шымбай районы Халық билимлендириý мекемеси баслығы, не ушын " Пидайы устазлар " газетасы жумысын жуýмақламақшы !?

👉👉👉 @el_xizmetinde
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_районы

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти.
Сессияда район ҳәкими, 1-сектор баслығы О.Уснатдиновқа ашықтан -ашық журналистлер сораýлар берди.

- Д.Тажимуратов "Ел хызметинде" газетасы Бас редакторы

👉👉👉 @el_xizmetinde
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_районы

- Д.Тажимуратов "Ел хызметинде" газетасы Бас редакторы сорауына
Нөкис район ҳәкими, 1-сектор баслығы О.Уснатдиновтың жуýабы

👉👉👉 @el_xizmetinde
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Интернет тармаклары хакыйкатты жазып атыр. Халык пенен ойнауга болмайды.

Самарканд уалаяты хакими.
Forwarded from Qaraqalpaqstan | Kun.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нукус туманидаги «Узр сўраш сессияси»да журналист ҳокимни аяб ўтирмади

Халқ депутатлари Нукус тумани кенгашининг 12 сессиясида «Ел хызметинде» газетаси бош муҳаррири ҳокимликни очиқ саволлар ёмғирида қолдирди.
Журналист Даулетмурат Тажимуратов Нукус тумани ҳокими Уснатдинов Омирбайга 4 та масала юзасидан аччиқ саволлар берди.

1️⃣ Туманда мурожаатлар билан ишлаш жуда ёмон аҳволда эканлиги айтилган. Жумладан, Aгробанк, Халқ банки, Aдлия бўлими, Ёшлар агентлиги, Ўрта мактаблар, туман ИИБ ва туман прокуратураси ҳам тилга олинди.

2️⃣ Тумандаги тадбиркорлардан ҳокимликка 91 мурожаат келиб тушган. Уларга икки ойдан бери жавоб берилган ёки берилмаганлигига изоҳ сўралди.

3️⃣ Туман мактабларига педагогларни ишга олишдаги камчиликлар тилга олинди.

4️⃣ Журналист тумандаги ерлар тадбиркорларга тендерсиз берилган ҳолатларни аниқлаган.

Ўз навбатида, Нукус тумани ҳокими Уснатдинов Омирбай юқоридаги камчиликларни тўлиқ тан олган.

👉 Қорақалпоғистон хабарлари
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_районы

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти.
Сессияда район ҳәкими, 1-сектор баслығы О.Уснатдиновқа ашықтан -ашық журналистлер сораýлар берди.

- Д.Тажимуратов "Ел хызметинде" газетасы Бас редакторы

👉👉👉 @el_xizmetinde