"Ел хызметинде" газетасы
5.78K subscribers
2.99K photos
1.08K videos
25 files
1.48K links
" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!
Download Telegram
#Жоқарыдағы_видео_бойынша

Үй меники демеңиз, үй артында киси бар…
 
Мақаланың атамасы неге ондай деген сораў туўылыўы мүмкин. Мақала темасынан соны билиўге болады, эй билмейдиғо деп сыбырлап айтқан сөздиде биреў еситип қойыўы мүмкин ямаса ислеген ҳәрекетти.   
Айтпақшы болғаным адам баспаналы болыў ушын нешше жыллар даўамында жемей, ишпей пул жыйнайды. Бул турақ жай дегенниң баҳаларыда аттың басындай, бирақ ол кимлергедур арзымаған пул. Қулласы кейинги ўақытта қурылыс тараўы коррупцияның ошағына айланған, бирақ оны айырым басшылар көрседе көрмегенге, еситседе еситпегенге салады. Есабатларға қарасаң зәўлим, зәўлим арзанластырылған турақ жай деп жазылады, мине усындай турақ жайлардың биз билген бирғана ҳәрекетке тоқтап өтемиз. Редакцияға, бир пуқара наразылық пенен мүрәжат еткен еди.
Мүрәжатты үйрениў дәўиринде пуқараның турақ жайының төбеси бетон плита менен емес ал сетка менен тартылғанлығы анықланды.
Биз бул ҳәрекет бойынша Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министри атына сораўнама менен мүрәжат еттик, министрлик тәрепинен қандай жуўап келиўинен қәтий нәзер бизлерде жетерли дәлийл бар.
Пуқара ҳәзирги ўақытта далада шымылдық ишинде отырғандай отырыпты.
«Жантақлы жерде сона бар дегендей» негизи бул турақ жайдың тырнағы  төрт қабатлы имарат ушын арналған екен бирақ негедур бес қабатлы имарат салынған. ДАЎАМЫ БАР….  
 
Дәўлетмурат Тәжимуратов
 
 
 
 
👉👉👉 @el_xizmetinde