alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.16K subscribers
17.8K photos
3.41K videos
22 files
15.4K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Аңшы жигит ҳәм қасқыр

Бир күни аңшы жигит мылтығын желкесине илдирип, бөрибасар ийтин жетеклеп таўға аңға шығыпты. Таўда бир неше қуслар атыпты. Аңы оңынан келип, аңшы жигит жақсы кейпиятта таўдан пәске түсип киятырғанында көзи бир үңгирге түсипти. Әстен үңгирге кирип, қараса бир қасқыр еки баласын емизип атырған екен.

Аңшыны көрген ана қасқыр ырылдапты. Жигит тезде қасқырды атыпты. Ийти балаларын талап таслапты. Аңшы кеште үйине қайтыпты. Досларын шақырып зыяпат берипти. Зыяпат ярым түнге шекем даўам етипти.

Таңда жигит ҳәўлидеги шаўқымнан ояныпты. Жүгирип сыртқа шықса, ҳәўлиниң ортасында үлкен еркек қасқыр турар, қасында аңшы жигиттиң 5 жасар қызы қасқырдың қуйрығынан тартар ҳәм:

- Әкежан қараң, үлкен күшик! - деп бақырар еди. Ол кеше өзи өлтирген қасқыр балаларының әкеси еди.

Жигит - "Тамам! Қызымнан айырылдым! Қасқыр өш алыў ушын келди! - деген ойда еди. Қасқыр кишкене қызды ийискелеп, муңлы даўыста уўылдапты. Аралық қаншелли узақ болмасын аңшы жигит қасқырдың көзлеринен ағып турған жасты көрер еди.

Қасқыр тезлик пенен жуўырып, дийўалдан секирип, көзден ғайып болыпты. Аңшы жигит қатты қорқып қалған еди. Зорға қәдем таслап барып, қызын қушақлап жылапты. Ҳәтте, сол тилсиз, санасыз жәниўар да қызға рейим қылған еди.

Ол инсан болып турып, қасқырдың балаларына рейими келмеген еди. Жигит мылтығын тасқа урып, сындырып таслапты ҳәм аң аўламаўға ант ишипти.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Ассаламу алайкум!

Бүгинги күниңиз қайырлы болсын!

Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық-аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Huquqiy_savodxonlik

📖“Vijdon erkinligi va diniy tashkilotlar toʻgʻrisida”gi qonunning 11-moddasi

🔰3-bob. Diniy tashkilot tashkil etish, uning huquq va majburiyatlari.
Diniy tashkilotlar faoliyatining qoʻshimcha kafolatlari.

@alberuniyuz
⚡️ "Қабыллаў-2024" даўам етпекте !!!

🗣 "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журтына 2024-2025 оқыў жылы ушын абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў даўам етпекте.

🗂 Керекли ҳүжжетлер:

📝билим журты директоры атына арза;
🪪 паспорт яки ID карта нусқасы (түп нусқа көрсетиледи);
📚 мағлыўматы ҳаққында аттестат яки диплом (түп нусқасы)
👤 3,5 х 4,5 көлеминдеги 6 дана реңли фото сүўрет (ақырғы үш айда алынған ҳәм арқа фоны ақ реңде болыўы талап етиледи)
шет тилин билиўи ҳаққындағы сертификат (мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетте көрсетилген шет тилинен басқа шет тил бойынша тест тапсырыўшылар ушын) түп нусқасы.
🟢Егерде абитуриентте араб тили бойынша Б1 дәрежесиндеги миллий яки ҳалықаралық сертификат болса (Ат-Танал Ал-Араби) қабыллаў комиссиясына усыныўы керек.

‼️ Билимлендириў мәкемелерин алдыңғы жылларда питкерген абитуриентлер тестке кириў ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси яғный 170.000 сум төлем төлеў керек болады. Усы жылда оқыўды тамамлаған абитуриентлерден болса төлем өндирилмейди.

📍 Мәнзил: Нөкис қаласы, Билимлер гузары, 1а-жай.

☎️ Телефон номер: +998(55)101-55-12

👨‍💻Билим журты баспасөз хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
(Мөминлер) ийман келтирип, кеўиллери Аллаҳтың зикири менен ләззетленеди. Билип қойың, Аллаҳтың зикири менен кеўиллер ләззетленеди (ҳәм тынышланады).

Раъд сүреси 28-аят
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Ҳәр бир инсан өмиринде мөжизалар болыўын қәлейди...
Оны күтип жасайды.

Мөжиза негизи не?

Мөжиза - бул мен уйқыдан көзлеримизди ашып шүкираналық пенен турғанымыз.
Мөжиза - бул шаңарақ орталығында қәтержам болып жасаўымыз.
Мөжиза - бул саламат ислеп турған барлық ағзаларымыз.
Мөжиза - бул ҳәр бир нәрседе миннетдаршық көриў, бар нәрселерге шүкираналық.
Мөжиза - бул әлемдеги ҳәр бир нәрсеге тәсийин қалыў, олардың мөжизалығын аңлаў.

Мөжизаны күтип емес... мөжизаның ишинде жасап атырғанлығымызды түсиниўимиз керек.
Жасап атырғанымыз, барлық неъматлардан пайдаланыўымыз мөжиза екен!

Бул мөжизаларды сиз де сезиндиңиз бе?


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Исеним

Әтир салынған ыдысым түсип, сынып кетти. Қапа болдым. Бирақ, сол ханадан әтир ийиси көп ўақыт кетпей турды. Жағымлы ийис екен. Бул әтир шишада ўақытында хананы хош ийиске толтырмас еди. Ол хананы жағымлы ийиске бүркеў ушын, сыныўы керек екен.

Базы да, қәлбиңде яки ишиңдеги бир нәрсе сынады. Исенебериң, оның сынғанына себеп, ишиңдеги гөззаллық сыртқа шығыўы ушын. Бул менен өмириңде жаңа тәжирийбеге ийе боласаң. Ақылың зияда болады, пикирлеўиң өзгереди.

Демек, қәлбиң сынса яки сындырылса қапа болма.
Аллаҳ сени және де жақсырақ болыўыңды баян қылмақта.

"Мүмкин, сиз жаман көрген нәрседе, Аллаҳ таала көп жақсылықлар қылар".

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Forwarded from Ta'lim.muslim.uz
#Qabul_2024  
#Abituriyent_2024  
#Statistika

😊 😊 😁 😊 😉
⚡️2024-2025 o‘quv yili uchun
ro‘yxatdan o‘tish bo‘yicha
MA’LUMOT

⌨️ 2024-yil 17-iyul 17:00 holatiga oliy va o‘rta maxsus diniy ta’lim muassasalariga qabul qilish bo‘yicha 5496 nafar abituriyent ro‘yxatdan o‘tdi.

🗣Shundan:
🇺🇿 Abituriyentlarning
viloyatlar kesimida
MONITORINGGI:

Qoraqalpog‘iston Respublikasi 🗄 132 nafar
Andijon viloyati 🗄 672 nafar
Buxoro viloyati 🗄 397 nafar
Farg‘ona viloyati 🗄 872 nafar
Jizzax viloyati 🗄 159 nafar
Namangan viloyati 🗄 742 nafar
Navoiy viloyati 🗄 95 nafar
Qashqadaryo viloyati 🗄 317 nafar
Samarqand viloyati 🗄 310 nafar
Sirdaryo viloyati 🗄 116 nafar
Surxondaryo viloyati 🗄 482 nafar
Toshkent viloyati 🗄 450 nafar
Toshkent shahri 🗄 557 nafar
Xorazm viloyati 🗄 168 nafar

📊 Abituriyentlarning joriy va
avvalgi yillar bitiruvchilar

bo‘yicha taqsimoti:
       
joriy yil bitiruvchilari 🗄 2623 nafar
avvalgi yillar bitiruvchilari 🗄 2873 nafar

O‘zbekiston musulmonlari idorasi
Ta’lim va ilmiy-tadqiqot bo‘limi


📢 Qabul jarayoniga oid
so‘nggi yangiliklarni
kuzatib boring:
🚀https://t.me/qabulmuslimuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Ассаламу алайкум!

Бүгинги күниңиз қайырлы болсын!

Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық-аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Huquqiy_savodxonlik

📖“Vijdon erkinligi va diniy tashkilotlar toʻgʻrisida”gi qonunning 12-moddasi

🔰Diniy tashkilotning huquq va majburiyatlari.

@alberuniyuz
Арқан

Ең әҳмийетли арқан - ҳәмилениң киндик арқаны. Ол сол менен тири қалады.

Ең нәзик арқан - пикирлер арқаны. Бир сөз бенен үзиледи.

Ең қысқа арқан - жалған арқаны. Қаерде басланған болсақ, сол жердиң өзинде тамамланады.

Ең беккем арқан - Аллаҳ пенен байланған арқан. Өзиң үзбегенше үзилмейди.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

24 саатты тек өзиңе сарплама

Басқалар ушын қайғырыў, басқаларға дәлде болыў ҳәм басқалар менен пикирлесиўди де ядыңнан шығарма. Турмысыңда мазмун-мәнис жоқлығын сезген күниң әтирапқа қара ҳәм адамларға жәрдем қолын соз. Бул жақсылығың бахытлы жасаўың ушын себеп болады.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Халық хызмети

Халық хызметинде болған инсанның аты, жер бетинде мәңги қалыўына себеп болады. Аллаҳ тааланың сүннети ҳәм әдети сонда, ким илими, әмели ҳәм мал-дүньясы менен халық хызметинде болса ҳәм адамларға пайдасын тийгизсе, бул дүньядан өткеннен кейин де оның атын Аллаҳ таала жер бетинде мәңги қалдырады.
Себеби, Аллаҳ таала Қураны кәримде былай дейди:
“Адамларға пайда беретуғын нәрсе болса жер бетинде қалады.” дейди.

(Раъд суреси, 17-аят)

Әсиресе, саҳабалар ҳәм салыҳ бенделердиң атлары қияматқа шекем мәңги қалады. Буның бир себеби, олар мудамы Аллаҳ тааланың ыразылығы ушын халық хызметине тақ турған.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгинги жума күниңиз мүбәрек болсын!


Аллаҳ таала бүгинги жума күниңизди тынышлық-аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz