alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.12K subscribers
17.9K photos
3.42K videos
22 files
15.4K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума

    Пийшемби күни шамнан кейин Жума ақшамы басланады. Жума ақшамы ҳәм Жума күни Пайғамбарымыз алайҳиссаламға көп салаўат айтыў пазыйлетли
әмел есапланады.                                                   

Бүгин дуўа қылың қабыл болады...
Салаўат айтың саўабы мол болады...


ЖУМА АҚШАМЫҢЫЗ МҮБӘРЕК, НИЙЕТИҢИЗ ҚАБЫЛ БОЛСЫН

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#жума_мүбәрек

   Пазыйлетли жума күниндеги дуўа, тилеклериңиз қабыл болсын!🤲

    Шаңарағымыз төринде жүзлеринен нур тарап тилегимизди тилеп отырған, биз ушын мийирбан болған ата-аналарымыз аман болсын. Ал, биз перзентлер ата-аналарымыздың, туўысқанларымыздың қәдирине жетип жүрейик әзизлер.

ПАЗЫЙЛЕТЛИ ЖУМА КҮНИНДЕГИ ТИЛЕГИҢИЗ ҚАБЫЛ БОЛСЫН!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#күн_ҳәдиси

      Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.
Байҳақий рәўияты.

      🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

     🌿Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#жума

     ЖУМАҒА ПИЯДА БАРЫЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

     Имрон ибн Ҳусайн разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:

    «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким жума күни ғусыл қылса, оның гүна ҳәм қәтелери кешириледи. Намазға жүре басласа, ҳәр бир адымына жигирма (20) жақсылық, саўап бериледи. Намазды оқып киятырған ўақтында еки жүз (200) жыллық әмеллер саўабы менен сыйлықланады», – деди».

Табараний рәўият қылған.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

🔹Дүньядағы ең жақсы жолдас – тәсбеҳ.

🔹Ең уллы дос – Қуран.

🔹Ең гөззал муҳаббат – Аллаҳтың жолындағы муҳаббат.

🔹Ең уллы кеўил – мөминниң кеўли.

🔹Ең шырайлы парыз – намаздың парызы.

🔹Ең жақсы көз жас – Аллаҳтан қорқып төгилген көз жас.

🌺Ең жақсы сөз – Ләә иләәҳә иллаллоҳу Муҳаммадур росулуллоҳ.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

«Шайтан инсанларды адастырып атырғанда биринши илимнен тосады. Себеби, илим – нур...
Шайтан илим шырағын өширгеннен кейин инсанларды наданлық қараңғылығында қәлегенше адастырады».

Ибн Жәўзий раҳимаҳуллаҳ.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

Пайғамбар алайҳиссалам сапарға шықпақшы болса, Мәдийнада ақырғы киретуғын үйи қызы Фатийма разыяллаҳу анҳаның үйи болар еди ҳәм сапардан қайтса, киретуғын биринши үйи де Фатийма разыяллаҳу анҳаның үйи болар еди.

Қызлардың кеўли нәзик, соған қарамастан әкесине меҳрибан болады. Бундай кеўил ийелериниң ҳаққын биринши орынлаў керек!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ТАҢҒЫ ЗИКИР

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

«Ким таң атқанда ҳәм кеш киргенде "Субҳаналлоҳи ўә биҳәмдиҳи" деп 100 мәрте айтса, Қиямет күни оннан ҳеш бир адам абзал бола алмайды. Тек ғана оған уқсап (100 мәрте) айтса яки оннан көп айтса абзал болады», деди.

Зикирдиң мәниси: Аллаҳға ҳәмд айтыў менен Оны айып ҳәм нуқсаглардан пәклеп яд етемен.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#қурбанлық

ҚУРБАНЛЫҚҚА ТИЙИСЛИ БАЗЫ ӘМЕЛЛЕР

Қурбанлықтың ҳүкми: Нысаб муғдарындағы пул ямаса мал-дүняға ийе болған, сапарда болмаған ҳәр бир еркек ҳәм ҳаялға ўәжип!

Қурбанлық: Тек ғана төрт ҳайўан - түйе, сыйыр, қой ҳәм ешки. Буннан басқа қуслар ямаса гөши желинетуғын кийик сыяқлы ҳайўанлар да қурбанлыққа өтпейди!

Қурбанлық ўақты: Ҳайыт намазы оқылатуғын жерлерде ҳайыт намазынан кейин басланып, ҳайыттың үшинши күни қуяш батқанша. Ҳайыт намазынан алдын ямаса ҳайыттың үшинши күни қуяш батқаннан соң сойылған жанлық қурбанлық есабына өтпейди!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

СӨГИНБЕҢ!

Сөгиниў, урысыў, жағаласыў, нәлетлеў, жаманлаў сыяқлы жаман қулықлардан жырақ бол.
Аллаҳ тааланың:
"Роҳманның (сүйикли) бенделери – Жер бетинде кишипейиллик пенен жүретуғын ҳәм наданлар (мәниссиз гәплерди) сөйлегенде, «Саламатлық болсын» – дейтуғынлар" аятына әмел қыл!
(Фурқан сүреси 63-аят),

✍️ Шайх Аиз Қарний ҳафизаҳуллаҳ

📖 "Қәлб түбинен" китабынан

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
РӘЎИЯТ

Бир данышпан балаларына былай деп нәсият айтқан екен:
«Перзентлерим, өнер үйрениң, себеби, мал-мүликке исеним жоқ.
Алтын-гүмистен айрылып қалыўың қәпелимде: я уры алады, я өзиң қәрежет қылып таўысасаң.
Тек ғана өнер – ағар булақ ҳәм кәни дүнья. Қолында өнери бар адам ҳәмелден түссе – ғәрип болмайды, себеби оның өнериниң өзи бир дәўлет, қай жерге барса да өзи иззетте, орны төрде болады, ал өнери жоқ адамның ҳеш жерде қәдири болмайды».

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Muslim.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Haj2024
😎 РАСУЛИМИЗ САБРИ
🎙 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎞 YouTube |💻Instagram |📝 Facebook

🌐 https://t.me/+ZgkOZopwJwc3ZWEy

Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати
MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

Әзизлер келиң бирге зикир қылайық!!!

📿Субҳаналлооҳ - 100 мәрте;

📿Әлҳамду лилләәҳ - 100 мәрте;

📿Аллооҳу әкбәр - 100 мәрте;

📿Ләә иләәҳә илләллооҳ - 100 мәрте;

📿Ләә ҳәўлә ўә ләә қуўўәтә иллә билләәҳил алийюл азийм - 100 мәрте;

📿Әстәғфируллооҳ - 100 мәрте;

📿Әс-соләәту ўәссәләәму алайка я расуләллооҳ - 100 мәрте;

📿Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳи - 100 мәрте;

📿Субҳаанәллооҳил азийм - 100 мәрте;

📿Ләә иләәҳә иллә әнтә субҳаанәкә инний кунту минәз зоолимийн - 100 мәрте;

📿Субҳаанәллооҳи ўә ниъмәл ўәкийл - 100 мәрте;


Аллаҳ таала Қураны кәриймде: "Рәббиңди азанлы- кеш ишиңнен өтинип, қорқып, сөйлегенде даўысыңды көтермей, зикир қыл ҳәм ғапыллардан болма!", деди.
Аъроф сүреси, 205-аят

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоинфографика

🐏 Қурбанлық шәртлери ҳәм әдеплери.

📹Таярлаған: muslim.uz

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ар-намысы таза, уяты бар адамның шыққан шыңы шырайлы көринеди. Өйткени, ол не нәрсеге қолы жетсе де, таза, пәк жетеди!

   Бир данышпан айтады, адамның адамгершилиги, ең ийгиликли қәсийети – жан сақлаў емес, арын сақлаў.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#уламалар_сөзи

   АТА-АНАҒА АҚ БОЛЫЎ

   Абдуллаҳ ибн Мүбәрек былай деген:

   «Егер ата-анаң сениң менен келисимге келип жасай басласа, саған сөйлегенде, ашыўың шығыўынан, ғәзеплениўиңнен қорқып абайлылық пенен ойланып сөйлесе, онда билип қой, ата-анаңа ақ болып атырсаң!»

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ҲАЖ ЗЫЯРАТЫНЫҢ ӘДЕПЛЕРИ

1) Ҳаж сапарында ел-журт көрсин деген ойдан сақланыўға тырысыў керек.
2) Бар болса, қарызларды ҳәм киси ҳақыларын өтеп, олардан разылығын алыў керек.
3) Таныслары ҳәм дослары менен ушырасып, олардың дуўасын алыў.
4) Қапаласқан адамлары бар болса, татыўласыўы керек.
5) Ақ рең, кең иҳрам алыў керек.
6) Иҳрам менен жүргенде кийетуғын үсти ашық жеңил аяқкийим (тапочка) алыў.
7) Шубҳалы болмаған, толық хадал ақшасы менен ҳажға барыў керек.
8) Ҳажға баратырғанда диний ҳәм дүньялық ислерде жәрдемши болатуғын жолдаслары болыў.
9) Шаңарақ ағзаларының напақасын нуқсансыз тәмийинлеў.
10) Бул сапарда Аллаҳ тааладан көбирек қорқыў керек.
11) Аллаҳ тааланы көп зикир етиў керек.
12) Ашыўланбаўға беккем болған жақсы, салдамлы болыўға тырысыў керек.
13) Керексиз сөз сөйлеўди ҳәм керексиз нәрселерди тоқтатыў керек.
14) Ҳажға байланыслы мәселелерди жақсылап үйренип, жолда жақсы билмейтуғынларға да үйретиў керек.
15) Ҳаж ўақтында саўда-сатық ислеўден узақ болыўға тырысыў керек.
16) Мудамы таҳәратлы болып жүриўге тырысыў керек.
17) Үйинен шығыўдан алдын еки рәкат намаз оқып, ҳаж әмеллерин нуқсансыз орынлаўшылардан болыўын Аллаҳ тааладан сораў керек.
18) Үйге қайтып келгенде де Аллаҳ таалаға шүкиршилик ретинде еки рәкат намаз оқыў керек.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

    АТА-АНАМЫЗҒА ҲӘР БИР НӘЗЕРИМИЗДИҢ ӨЗИНДЕ БИР ҲАЖДЫҢ САЎАБЫ БАР ЕКЕН...

    Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳу    
    Пайғамба­рымыз алайҳиссаламнан рәўият етеди:

    -"Қайсы бир жақсы перзент ата-анасының жүзине меҳир менен қараса, Аллаҳ таала оның ҳәр бир нәзерине бир ҳаж қылғанның саўабын береди.

    Саҳабалар:
- "Я Расулуллаҳ, бир күнде жүз мәрте қараса жүз ҳаждың саўабы бериле береме?", деди.

   Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә саллам:
   - "Әлбетте, Аллаҳ таала мийирманшылығы кең, жақсы бенделерине саўапларды береди", деп жуўап берди.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қайырлы_күн

🌞 Ассаламу алайкум!
Дүйшемби күниңиз мүбәрек болсын!  
Бүгинги басланып атырған жаңа күниңиз пайызлы ҳәм берекетли болсын! Сиз ҳәм жақынларыңызды жақсы кейпият тәрк етпесин!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM