alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.16K subscribers
17.8K photos
3.41K videos
22 files
15.4K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
#тымсал

КҮШ ЯКИ МЕҲИР

     Бир күни Самал менен Қуяш бәсекилесип қалыпты. "Мен ең күшлисимен", – депти Самал. Ал, Қуяш "Яқ, мен сеннен күшлирекпен!" – депти. Сонда, жолда бир шопан кетип баратырған екен. Жолаўшы шопанды көрген Самал: “Мине, сол шопанның қалың шапанын ким биринши шешип алса, сол күшли болады, келистик пе?" – депти.
"Яқшы, онда сен биринши басла!" – депти Қуяш.
      Сонда, Самал кең қулашын ашып, қанатларын жайып, көтерилип, ҳәмме жерди шаң-тозаң қылыпты. Шопан шапанының белин беккем байлап алыпты.
Самал шопанның шапанын шеше алмай ғәзепленипти. Кейин тағы күшейип, қара булытлар қуяш жүзин қаплапты.
      Ўақыт өтип, қуяштың жүзи көринипти.
     Қуяштың жақты сәўлелери шопанның қайсы жерделигин көрсетипти. Шопан өз шапанына қатты оранып алған екен.
      Сонда, шопан жеңилгенин билипти ҳәм Қуяшқа:
"Мен сонша күш-ғайратым менен шеше алмадым. Қәне енди сен шопанның шапанын шешиўге урынып көр", – депти.
     Сонда, Қуяш тағы да ыссы нурларын шашып, дүньяны қыздырыпты. Қуяш нурларынан терлеген шопан шапанын шешип таслапты.
Самал бул ҳалатқа қарап түсине алмапты. "Өз қәлеўи менен қалайынша оның шапанын шештирдиң?" – деп сорапты, самал.
     "Ҳәмме сыр меҳирде, сен шопанның шапанын жаманлық пенен шештирмекши болдың, ол және де шапанына оранып алды. Ал, мен оған итибар ҳәм меҳир инәм еттим", – депти, Қуяш.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

АҚЫЛЛЫ ҚОРҒАН

Жасы өтип қалған гүрес спорты устазы буннан соң майданға түспеўге қарар қылды. Бирақ, бир күни, оны жасы киши ҳәм менмен бир палўан гүресиўге шақырды. Гүрес устазы оған итибар да бермеди, индемей отыра берди. Жас палўан оны масқаралаўға түсти. Бирақ, бул да нәтийже бермеди. Ақыры жас палўан индемей кетип қалды.
Кексе устаздың шәкиртлери оның ис-ҳәрекетинен ҳайран қалды.
– Неге? Сизге қәдир-қымбатыңыз ҳеш әҳмийетли болмаса?!
Устаз бул сораўға сораў менен жуўап берди:
– Егер сизге биреў саўға берсе, бирақ оны алмасаңыз, саўға кимде қалады?
– Ийесиниң өзинде қалады! – деди олар.
– Көре алмаўшылық ҳәм ғәзеп те тап сондай. Егер бизлер оны қабылламасақ, ол ийесинде қалады.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#қайырлы_таң

☀️АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!

Қайырлы таң!

Аллаҳ шаңарағыңызға тек қуўаныш ҳәм шадлық, меҳир-мүриўбет, хожалығыңызға берекет, ҳадал ырысқы, беккем ден-саўлық ҳәм ийман зыядалығын несип етип, мудамы жақсылықлар үстинде қылсын!

Бахыт излегенге бахыт, перзент талапларға перзент, дәртлилерге дәрман, кеселлерге кәмил шыпа берсин!

Кәсип-кәриңизге раўаж, өзиңизге әўмет, перзентлер бахыт-ығбалын, камалын көриң. Аллаҳ барқулла Өз панасында асрасын!


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдийс #дуўа

Әбиў Айюб Ансорий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллалаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким «Ләә иләәҳә илләллоҳу ўаҳдәҳу ләә шәрийкә ләҳу, ләҳул мулку ўә ләҳул ҳамд ўә ҳуўә аләә кулли шәй’ин қодийр» деп он мәрте айтса, Исмайыл пайғамбардың зүрриятынан төрт кисини азат еткендей болады», – деди.

(Имам Бухарий ҳәм Мүслим рәўият қылған).

Дуўаның мәниси: «Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ, Ол жалғыз, Оныӊ шериги де жоқ, пүткил мүлк Оған тийисли, ҳамд оған тән, ҳәм Ол ҳәр бир нәрсеге қәдир».

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

🔹Бул дүньядағы ғамың тек Аллаҳты разы етиў болсын, басқа тәшўишлерди ғам деп билме.

🔹Дүнья ғамын өзиңе жүклеп алма, себеби ол Аллаҳ таалаға тийисли.

🔹Ырысқыңның тәшўишин де өзиңе алма, ол да Аллаҳтыки.

🔹Ертеңниң де тәшўиши саған түспесин, ол Аллаҳтың ықтыярында.

🔹Тек бир ғамды мойныңа ал, ол да болса қалайынша Аллаҳты разы қылыў болсын.

🔹Егер сен Аллаҳты разы қыла алсаң, Аллаҳ та сеннен разы болады ҳәм разы қылады... ҳәм саған Оның Өзи жетерли болады ҳәм сени бай-дәўлетли етеди!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

НАЛЫМАҢ

Тыныш океанында бир кеме апатшылыққа ушырады. Кемедеги теңизшилерден тек ғана биреўи аман қалды. Ол 21 күн суў ортасында қалып кетти. Оны қутқарып алғанда, аяқлары топыраққа тийгенде, адамлар: "Бул ўақыядан алған ең үлкен сабағыңыз не болды?" - деп сорады.
Сонда ол: "Бул ҳәдийседен алған ең үлкен сабағым, инсанның жаны саламат, алдында ишиўге жарамлы таза суў ҳәм жетерли аўқат болса, өмирден налыўдың ҳасла кереги жоқ екен", - деп жуўап берди.

Әттең, адамзат түсиниўи мүмкин, бирақ басынан өтпегенше сезине алмайды...

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

ИЛИМ – КИБРГЕ ЖОЛ БАСЛАМАСЫН!

Ҳафиз Ибн Ражаб раҳимаҳуллаҳ айтды:
Пайдалы илимниң белгилери – илимди даўа қылмаў, ҳеш кимге ол арқалы мақтанбаў, өзгелерди наданлықта айыпламаў, тек сүннетке ҳәм оның әҳлине қылаплылық қылса ғана Аллаҳ ушын оларға ғәзеплениў. Өзи ушын ғәзепленбеў ҳәм сол арқалы биреўден үстинмен деген ойға бармаў.
Енди пайдасыз илим ийеси болса, адамларға өзиниң илими менен кеккейиўден басқа ҳәрекети жоқ, өзиниң абзал екенин көрсетеди. Бул арқалы адамлардан үстинмен деп ойлайды. Мине, усы ең унамсыз қәсийет.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

      ДУЎА – УЛЛЫ ИБАДАТ

       Динимизде ибадатлардың ҳәр түрли көринислери бар. Солардан бири дуўа – бендени Раббиси менен байланыстырыўшы ҳәм оған мислсиз руўҳый қуўат бериўши ибадат есапланады. Бенде дуўа жәрдеминде кеңшиликте де, қыйыншылықта да Рәббисине жалбарынады ҳәм сыйынады. Дуўа уллы ибадат.
      Дуўа – сөзликте “сораў”, “илтижа қылыў”, “жалбарыныў” мәнилерин билдиреди. Ал, шәриятта Аллаҳ тааладан бендениң өзин пәс тутып жәрдем, мәдет сораўына айтылады.
     Аллаҳ таала дуўаның әҳмийети туўрысында Қураны кәриймде былай дейди:
     “Егер бенделерим сеннен Мен ҳаққымда сораса, (онда оларға мениң мына сөзимди жеткизиң): Мен, әлбетте, жақынман. Дуўа қылыўшының дуўасын қабыл қыламан. Солай екен, олар да Мениң (буйрықларымды) қабыл етсин ҳәм ийман келтирсин. Қәне еди, олар туўры жолды тапса” (Бақара сүреси, 186-аят).
      Аяты кәриймада мөминлер ушын үлкен хош хабар бар. Ол да болса дуўа қылыўшы ҳәм жалбарыныўшының сорағанын бериўге иләҳий ўәде берилмекте.
     Аллаҳ таала зарланып, жасырын ҳәм сынықлық пенен дуўа қылыўға буйырып былай деген:
      “Рәббиңизге зарланып ҳәм жасырын дуўа қылың. Ол ҳәдден асыўшыларды жақсы көрмейди” (Аъроф сүреси, 55-аят).
      Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам дуўа ҳаққында мынандай деген:
     “Әлбетте, дуўа – ибадат! Кейин “Меннен дуўа қылып сораң, қабыл етемен”, – деген аяты кәрийманы оқыды” (Имам Бухарий рәўияты).
     Және бир ҳәдиси шәрийпте Пайғамбар алайҳиссалам айтады:
      “Аллаҳ таалаға дуўадан көре ҳүрметли (сүйкимли) нәрсе жоқ!”.
(Имам Бухарий рәўияты).

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#имам_бухарый

«Имам Бухарый басып өткен жоллар жәмленсе, жер шарын еки мәрте басып өтиўге жетеди», делинген. Имам Бухарый усы илим жолында күни-түни тынбай изленген.

Имам түнде оянып, шамды жағып, бираз жазар, соң және уйқыға кетер еди. Кейин ядына және бир нәрсе келип қалса, орнынан турып, және шамды жағатуғын еди. Ҳәтте базыда бир түнниң өзинде жигирма рет шамды өширип-жаққаны рәўият етилген.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың !

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа #тилек

Бүгин күн даўамында Аллаҳ таала бәршемизге:

🔹Жақсылық есиклерин,🚪

🔹Аманлық есиклерин, 🚪

🔹Саламатлық есиклерин,🚪

🔹 Неъмат есиклерин,🚪

🔹 Берекет есиклерин,🚪

🔹 Күш-қуўат есиклерин,🚪

🔹 Дослық есиклерин,🚪

🔹 Мийрим есиклерин,🚪

🔹 Ырысқы есиклерин,🚪

🔹Илим есиклерин,🚪

🔹Мағфират есиклерин,🚪

🔹Меҳир-муҳаббат есиклерин ашсын!🚪


Қайырлы таң әзизлер.

Сизди ҳәм шаңарағыңызды саламатлық, бахыт-саадат, берекет, мол ырысқы несийбе ҳеш қашан тәрк етпесин!
Биз бенен бирге болың.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдийс

ҚЫЗ ПЕРЗЕНТ ТӘРБИЯЛАЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

     Уқба ибн Амир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
     «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Кимниң үш қызы болып, сабыр менен өсирсе, тапқанынан оларды кийиндирсе, олар оның ушын дозақтан перде болады», – деди.


      Шолыў: Бул ҳәдисте перзентке, әсиресе қыз перзентлерге жақсы қараў, оларды сабыр менен өсириў, жедирип, кийиндириў үлкен саўапқа ылайық ис екенлиги айтылмақта. Қызлар көп болса, оларды тәрбиялап, кәмалға келтирип, жай-жайына қойыў қыйын. Қыз балаға туўры тәрбия бериў, әдеп бериў, ийман-Исламды танытыў, жедириў, ишириў, кийиндириў үлкен машақатлы ис болып, буның ушын ата-анадан үлкен сабыр талап қылынады.

     Соның ушын да, ҳәдийси шәрийфте «оларды сабыр менен өсирсе», деп айтылып атыр. Соның ушын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да буған сабыр қылған адамларға жәннетти ўәде қылып атыр.

      Әлбетте, үш қызды туўып, тәрбиялап, кәмалға жеткизиў аңсат емес. Бирақ, бул машақатлы ис ушын Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ўәде қылып атырған сыйлық та аз емес, әлбетте.

     Бул ҳәдистен алынатуғын пайдалар:

1.Үш  қызды тәрбиялаў үлкен саўаплы ис екени.
2.Қызлар тәрбиясында сабыр керек екени.
3.Қызларды кийиндириў саўаплы ис екени.
4.Қызлар қыямет күни оларды бағып, өсирген ата-аналары ушын дозақ отынан перде болыўы.

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф раҳимаҳуллаҳтың «Әдеплер ғәзийнеси» китабынан.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM