alberuniy.uz| Rásmiy kanal
4.47K subscribers
18.7K photos
3.55K videos
23 files
16.1K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
#Уламалар

Шаъбий раҳимаҳуллаҳ:
- “Уламалар менен бирге отырыңлар, себеби, жақсы ҳалда болсаңыз сизлерди мақтайды. Ал, жаман ҳалда болсаңыз, оны сизлерге түсиндирип, қәтеңизди кеширеди. Егер қәте ис қылсаңыз қопаллық етпейди. Егер түсинбесеңиз сизлерге тәлим береди. Егер олардың ҳүзиринде болсаңыз сизлерге мәнпәәт береди” - деди.



Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
#уламалар_сөзи

ХОЖАКӨРСИНЛИК!

Фузайл ибн Ияз раҳимаҳуллаҳ айтады:
"Шайтан инсанға ҳәр тәрептен ҳийле етеди. Инсанның әмеллерин суўырып алғанша изинен жүре береди.
Инсан түнде таҳажжуд намаз оқыса, бул қылған әмелин "Түнги намаз жүдә ләззетли-дә!"-деп өзи басқаларға айтады.

Егер ораза тутса "Сәҳәрликке турыў жүдә қыйын-дә!", "Шөллеў жүдә қыйын болады дә!" - деп басқаларға ораза екенин өзи билдирип қояды. Нәтийжеде, рия қылғаны ушын әмели бийкар болады".

https://t.me/alberuniyuz
#уламалар_сөзи

Не ушын Рамазан оразасы миләдий сәне менен емес, ал ҳижрий сәне менен белгиленген?

Себеби Аллаҳ таала бәрше адамларға ҳәмме мәўсимде ораза тутыў имканын берди. Егер ораза миләдий сәне менен белгиленгенде, жердиң бир тәрепиндегилер узын ораза тутса, екинши тәрепиндегилер қысқа ораза тутқан болар еди. Нәтийжеде теңлик жоғалар еди.

Рамазан айы ҳәр жылы он бир күн ерте келеди, сонлықтан отыз еки жылда жылдың ҳәмме күнин айланып шығады.

Аҳмад Дийдад

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
#Уламалар_сөзи

БИРЕЎ МАҚТАСА

Биреў сени өзиңде жоқ сыпатлар менен орынсыз мақтаса: Әстәғфируллоҳ (Аллаҳым мени кешир) ҳәм Әлҳамдулилләҳ (Аллаҳға шүкир), деп айт.

Әстәғфируллоҳ - мақтаўға ылайық болмағанымыз ушын айтамыз.
Әлҳамдулилләҳ - барлық мақтаўлар Аллаҳға тән болғаны ушын айтамыз.

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Уламалар сөзи

Ибн Аббас разияллаҳу анҳудиң тапқырлығы

Рим императоры, Муаўия разияллаҳу анҳуға шийше ыдысты жиберип, оған бир тири нәрсени салып, өзине қайтарып жибериўин сорайды. Муаўия разияллаҳу анҳу ыдысты Ибн Аббас разияллаҳу анҳуға жибереди.

Муаўия: «Ыдысқа суў толтырылсын», дейди. Оған суў толтырып, Рим императорына алып барды. Император шийше ыдыстағы суўды көрип:
«Оғада тапқыр инсан екен!» дейди.

Ибн Аббас разияллаҳу анҳудан адамлар: «Буны қалайынша таптыңыз?» деп сорағанында, ол: Қураны кәримде «Аллаҳ таала «Барлық тири нәрселерди суўдан жараттық», деп баян еткен», деп жуўап берген екен.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
facebook каналымыз: https://www.facebook.com/alberuniyuz.medrese
#уламалар_сөзи

“Бир мусылманның қәтесин билсең, оған буны жалғыз қалғанда айт. Ҳасла оны өсек етпе. Оған нәсият айтажақ болсаң, айыбын билгениң ушын оған пәс нәзер менен қарама. Мақсетиң оны гүнадан қутқарыў болсын, бунда сен мисли өзиңде кемшилик болғандай қапа бол. Буның ушын саған үш әжир бар – нәсият айтыў, достыңның кемшилигине қапа болыў ҳәм оны динде беккем болыўына көмеклесиў саўабына ийе боласаң”.

Имам Ғаззалый раҳматуллаҳи алайҳ


https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
#уламалар_сөзи

Ҳикметлер

1. “Еки жүзлиниң белгиси үшеў: өтирик сөйлеў, ўәдесиниң үстинен шықпаў ҳәм аманатқа қыянет етиў”.
2. Ўәдесиниң үстинен шықпаў жүдә жаман ис, сөйлемей турып жумысты ислеп қойыў жүдә шырайлы ис!
3. Опасызда уят жоқ, уятсызда опа жоқ.
4. Айтып қойып бермейтуғын нәрсеңди тилиң менен айтпа, ўәде берип қойғаныңнан кейин ўәдеңнен қайтпа.
5. Өз ўәдесинде турмағанда түрли себеплерди келтириўши адам ҳеш қашан мәрт есапланбайды.
6. Ўақты сааты жеткенде қылынатуғын ўәдеден де жақсырақ ис жоқ.

"Бала әдеби менен әзиз" китабынан

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
#уламалар_сөзи

“Бир мусылманның қәтесин билсең, оған буны жалғыз қалғанда айт. Ҳасла оны өсек етпе. Оған нәсият айтажақ болсаң, айыбын билгениң ушын оған пәс нәзер менен қарама. Мақсетиң оны гүнадан қутқарыў болсын, бунда сен мисли өзиңде кемшилик болғандай қапа бол. Буның ушын саған үш әжир бар – нәсият айтыў, достыңның кемшилигине қапа болыў ҳәм оны динде беккем болыўына көмеклесиў саўабына ийе боласаң”.

Имам Ғаззалый раҳматуллаҳи алайҳ


https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA