alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.72K subscribers
17K photos
3.22K videos
22 files
14.6K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
#ҳикмет

Дуўаңның қабыл болыўына исенип дуўа қыл. Аллаҳ таала қабыл қылыўды қәлемегенде еди саған дуўа есигин ашпаған болар еди.
Дуўаның қабыл болыўы Ол (Аллаҳ) қәлеген ўақытта болады, сен қәлеген тәризде емес.
Егер сорағаныңды кешиктирип атырған болса, демек Ол (Аллаҳ) сениң даўсыңды еситиўди жақсы көрер екен.

Умар Абдулкафий



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Ҳикмет

Биреўге ылай сыйпаўға (тас атыўға) урынбаң! Ылай оған тиймеслиги мүмкин, бирақ сизиң қолыңыз ылайға былғаныўы менен қалады.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#Ҳикмет

​​​Дүньядағы ең күшли инсанлар ким билесиз бе?

Дүньядағы ең күшли инсанлар - өзиниң басына жаўған қарды өзи гүреп үйренген ҳәм бул қардан да, гүректен де турмысындағы суўықтан да шикаят қылмайтуғын аналар!...


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#Ҳикмет

Бир күни аўыл халқы жаўын сорап аллаҳ таалаға сыйынбақшы болды. Сыйыныўға белгиленген күни барлық халық жыйналды. Тек бир ғана бала өзи менен саябан алып келди.
Бул ИЙМАН еди.

Жас баланы аспанға ылақтырсаңыз, ол күледи. Себеби, ол әкеси услап қалыўын биледи.
Бул ИСЕНИМ еди.

Перзентиңизди урыссаңыз, ол көзлерине жас алып сизди қушақлайды. Оған мийримиңиз келип жубатыўыңызды қәлейди.
Бул МЕҲИР еди.

Сиз аўыр жағдайда қалсаңыз, сизиң ақылыңыз емес, қәлбиңиз буйырғанындай ис тутасыз.
Бул АҚЫЛ еди.

Ҳәр күни уйқыламақшы болғанымызда, ертеңги таңда өмирде болыў ушын кепиллик жоқ. Бирақ, биз әдетимизге көре қоңыраўлы саат (будильник)ти сазлап соң уйқылаймыз.
Бул ҮМИТ еди.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#Ҳикмет

Туўры ҳәм ҳақ жолдан жүрген инсанның жүриси арысланның жүрисинен де айбатлы.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#Ҳикмет

Инсан соншелли уллы, оның пазыйлетлерин өлшеў, дүньядағы ең бийик таўдың бийик шоққысына ембеклеп шығыў қыйыншылығы менен тең...

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Жүдә аз, санаўлы ҳәм ең жақсы инсанлар билмеген нәрсесин жасырмастан, ашықтан-ашық әпиўайы ғана етип "билмеймен" деп айта алады.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#Ҳикмет

"Егер ҳәмме нәрсе сен қәлегендей болып атырған болса, бахытлысаң. Егер сен қәлегендей болмай атырған болса бахытлырақсаң. Себеби, Аллаҳ тааланың қәлегени болып атыр!".



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#Ҳикмет

Таң мәҳәлиндеги дуўа ҳәм истиғфар себепли, өмириңде мөжизалар жүз береди.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Бир кемшилигиңди дүзетиўди басласаң, басқа кемшиликлериңди де көре баслайсаң. Сол тәризде өзиңдеги барлық кемшиликлерди дүзетесең ҳәм еки дүнья саадатына ерисесең. Себеби, Аллаҳ ушын инсанлардың ең сүйкимлиси өз кемшиликлерин дүзете алған бенде.

Имам Ҳасан әл-Басрий


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
​​#Ҳикмет

Егер бир исте әўметиңиз келмесе билиң:
Аллаҳ таала сондай болыўының сизге жақсы екенин биледи. Яки сиз оған еле таяр емессиз. Яки оны сиз ҳәзир көтере алмайсыз. Яки келешекте оннан да жақсы ис күтип турған болады. Соның ушын Аллаҳ тааланың жазғанына разы болың! Күле шырай берип жүриң ҳәм босаспаң!

Шайх Муҳаммад Мутаўаллий Шаъраўий

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Егер қәлб тынышсызланып, қәўетерге түссе, оны Аллаҳ тааланың зикиринен басқа нәрсе тынышландыра алмайды.

Ибн Қаййим раҳимаҳуллаҳ

Зикир дегени не? "Зикир" - еслеў, ядқа алыў деген мәнилерди аңлатады. Егер бенде Рәббисин ядқа алса, ямаса тилде исимлерин айтса "Аллаҳты зикир қылды" делинеди.
Зикир етиўде көп саўаплар болыўы, адамға үлкен пайдалар келтириўи ҳәдиси шәрийфлерде айтылған.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Аңшы жигит ҳәм қасқыр

Бир күни аңшы жигит мылтығын желкесине илдирип, бөрибасар ийтин жетеклеп таўға аңға шығыпты. Таўда бир неше қуслар атыпты. Аңы оңынан келип, аңшы жигит жақсы кейпиятта таўдан пәске түсип киятырғанында көзи бир үңгирге түсипти. Әстен үңгирге кирип, қараса бир қасқыр еки баласын емизип атырған екен.

Аңшыны көрген ана қасқыр ырылдапты. Жигит тезде қасқырды атыпты. Ийти балаларын талап таслапты. Аңшы кеште үйине қайтыпты. Досларын шақырып зыяпат берипти. Зыяпат ярым түнге шекем даўам етипти.

Таңда жигит ҳәўлидеги шаўқымнан ояныпты. Жүгирип сыртқа шықса, ҳәўлиниң ортасында үлкен еркек қасқыр турар, қасында аңшы жигиттиң 5 жасар қызы қасқырдың қуйрығынан тартар ҳәм:

- Әкежан қараң, үлкен күшик! - деп бақырар еди. Ол кеше өзи өлтирген қасқыр балаларының әкеси еди.

Жигит - "Тамам! Қызымнан айырылдым! Қасқыр өш алыў ушын келди! - деген ойда еди. Қасқыр кишкене қызды ийискелеп, муңлы даўыста уўылдапты. Аралық қаншелли узақ болмасын аңшы жигит қасқырдың көзлеринен ағып турған жасты көрер еди.

Қасқыр тезлик пенен жуўырып, дийўалдан секирип, көзден ғайып болыпты. Аңшы жигит қатты қорқып қалған еди. Зорға қәдем таслап барып, қызын қушақлап жылапты. Ҳәтте, сол тилсиз, санасыз жәниўар да қызға рейим қылған еди.

Ол инсан болып турып, қасқырдың балаларына рейими келмеген еди. Жигит мылтығын тасқа урып, сындырып таслапты ҳәм аң аўламаўға ант ишипти.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

24 саатты тек өзиңе сарплама

Басқалар ушын қайғырыў, басқаларға дәлде болыў ҳәм басқалар менен пикирлесиўди де ядыңнан шығарма. Турмысыңда мазмун-мәнис жоқлығын сезген күниң әтирапқа қара ҳәм адамларға жәрдем қолын соз. Бул жақсылығың бахытлы жасаўың ушын себеп болады.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Қуўанып турғаныңда ўәде берме!

Ғәзепленип турғаныңда сөйлеме!

Қыйналып турғаныңда қарар қабыл етпе!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет


Егер өмириңиз даўамында жумыс
жүзесинен бе, мүтәжлик яки
дәртиңизди кеткизетуғын бир
мәсләҳәтке мүтәжлик сезсеңиз яки
ғайратыңызға қандай да бир нәрсе
тосқынлық етсе, билиң,
оның ең нәтийжели даўасы
- Жақсылық ислеў!


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Басыма тәшўиш түскенде "Жақсылыққа шығар" дедим.

Егер қайғылы күн келсе "Ертең шырайлы күн келеди", дедим.

Бир нәрсени қолымнан шығарып жибергенимде: "Аллаҳ таала орнын толтырады", дедим.

Ең әҳмийетлиси Рәббим ҳаққында жақсы гүманда болдым. Ҳәр қандай жағдайда да, Аллаҳ таалаға мақтаўлар болсын!

Әлҳамдулиллаҳ
Әлҳамдулиллаҳ
Әлҳамдулиллаҳ

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

БАХЫТ ДЕГЕН НЕ?

Бахытлы болыў ушын алды менен оның не екенин билиўиңиз керек. Егер, адам бахыттың не екенлигинен хабары болмаса, ол алтынның үстинде отырып аштан, суўдың үстинде отырып шөлден өледи.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Ең көзи өткир адам – бул қызғаншақ,
көре алмаўшы адам, себеби ол сизде жоқ нәрселерди де көреди

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Әпсаналар әйне турмыстан алынады

Қуласа: Жумысларым дым әсте жүрип атыр, пәленше болса тез көтерилип кетти, деп өзгелерге көре алмаўшылық қылыў яки түскинликке түсиў керек емес. Әсте болса-да, тийкарғысы мақсетке қарай тоқтамастан алдыға барабериў керек. Қалғаны Аллаҳтан.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz