alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.76K subscribers
17K photos
3.21K videos
22 files
14.6K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
#тәрбия

Уллы алымның китап оқыўға итибары

Оныншы әсирдиң атақлы мусылман алымларынан андалусиялы ибн Рушд өмири даўамында тек еки түнде китап оқымаған екен: бириншиси үйленген түнинде ҳәм екиншиси әкеси қайтыс болған түнде.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

АТА-АНАНЫҢ ЖЫЛАЎЫ

Тойсаладан рәўият қылынады:
«Ол киси Ибн Умар разыяллаҳу анҳудың «Ата-ананы жылатыў – ақ болыў ҳәм гүналардың ең үлкенлеринен», дегенине еситкен екен».

Шолыў: Демек, надурыс мәмиле, гәп-сөз яки қандайдур ис-ҳәрекет ақыбетинде перзент ата-ананың жылаўына себеп болса, ақ болған есапланады. Яғный, үлкен гүна ислеген болады. Соның ушын ҳәр бир мөмин-мусылман перзент ҳеш қашан ата-анасын қапа қылмаўы ҳәм олардың көзине жас келиўине себеп болып қалмаўға ҳәрекет етиўи керек болады.

«Әдеплер ғәзийнеси» китабынан


Түсиндирме: Әлбетте, бул жерде перзентиниң жақсылығынан яки оның жетискенлигинен ямаса перзенттиң оларға қылған хызметинен кеўили елжиреп көзине жас алыўы кирмейди. Булар қуўаныш ҳәм шүкиршилик жаслары. Жоқарыда ата-ананы қапа қылып яки олардың кеўилине тийип жылаўына себеп болыў ҳаққында сөз кетип атыр.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Перзент тәрбиясы ушын пайдалы кеңеслер

🔶Перзентиңизге: «Бөлмеңе қара, жайрап кеткен, жыйнастыр!!!» демең!
🔷«Балам, кел бөлмеңди бирге тазалаймыз!» дең!

🔶Перзентиңизге: «Үйге кир! Сабағыңды таярла! Ойынды қой!» демең!
🔷«Кел екеўимиз сабақ таярлаймыз, кейин ойнаймыз ямаса чай ишемиз!» дең!

🔶Перзентиңизге: «Бар тисиңди жуў! Аўызың сасып кеткен, айтпаса жуўмайсаң! Басыңды ислетпейсең бе?» демең!
🔷«Мениң балам есейген, тислерин өзи жуўады!» дең!

🔶Перзентиңизге: «Болды шоколад жейберме, тисиң ширип кетеди» демең!
🔷«Сен есейдиң! Тисиңди де өзиң жуўатуғын болдың. Соның ушын күнине бир шоколад жеўиңе руқсат беремен!» дең!

🔶Перзентиңизге: «Дийўалға сызба!» демең!
🔷«Қағазға сүўрет салып бер, дийўалға я музлатқышқа илдирип қоямыз» дең!

🔶Перзентиңизге: «Саған неше мәрте айтыў керек, шеп тәрепиңде жатпа, деп!» демең!
🔷«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салам бизлерге оң тәрепимизде жатыўды үйреткен!» дең!

      «Қус уясында көргенин қылады» деген. Алдын, барлық жақсы ислерде перзентиңизге өзиңиз үлги болың. Сиз айтатуғын ҳәр бир сөз, ис-ҳәрекетиңиздиң тәсири перзентиңизде көринеди!


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият #тәрбия

ӘБИЎ ҲАНИФА РАҲМАТУЛЛАҲИ АЛАЙҲТИҢ ГӨЗЗАЛ ҚУЛЫҚЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

     Заҳабий Мужалиддин рәўият қылады:
      «Мен Ҳарун Рашидтиң қасында едим. Сол пайыт Әбиў Юсуф келип қалды.
   Ҳарун Әбиў Юсуфке:
        «Маған Әбиў Ҳанифаны тәрийплеп бер», – деди.
   Әбиў Юсуф былай деди:
        «Аллаҳға ант, Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳи Аллаҳ ҳарам қылған ислерден қатты сақланған, дүнья әҳлинен шетте жүриўши, сөйлей бермейтуғын, бәрқулла пикирлеўши, бийҳуда сөзлерден сақланыўшы инсан еди. Қашан оннан сораў соралса, билсе жуўап берер еди. Ҳәй мөминлердиң әмийри, мен Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳти нәпси ҳәм дининде беккем, инсанлардың айыбын излеўди тәрк етип, өзиниң нуқсанларын дүзетиўге бел байлаған инсан деп билемен. Кимди еслесе, жақсылық пенен еслер еди».
      Сонда, Ҳарун Рашид:
      «Бул солиҳ инсанлардың көриниси», – деди».

      Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳтиң жоқарыда зикири келген қулықларын еки бөлимге ажыратыў мүмкин:
     1. Аллаҳ таала менен болған қулықлары. Яғный, оның Аллаҳ таалаға ықлас пенен ибадат етиўи, Оннан қорқыўы ҳәм Оған болған тақўасы.
     2. Инсанларға болған қулықлары. Яғный, инсанларға сақыйлығы, нәсиятлары, жақсылық қылыўы, сабыры ҳәм кишипейиллиги.


«Имам Аъзам» китабынан

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет #тәрбия

ПУЛДЫҢ БАҲАСЫ ҲАҚҚЫНДА

    Ашраф Әлий Таҳанаўий раҳимаҳуллаҳ айтады: «Базы адамлар зәрүрий қәрежетлерин питкериў ушын пул табыўға ҳәрекет етеди. Зәрүрлиги қандырылғанынан кейин пулдың жүзин көриўди де қәлемейди. Ал, базылардың пулдың өзине муҳаббаты болады. Бул жүдә жаман кеселлик. Бундай адамлар «Мениң сонша пулым бар», – деп мақтанады.
     Пулға муҳаббат ҳәм оннан рәҳәтлениў ҳаққында сөз болғанда достым айтып берген бир судхордың ҳикаясы ядыма түседи.
     Судхор қәстеленип қалды. Пулы көп болса да, өзин емлетпейтуғын еди. Досларының ҳәм жақынларының қыстаўы менен даўаланыўға зорға разы болады. Лекин, «Шамалап есаплаң, емлениўге қанша пул кетер екен?» – деди. Дослары бийтаптың тамырын көрип, рецепт жазатуғын шыпакерди алып келиў, жазып берилетуғын дәрилердиң ишиў мүддети, қулласы ҳәммесине шама менен қанша пул сарп болыўын есаплап айтты. Ал, ол «Әне енди, өлиўге қанша пул сарп болыўын айтып бериң», – деди. Қасындағылар бул сарп қәрежетти де айтып берген еди, ол: «Өлип кетеберейин, деген пикирге келдим. Себеби, емлениўге көп пул кетер екен, өлиўге болса азлаў», - деди.
      Инсан соншелли де бола ма?! Бул пулға муҳаббат ҳаққында еситкен ҳикаяларымның ең жоқары дәрежесиндегиси еди».


«Малфузат», 6-ж, 154-б.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

ИЛИМ УШЫН САРПЛАНҒАН ҚАРЖЫ

Сундар Пичай 10-июнь 1972-жылда Мадурай, Тамилнад, Ҳиндистанда туўылған.
Сүўреттеги бул жигит буннан 27 жыл алдын АҚШтың Стенфорд университетинде оқыў ушын грант утады. Бирақ, Ҳиндистаннан ол жерге ушып барыўға ақшасы болмайды. Сонда, әкеси өзиниң дерлик бир жыллық айлығына тең пулға оған жол ҳаққы алып береди. Жигит өмиринде дәслепки мәрте самолётқа шығып, АҚШқа ушып кетеди.
Сол жигит - Сундар Пичай - 2015-жылда дүньяның ең бай компанияларынан бири есапланған Google ширкетиниң бас директоры етип тайынланады. 2019-жылда оның бир жыллық айлығы 281 млн долларға тең болған.
Әкениң бир ўақытлары үлкен мәртлиги күни келип, өз мийўесин берди.

Буны ҳеш қашан умытпаң!
Дүньядағы ең жақсы сарпланған қаржы – бул перзентлериңиздиң келешегин өзгерте алатуғын дәрежедеги билим алыўы ушын сарпланған қаржы!


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Шүкир ҳәм сабыр ҳаққында

Имам Замахшарий өзиниң “Кашшаф” тәфсиринде төмендеги ибратлы бир рәўиятты келтиреди:
– «Имрон ибн Ҳиттан Адам балаларының ең көримсизлеринен бири болып, ал ҳаялы жүдә шырайлы еди. Бир күни сол ҳаял күйеўиниң жүзине қарап турып:
– «Әлхамду лилләҳ» – деп қойды. Күйеўи:
– «Не деп атырсаң?» – деген еди, ҳаялы:
– «Сиз де, мен де жәннет әҳлилеринен болыўымызды ойлап, Аллаҳ таалаға шүкиршилик айттым» – деди. Күйеўи:
– «Екеўимиз де жәннетий болыўымызды қалай билдиң?» – деп сорады. Сонда ҳаялы былай жуўап берди:
– «Сиз мендей ҳаялға үйленип шүкир қылдыңыз, ал мен сиздей еркекке турмысқа шығып сабыр қылдым. Аллаҳ таала шүкир етиўши ҳәм сабыр қылыўшы бенделерине жәннетти ўәде еткен.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

АЛЛАҲ ТААЛАДАН ҚОРҚЫЎДЫҢ БЕЛГИЛЕРИ

     Имам Әбиў Ләйс Самарқандий "Мукәшәфәтул қулуб" шығармасын"да: "Аллаҳ тааладан қорқыўдың белгиси жети нәрседе көринеди" деген. Олар:

1⃣. Тилде. Аллаҳтан қорыққан адам тилин жалған сөзден, ғыйбат қылыўдан, басқаларға дөҳмет тасын атыўдан ҳәм бийкаршы сөзлерди айтыўдан сақлайды;

2⃣. Қәлбте. Аллаҳ тааладан қорыққан инсанның қәлбинде басқаларға деген душпаншылық сезимлери болмайды;

3⃣. Көзде. Аллаҳтан қорыққан адам жеп-ишиўинде де, кийиниўинде де ҳәм басқа орынларда да көзин ҳарам нәрселерден сақлайды;

4⃣. Асқазанда. Аллаҳтан ҳақыйқый қорыққан инсан асқазанын ҳарам луқма менен толтырмайды;

5⃣. Қолда. Аллаҳтан қорыққан адам ҳарам иске қолын созбайды. Аллаҳ тааланың разылығы, саўабы бар ислерге жәрдем көрсетеди;

6⃣. Аяқта. Аллаҳтан қорыққан адам гүна жолында емес, Аллаҳ таалаға ибадат қылыўға, Оған бойсыныўға өзин сарыплайды;

7⃣. Итәәтта. Аллаҳ тааладан қорыққан адам өзин ҳәр дайым пәс санап, тек ғана Аллаҳ тааланың разылығын қәлейды. Басқаларға өзин көз-көз қылыўдан, ҳәм еки жүзлемешиликтен сақланады.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz       🟥youtube 
🌐instagram          🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия #рәўият

НӘПСИМЕ КЕЙИН БЕРГЕНИМ ЖАҚСЫ

Әбиў Хазым раҳимаҳуллаҳ семиз қойдың гөшин сатып турған қассабтың қасынан өтип қалды. Қассаб:
– "Ҳәй Әбиў Хазым, гөш алың, оғада жақсы гөш" – деди. Әбиў Хазым раҳимаҳуллаҳ:
— "Қасымда пулым жоқ" – деди. Қассаб:
– "Пулын кейин-ақ берерсиз" – деди. Сонда Әбиў Ҳазым:
– "Мен ушын сизге (пулын) кейин бергеннен, нәпсиме (гөшти) кейин бергеним жақсырақ" – деп жуўап берипти.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Адамның денесинде алты ағза бар. Олардың үшеўи өзине бойсынса, қалғаны өзине бойсынбайды. Көз, қулақ, мурын адамға бойсынбайтуғын ағзалар. Көргиси келмеген нәрселерин көриўге, еситкиси келмейтуғын гәплер ямаса даўысларды тыңлаўға, жағымсыз ийислерди сезиниўге мәжбүр болады.
Аяқ, қол ҳәм тил адамға бойсынатуғын ағзалар есапланады. Тили менен иләҳий кәламды, шийрин сөзлерди айтыўы ямаса ғыйбат, дөҳмет, жала гәплер менен бәнт етиўи мүмкин. Қоллары менен гөззал буйымлар ислеўи ямаса басқалардың аўырын жеңил қылып, иҳсан, садақалар бериўи мүмкин. Бул қол менен аңсатлық пенен басқалардың ҳәм жетимлердиң мал-мүлкин өзлестирип алыўы да мүмкин. Аяқлары менен болса, қәлесе ибадат қылыўға ямаса - бузық (жаман) ислерге алып барыўы да мүмкин. Нәпси нелерди қәлемейди, дейсиз...

"Мийманның сезимлери" атлы китабынан үзинди

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

ГӨЗЗАЛ ҚУЛЫҚ ПЕНЕН ШАҚЫРЫЎ

      Шайх Абдурраҳман Сумайттың машинасы қаладан узағырақ жерде бузылып қалады. Оның алдынан италиялы пастор (протестан руўханыйы) бир неше жолдаслары менен өтип қалады. Шайх олардан жәрдем сорайды. Олар шайхты масқара қылып:
– “Муҳаммадқа айт, жәрдем берсин” –  деп өтип кетеди.
     Шайх машинасын оңлап, жолда даўам етеди. Тәғдирди қараң, жолда сол пастордың машинасы бузылып қалады. Шайх қасындағы жас шериклери менен бирге оның машинасын оңлаўға жәрдемлесип жибереди. Пастор қысынғанынан терлеп кетеди. Шайх Сумайт оған:
– “Бул жақсылықты бизлер өзимизше қылып атырғанымыз жоқ, оны бизге Нәбийимиз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салам үйреткен” – дейди.
     Кейин ала шайх Сумайтқа сол машинадағы барлық насранийлердиң мусылман болғанының хабары жетип келеди. Шайх:
– “Биз оларға Ислам ҳаққында ҳеш нәрсе демеген едик”  – деп еслейди, Аллаҳ оны мийримине алсын!
      Аллаҳ таалаға шақырыўда биз қаншелли бул сыяқлы ислерге мүтәжбиз!


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Утысқа ерискен инсанлардың өзине тән қәсийетлери:

1. Басқалар әўметим жүриспеди деген жағдайды, олар өмирдиң сабақлары деп биледи;

2. Басқалар қыла алмайтуғын исти, олар бир жолын таўып изленеди, қол силтеп кетпейди;

3. Олар анық, бир нәрсеге тийкарланған режелерди қабыл қылады;

4. Басқалар әўмет келиўин күтип отырса, олар әўметти өзлери излейди;

5. Басқалар сыяқлы оларда да қорқыў бар. Бирақ, қорқыў оларды басқара алмайды. Олар қорқыўды тек ғана қәўетерлениў деп түсинеди;

6. Олар машқаладан қашпайды, тек ғана машқалаға тик қарайды;

7. Олар оптимист адамлар, сол себепли пайдалы тәреплерди көре алады;

8. Олар ҳеш қашан үйрениўден шаршамайды. Ҳәр қандай өмирлик тәжрийбе олар ушын сабақ есапланады;

9. Олар өзиниң ислерин ҳеш қашан артқа сүрмейди. Бул истен олар ҳеш қашан бир нәрсениң келиўин күтпейтуғынын билип алса болады;

10. Олар өзин қандай сезинип турса да, қылыўы керек болған исти әлбетте қылады.

     Сиз де, усындай инсан болыўды қәлейсиз бе, онда жоқарыда айтылған мағлыўматларды оқып, өмириңиздиң бир бөлегине айландырың!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Тәрбия

"Перзентиңниң көз алдында мүтәж адамға жәрдем бериўиң, перзентиңе садақа қылыў ҳаққында мың мәрте сабақ бериўиңнен жақсырақ. Себеби, тәрбия әмелият пенен тәсирли болады!"


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz