#пикирлеў
Социал тармақларда сүўрет қойыўға әдетленип қалған достым! Шаңарағың, перзентлериң, пәраўан турмысың сәўлеленген сүўретлерди қойыўды тоқтат! Ҳәўес етиўши көзлерден көре көре алмаўшы көзлер көплигин, тәсийин қалыўшы көзлерден көре жақсы күниңди көре алмайтуғынлар көплигин умытпа!
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға да көз тийген. Расулуллаҳ алайҳиссалам бизлерди көз тийиўден ескерткен.
Егер көз тийиўден қорықпасаң да, басқалардың сезим-туйғыларын есапқа ал, илтимас!
Көрдик! Сен басқалар ийе болмаған нәрселерге ийе екенсең. Үлкен, шырайлы ҳәўлиң бар екен, басқаларда бундай үй жоқ.
Шаңарағың менен тыныш-татыў екенсең, басқаларда тек урыс жәнжел!
Буларды ҳәммеге көз-көз қыла берме!
Перзентлериң бар екен, басқалар тырнаққа зар.
Шийрин тағамлар жеп сүўретке түсипсең, биреўлер қарны тойып аўқатланыўға мүтәж.
Жақсысы Аллаҳға ҳамд айт, неъматларына шүкир етип, өзиңди де, шаңарағыңды да жаман көзлерден сақла!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🌐 alberuniy.uz 🟥 youtube
🌐 instagram 🌐 facebook
Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️ @alberuniyuz

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат
Ысырап не екенин билесиз бе? Ысырап сөзи сөзликте «шегарадан шығыў» ҳәм «бир нәрсени қасттан умытыў» деген мәнилерди билдиреди. Ал, шәриятта материаллық ҳәм руўхый мәнилерде ислетилсе де, көбирек материаллық сарып-қәрежетлерде өз көринисин табады. Рағиб Асфиҳаний: «Ҳәр қандай исте шегарадан шығыў ысырап», деген.
Қурани кәриймде келеди: «Ағайин-туўысқанға, мискинге ҳәм жолаўшыға ҳаққын бер! Ысырапкершиликке улыўма жол қойма. Ағайин-туўысқанға, мискинге ҳәм жолаўшыға ҳаққын бер! Ысырапкершиликке улыўма жол қойма. Әлбетте, ысырапкерлер шайтанның ағайинлери болған. Шайтан болса, Рәббиңе дым нәшүкир еди». (Исро, 26-27).
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салам: «Жең, ишиң, кийиң ҳәм садақа қылың. Ысырап ҳәм тәкәббирликке жол қоймаң» (Әбиў даўыд ҳәм Насаий рәўияты).
Уламалардың айтыўынша, ысырап камбағаллыққа жетелейди, жәннеттен узақластырып, дозаққа жақынластырады, Аллаҳ тааланың ғәзебине себеп болады.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🌐 alberuniy.uz 🟥 youtube
🌐 instagram 🌐 facebook
Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️ @alberuniyuz
ЫСЫРАП ҚЫЛЫЎШЫНЫ АЛЛАҲ СҮЙМЕЙДИ Ысырап не екенин билесиз бе? Ысырап сөзи сөзликте «шегарадан шығыў» ҳәм «бир нәрсени қасттан умытыў» деген мәнилерди билдиреди. Ал, шәриятта материаллық ҳәм руўхый мәнилерде ислетилсе де, көбирек материаллық сарып-қәрежетлерде өз көринисин табады. Рағиб Асфиҳаний: «Ҳәр қандай исте шегарадан шығыў ысырап», деген.
Қурани кәриймде келеди: «Ағайин-туўысқанға, мискинге ҳәм жолаўшыға ҳаққын бер! Ысырапкершиликке улыўма жол қойма. Ағайин-туўысқанға, мискинге ҳәм жолаўшыға ҳаққын бер! Ысырапкершиликке улыўма жол қойма. Әлбетте, ысырапкерлер шайтанның ағайинлери болған. Шайтан болса, Рәббиңе дым нәшүкир еди». (Исро, 26-27).
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салам: «Жең, ишиң, кийиң ҳәм садақа қылың. Ысырап ҳәм тәкәббирликке жол қоймаң» (Әбиў даўыд ҳәм Насаий рәўияты).
Уламалардың айтыўынша, ысырап камбағаллыққа жетелейди, жәннеттен узақластырып, дозаққа жақынластырады, Аллаҳ тааланың ғәзебине себеп болады.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Каналға ағза болыўды умытпаң!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият
Истиғфар ҳәм тәўбениң пазыйлети
Рәўият қылыныўынша, Муўса алайҳиссалам дәўиринде Бәний Исрайыл қәўимине қәҳәтшилик жетипти. Адамлар Муўсаның алайҳиссалам алдына келип: «Ҳәй Аллаҳтың пайғамбары, Рәббиңе дуўа қыл, бизге жаўын жаўдырсын», – деп өтиниш етти. Муўса алайҳиссалам олар менен бирге саҳраға шықты. Олар жетпис мың яки оннан да көп еди. Муўса алайҳиссалам дуўа қылып: «Илаҳим, бизге жаўыныңды жаўдыр ҳәм мийримиңди түсир, емизиўли нәрестелер, отлайтуғын ҳайўанлар ҳәм қариялардың себебинен бизге рейим қыл», деди. Дуўадан соң қуяш ыссылығы және де күшейди. Муўса алайҳиссалам ҳайран болып, Рәббисинен сораған еди, Аллаҳ ўаҳий қылып: «Араңызда қырық жылдан бери гүна қылып, Маған әси болып киятырған бенде бар, сол бенде саптан шықсын, оның себебинен жаўынды тоқтатып турыпман», деди. Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳым, мен бир әззи бенде болсам, ҳаўазым да күшсиз болса, қай жерге де жетер еди, олар жетпис мыңнан көп», деди. Аллаҳ таала: «Сен айта бер, даўсыңды жеткизиў бизден», деп ўаҳий қылды. Сонда Муўса алайҳиссалам турып : «Ҳәй қырық жылдан бери гүна қылып, Аллаҳға әси болып киятырған бенде, арамыздан шық, сениң себебиңнен жаўын тоқтап турыпты», деп бақырды.
Гүнакар бенде оң ҳәм сол тәрепине қарады, бирақ ҳеш кимниң шыққанын көрмеди. Талап қылынып атырған адам өзи екенин билди. Илажсыз қалған гүнакар адам егер жәмәәттен шықсам шерменде боламан, шықпасам мениң себебимнен жаўын жаўмайды, деп ойлады ҳәм гүналарына қатты пушайман болып, Аллаҳ таалаға жалбарынды: «Пәрўардигар, қырық жыл гүна қылдым, азап жиберместен, шерменде қылмастан мүддет бердиң. Енди болса саған бойсынып сорайман, тәўбемди қабыл қыл». Бенде еле гәпин тамамламай турып аспанға булт келип, мес аўзынан суў төгилгендей жаўын жаўа баслады.
Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳ, гүнакар бендең арамыздан шықпады-ғой, не ушын жаўын жаўдырып атырсаң?», деди. Аллаҳ таала: «Ҳәй Муўса, сол тәўбе қылған бенде себебинен жаўын жаўдырып атырман», деди. Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳ, маған сол бендеңди көрсет», деди. Аллаҳ таала: «Мен оны гүна қылып жүрген ўақытында шерменде қылмадым енди бойсыныўшы болғанында шерменде қыламан ба?» деп жуўап берди.

#аят
Әлбетте, бул Қуран ең туўры жолға ҳидаят қылады ҳәм ийгиликли ис қылыўшы мөминлерге үлкен сыйлық бар екени ҳаққында хош хабар береди.
Қураны Кәрийм
17 - Исро сүреси, 9-аят

#Жума_тилеклери
Жума күниңиз жақсылық пенен баслансын, шаңарақларымыздан тынышлық, татыўлық, саламатлық ҳәм берекет айрылмасын! Жума күнинде Аллаҳ таала дуўаларымызды қабыл етсин, ырысқымызға берекет берсин!
ЖУМА КҮНИҢИЗ БЕРЕКЕТКЕ ТОЛЫ БОЛСЫН!

#ҳәдис
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.
Байҳақий рәўияты.
Және рәўиятларда, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шәпәәтине ең ҳақылы адам – ол инсанға ең көп салаўат айтқан адам екени ҳаққында келген.
Келиң, бүгин жума күни әдеттегиден көбирек салаўат айтамыз.
🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!
🌿Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!

Каналға ағза болыўды умытпаң

#Ҳәдис
«Пайғамбарымыз алайҳиссалам былай деген: «Мөмин адам өз достына ғайыптан дуўа қылса, периштелер: «Әмийн! Саған да сондай болсын!» - дейди».
Дуўалар қабыл болатуғын жума күни мүбәрек болсын.

#ҳикмет #тәрбия
Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу айты:
Үш нәрсе ҳаққында көп ойға талма:
1. Жарлылық ҳаққында ойлама, өйткени ғамың көбейип кетеди. Бундай ғам адамды ашкөз етип қояды.
2. Саған зулым еткен адам ҳаққында ойлама, өйткени қәлбиң ғәзепке толып, душпаншылығың күшейип, қәҳир-ғәзебиң даўамлы болып қалады.
3. Дүньяда узақ қалыў ҳаққында ойлама, өйткени мал-дүньяға қызығып, өмириңди зая етесең ҳәм жақсы ислерди артқа сүресең.

#тәрбия
ДОСЛЫҚ ҲАҚҚЫНДА 6 НӘСИЯТ
1. Умар ибн Хаттаб былай деген: “Инсанларға шырайлы дос болыў – ақылдың ярымы. Билмегенин шырайлы тәризде сораў – илимниң ярымы. Шырайлы илаж етиў – өмирдеги бахыттың ярымы”.
2. Адамның досты көп болса, душпаны кем болады. Себеби, досты көпке ҳәр ким душпаншылық етиўге жүрексинбейди.
3. Қәлпеки дос – ашық душпаннан жаманырақ.
4. Егер мениң достым душпаным менен көп отырған екен, мен оны ҳеш дос деп билмеймен. Ҳақыйқаттан да, зәҳәр араласқан шекерден сақланыў керек.
5. Ҳәр нәрсениң жаңасы, бирақ достың ескиси жақсы.
6. Қыйыншылық себепли Аллаҳ қәлпеки досларыңды електен өткереди. Қыйыншылықта алдыңда туратуғынларды беккем тут.

#ҳикмет
Имам Шафиий раҳимаҳуллаҳ:
«Ғам-қайғы ҳәм қыйыншылық жеткен ўақытта адамлар сизди таслап қойса, билиң, ислериңиздиң басқарыўын Аллаҳ Өз мойнына алыўды қәлемекте», – деген.
«Аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер – Аллаҳтики. Сүйениўге Аллаҳ жетерли».
(«Ниса» сүреси, 132-аят).

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#қайырлы_таң
Басланып атырған күниңиз қайырлы-берекетли болсын!
Ҳәр бир күннен үмит еткен нийетлериңизге Аллаҳ тааланың Өзи жеткерсин!
Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсылықларға толы болсын!
Барлық дуўаларыңыз ҳәм ибадатларыңызды Аллаҳ таала қабыл етсин!
Ырысқыңыз кең, ҳәр бир басқан адымыңыз берекетли болсын!
Аллаҳ таала мудамы сизлерди Өзиниң панасында сақласын!
Шаңарағыңызды бахыт-әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!
Қайырлы таң әзизлер!

#дуўа
Таңда ҳәм кешқурын оқылатуғын дуўа
Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты:
«Ким ҳәр күни таң атқанда ҳәм кеш киргенде: «Ҳасбияллоҳу ләә иләәҳә иллә ҳуў, алайҳи тәўәккәлту ўә ҳуўә Роббул аршил азийм», деп жети мәрте айтса, оның дүнья ҳәм ақыреттеги әҳмийетли ислеринде Аллаҳтың Өзи жетерли болады».
Дуўаның мәниси: Аллаҳтың Өзи маған жетерли. Оннан басқа иләҳ жоқ. Оған тәўекел еттим. Ол уллы арштың Раббиси.

Ибн Сунний рәўияты.
Дуўаның мәниси: Аллаҳтың Өзи маған жетерли. Оннан басқа иләҳ жоқ. Оған тәўекел еттим. Ол уллы арштың Раббиси.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Каналға ағза болыўды умытпаң!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия
ПЕРЗЕНТ
Перзент – Жаратқанның ата-анаға берген ең үлкен инәмы.
Ал перзенттиң қәлби – Жаратқанның ата-ана қолына тәрбиялаўы ушын берген ең үлкен аманаты.
Балаңызға ўақыт ажыратың, оларды Аллаҳға итиқадлы, адамларға исеними бәлент етип тәрбиялаң. Олардың өмириндеги ең исенимли досқа айланың.
Қартайғаныңызда перзентлериңизге ажыратқан ўақытларыңыздан басқа ислериңиздиң ҳеш бири сизге пайда бермейди.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🌐 alberuniy.uz 🟥 youtube
🌐 instagram 🌐 facebook
Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️ @alberuniyuz
ПЕРЗЕНТ
Перзент – Жаратқанның ата-анаға берген ең үлкен инәмы.
Ал перзенттиң қәлби – Жаратқанның ата-ана қолына тәрбиялаўы ушын берген ең үлкен аманаты.
Балаңызға ўақыт ажыратың, оларды Аллаҳға итиқадлы, адамларға исеними бәлент етип тәрбиялаң. Олардың өмириндеги ең исенимли досқа айланың.
Қартайғаныңызда перзентлериңизге ажыратқан ўақытларыңыздан басқа ислериңиздиң ҳеш бири сизге пайда бермейди.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Каналға ағза болыўды умытпаң!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў
ТУРМЫС ҚЫЙЫН БОЛЫП КЕТТИ МЕ ЯКИ…?
Бизиӊ заманымызда нәпсини дүзеў ҳәм өзин-өзи тергеў сезими кемейип бармақта. Көпшилик адамлар ҳақыйқый бахыт не, өткинши бахыт нелигин парықламай қойды. Базыда: «турмыс аўыр, қыйын болып кетти», деп налығанларды еситип қаламыз. Турмыс қыйын болып кетти ме яки биз өзимиз оны қыйын қылып алдық па? Бул сораўды ақыл-парасат ийелериниӊ өзине қалдырамыз. Турмыс қашан жеӊил ҳәм аӊсат болған. Инсан нәпси қулына айланып жасар екен, турмыс ҳеш қашан жеӊил болмайды. Инсан желкесинен нәпси жүги басып турар екен, ол ҳеш қашан емин-еркин нәпес ала алмайды. Дүнья өмири имтиҳан ҳәм сынаў екенин жақсы билемиз. Бирақ, сынаўдан, имтиҳаннан жақсы өтип алыўға ҳәрекет қылыў орнына, нәпсимизге қул болып, бул өткинши дүньяныӊ азғана ләззетлерине алданып жасай беремиз. Еӊ жаманы сонда, базыда: «Адамлар не дер екен?» деген жасалма әндийшелер менен ақылымызға, кеўлимизге, динимизге қарсы исти қыла беремиз. «Дәбдебеден қаш», деп ақыл ҳәм кеўил зар шырқырап турады, бирақ «Үлкен-үлкен той берсем, кеминде еки қазан аўқат тарқатпасам ел-журт не дейди», деген ўасўасалар менен өзимизди-өзимиз қыйнап жүре беремиз.
Ал, ырысқы мәселесинде нәпсимизге пүткиллей бойсынып қалғанбыз. Ақыл ҳәм кеўил: «Келип турған ырысқыӊа разы бол. Көбирек ўақтыӊды ибадат ҳәм қайырлы ислер менен өткер», дейди. Бирақ, нәпсимиз: «Алдын көбирек байлық жыйнап ал, ибадат ҳәм қайырлы ислер қашып кетпейди», деп алдайды. Және «әжеп болады» деп, нәпсиниӊ айтқанына бойсынамыз. Бирақ, имтиҳанға азғана ўақыт берилгенин естен шығарып қоямыз.
Және бир жыл, және бир ай, және бир ҳәпте, және бир күн ғана, жоқ, және бир саат ғана жасаўымызға ҳеш ким кепиллик бере алмайды-ғой.
Солай екен ҳәр бир ўақыт ҳәм саат ғәниймет. Соны есте тутқан ҳалда жақсы, саўаплы әмеллер қылыўшылар ҳеш қашан адаспайды.
Ҳәммемизге сондай әмел қылыў бахты несип етсин!

Ата-анаға жақсылық
қылыў перзент ушын саадат
1. Ата-анасына жақсылық қылыў себепли перзенттиң басына түскен күлпетлер кетеди.
2. Ата-анаға жақсылық қылыў перзенттиң несийбеси кең ҳәм өмири узын болыўына себеп болады.
3. Ата-анаға жақсылық қылыў перзенттиң қылған жақсы әмеллери қабыл болыўына себеп болады.
Ата-анаға жақсылық қылыў төмендеги ислерде көринеди:
1. Ата-анаға қалыс нийет пенен жақсылық қылыў;
2. Ата-ананы жақсы көрип уллылаў;
3. Ата-анаға ҳүрметли болыў;
5. Ата-ана қуўанатуғын ислерди қылыў;
6. Ата-анадан алдын аўқатланбаў;
7. Ата-ана алдына кириўде, шығыўда сәлем бериў;
8. Ата-ана алдында бәлент даўыста сөйлемеў;
9. Ата-ана ушын мал-дүньясынана сарыплаў;
10. Ата-ана жақсы көретуғын адамларды да ҳүрметлеў;
11. Сапарға шыққанда ата-ана дуўасын алыў;
12. Ата-ананың ашыўы келетуғын ислерди қылмаў;
13. Ата-ананы аты менен шақырмаў;

ТҮНДЕ ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Түн болғанда: «Аъузу бикәлимәәтилләәҳит тәәммәти мин шәрри мәә холақ» десең, иншааллаҳ ҳеш нәрсе зыян бермейди», деди.
(Әбиў Даўыд рәўияты).
Дуўаның мәниси: «Аллаҳ тааланың кәмил кәлиймалары менен Ол жаратқан нәрселердиң жаманлығынан пана сорайман».

Аллаҳ таала түниңизди қайырлы қылсын! Аманлықта, саламатлықта көрискеше әзизлер!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Каналға ағза болыўды умытпаң!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия
ТАҚЎА (АЛЛАҲ ТААЛАДАН ҚОРҚЫЎ) ЫРЫСҚЫ КЕЛТИРИЎШИ СЕБЕПЛЕРДЕН
Аллаҳ таала тақўаны ырысқы келтириўши ҳәм оны зыяда етиўши себеплерден қылды.
Қураны кәриймде: “Ким Аллаҳға тақўа қылса, Ол оған (тәшўишлерден) шығыў жолын (пайда) қылады ҳәм оны өзи ойламаған тәрептен ырысқыландырады” (Талақ сүреси, 2-3-аятлар), делинген.
Аллаҳтан қорққан ҳәм барлық аўҳалларда оның разылығын көзлеген адамды Аллаҳ бул дүньяда да, ақыретте де сыйлықлайды. Оған ҳәр бир машақат ҳәм қыйыншылықтан қутылыў жолын ашыўы, билмеген ҳәм ойламаған жерден ырысқы келтириўи әне сол сыйлықлар қатарынан.
Ибн Касир раҳимаҳуллаҳ айтады: “Ким Аллаҳ буйырған нәрселерде тақўа қылса ҳәм қайтарған нәрселерди тәрк етсе, оның қыйын ислеринде шығыў жолын көрсетеди, ойламаған жеринен ырысқыландырады, яғный күтпеген жеринен ырысқы келеди”.