alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.12K subscribers
17.9K photos
3.42K videos
22 files
15.4K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
#ҳикмет

КЕШИРИМЛИ ҲӘМ АЎЫР БАСЫҚ БОЛЫҢ

🔵Дүньяда ҳеш ким сизге толық мүләйим бола алмайды.

🔵Инсанларды олар қандай болса, солайынша қабыл етиң.

🔵Оларды жақсы минезде күтип алың.

🔵Инсанлардың дослық ушын созған қолын бос қайтармастан қабыл етиң.

🔵Оларға аўыр шәртлер қоймаң.

🔵Себеби, сиз сол шәртлерди өзиңизге қойып көрсеңиз, оларды толық орынлай алмаўыңызға гүўа боласыз.

✏️Шайх Ўаиз Қарный ҳафизаҳуллаҳ "Қәлб түбинен"

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдийс

БАЙЛЫҚ ҲӘМ КӘМБАҒАЛЛЫҚ

Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ алайҳиссалам маған:
– “Ҳәй, Әбиў Зарр, мал-мүликтиң көплигин байлық, деп ойлайсаң ба?" – деди.
“Аўа, я Аллаҳтың Расули”, – дедим.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салам:
– “Мал-мүликтиң кемлигин кәмбағаллық, деп ойлайсаң ба?” – деди.
“Аўа, ҳәй Аллаҳтың Расули” – дедим. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салам былай деди:
– “Ҳақыйқый байлық қәлбтиң байлығы, ҳақыйқый жарлылық болса, қәлбтиң жарлылығы. Кимниң қәлби бай болса, дүньяда дус келген қыйыншылықлары оған зыян қылмайды. Кимниң қәлби пақыр болса, дүньяны қанша топласа да, пайда бермейди. Қызғаншақлығы оған зыян жеткереди".


Ибн Ҳиббан рәўияты.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет #тәрбия

ҚӘЛБЛЕР

Алымнан шәкирти сорады: "Инсан қәлби ҳаққында жүдә көп түсиниклер бар. Соннан ең әпиўайысын айтып бериң".
Сонда, алым жуўап орнына шәкиртин бир ханаға жетекледи. Ол хананың иши жүдә гөззал ҳәм ортада бир кесе аўқат турар еди. Сол аўқаттан жағымлы ийис тарқалар еди. Аўқаттың шийрин екени билинип турар еди. Оқыўшының аўқаттан жегиси келди.
Алым оқыўшысын бул ханадан алып шығып, екинши ханаға киргизди. Ол жер ыссы, сасық ийисине шыдап болмас еди.
Кеседе аўқат болып, оның сасық ийиси ханада тарқалар еди. Иштей жаўылып, ханадан тезирек шығып кетиўге асықты.
Сыртқа шыққаннан кейин алым деди:
"Биринши хана – гөззал қәлбли инсан денеси. Кеседеги аўқат оның қәлби. Ҳәр бир адам оннан татып көргиси келеди.
Екинши хана – жаман қәлбли инсан денеси. Кеседеги тағам оның қәлби. Оннан ҳәмме қашады".


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

ТӘЎБЕ ҲӘМ ИСТИҒФАР

«Тәўбе» сөзликте гүнәдан қайтыў мәнисин билдиреди. Исфаҳаний бул сөзди төмендегише тәриплейди: «Тәўбе гүнәны пүткиллей тәрк қылыў, өткен гүнәларына пушайман болыў, қайтып гүнә қылмаўға урыныў ҳәм қәтени имканы барынша туўырлап қойыў болып табылады. Қашан жоқарыдағы төрт ис жәмленсе, тәўбе кәмил болады».
Ал, Истиғфар – Аллаҳ тааладан мағфиратты, гүнәларды кешириўди сораў болып есапланады. Тәўбе ҳәм истиғфар менен инсанның гүнәлары кешириледи, қәлби жумсайды, ғам-тәшўиши кетеди. Шын тәўбе қылса Аллаҳ тааланың қәлеўи менен ырызқысының пайыз-берекети зияда болады.
Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай деген:

«Рәббиңизге истиғфар айтың! Әлбетте, Ол – (бенделерине) Кеширимли. (Сонда истиғфар айтсаңыз,) ол аспаннан үстиңизге (берекетли) көп жаўын жаўдырады, сизлерге мал-дүнья ҳәм бала-шаға менен жәрдем береди. Сизлер ушын бағларды (пайда) етеди ҳәм дәрьяларды (пайда) етеди». (Нуҳ, 10-12).

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#жума_тилеклери

☀️Ассаламу - алайкум, қайырлы күн әзизлер!

   Берекетли жума таңы шаңарағыңызға бахыт, үйиңизге берекет, кекселерге рәҳәт,  денеңизге саламатлық, қәлбиңизге қуўаныш-шадлық наўқаслар дәртине шыпа алып келсин....

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың !

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Таң намаз

Таң намазына ояныў – мөмин адамның ийманы менен нәпсисиниң нағыз гүресетуғын ўақты.

Сондай-ақ, шайтанның  ҳийлесин әмелге асыратуғын ўақыты десек те болады. Өйткени, шайтан бир мөминниң таң намазын қаза қылдырса, ол бендениң сол күнги ырысқы-несийбеси азаятуғынын, ибадатында белсендилиги төменлеп, ийманы ҳәлсирейтуғынын жақсы биледи.

Шайтан мөмин-мусылманды таң намазында жеңе алса, басқа ўақытта жетегине аңсат илинтире алады. Сонлықтан мусылман адам өзине мәңгилик душпан қылып жаратылған шайтаннан сақланып, Аллаҳ таалаладан ҳәр дайым пана сорап жүриўи керек.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың !

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қайырлы_күн!☀️

Бүгинги жума күни
ҳәммеге берекетли болсын!


Бүгин қолымыздан келгенинше өзгелерге жәрдем бериўге, жақсы сөзимиз бенен бир-биримизди қоллап ҳәм күлешырай берип болса да, бир жақсылық қылып қалыўға тырысайық. Себеби, Пайғамбарымыз алайҳиссалам: "Жума күнги садақа басқа күнлердегиге қарағанда артығырақ", - десе, және бир ҳәдисте: "Жума күнги садақа есеси менен бериледи", - деген.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың !

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Muslim.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күн_ҳәдиси

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.
Байҳақий рәўияты.

🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммәд ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

🌿Аллооҳуммә солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммәд!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың !

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Дуўалар қабыл болады.

Расулуллаҳ (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) жума күни дуўалардың қабыл болыўы ҳаққында: «Бул күни сондай пайыт бар, мусылман бенде намаз оқыў ушын усы ўақытқа дус келеди ҳәм Аллаҳтан нени сораса, қәлегенин шубҳасыз (ҳеш бир гүмансыз) береди», — деди

(Муттафақун алайҳ)

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың !

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

Периштелердиң атлары ҳәм Аллаҳтың буйрығы менен оларға жүклетилген ислер:

🔢. Жәбрейил алайҳиссалам – нәбий ҳәм расулларға ўәҳий алып барыў иси тапсырылған.

🔢. Исрапил алайҳиссалам – қыямет күни сурды үплеў иси тапсырылған.

🔢. Микайыл алайҳиссалам – жаўын иси тапсырылған.

🔢. Малакул маўт – Аллаҳтың буйрығы менен бенделердиң руўхларын алыў иси тапсырылған.

🔢. Кирәмән кәтибийн – бенделердиң жақсы ҳәм жаман ислерин жазып барыў ислери тапсырылған.

🔢. Мусаббиҳун – азанлы-кеш тасбеҳ айтып, қыямет күнине шекем бос болмаў иси тапсырылған.

🔢. Сайяҳун – зикир, Қуран тиләўаты ҳәм илим мәжилислерине таяр турыў тапсырылған.

🔢. Ҳамәләту аршир Раҳмәән – Раҳмәәнның аршын көтериў иси жүклетилген. Олардың саны сегиз.

🔢. Ризўән – жәннеттиң ғәзийнешилиги тапсырылған. Олардың да жәрдемшилери бар.

🔢🔢. Мәлик – дозақтың ғәзийнешилиги тапсырылған. Оның да жәрдемшилери бар. Олардың баслықлары он тоғыз.

🔢🔢. Ҳафаза – бенделерди жаманлықтан қорғаў тапсырылған.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#сүннетке_әмел_етемиз

Кесел болғанда дуўа қылыў

    Сүйикли Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан бир ағзасы аўырса, мүбәрек қолларын аўырған жерге қойып үш мәрте "Бисмилләҳ"ты айтып, жети мәрте "Әъуўзу билләҳи ўә қудротиҳи, мин шәрри мәә әжидуў ўә уҳазиру" деп айтатуғын еди".
(Имам Аҳмад, Имам Муслим рәўияты)

     Қараң бул ис жүдә аңсат, бирақ саўабы үлкен. Гүналарымызды өширип, жәннетке жетелеўши бир әмел. Бирақ, жалқаўлығымыз ҳәм ериншеклигимиз себепли, бул иске онша итибар бермеймиз. Көпшилигимиз ҳәттеки бул дуўаны билмеймиз. Алдын билмеген болсақ, мине енди ядлап алайық. Билгенимизге әмел қылып, басқаларға да бул дуўаны үйретейик.

      Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаламның сүннетлериниң жайылыўына үлес қосыў, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға деген муҳаббатымыздың жоқары үлгиси есапланады.
      Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзиниң қылған ислерин, "сүннетлер"ин анықлық пенен жеткерген адам ҳаққында: "Мениң гәпимди еситип, ядлап, сиңдирип, кейин адамларға жеткерген инсанды Аллаҳ таала неъматлантырсын" деп дуўа қылған. (Имам Термизий рәўияты).


🟢Аллоҳумма солли ала сәййидинә Муҳаммад!

🟢Аллоҳумма солли ала сәййидинә Муҳаммад!

🟢Аллоҳумма солли ала сәййидинә Муҳаммад!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа

  Жаўын жаўып турғанда айтылатуғын дуўа

  Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «...егер жаўын жаўса: «Аллооҳуммә соййибән нәәфиъан» дейтуғын еди.

Мәниси: «Аллаҳым пайдалы жаўын қыл».

      Әзизлер, жаўын жаўып турған ўақыт Аллаҳ тааланың мийрим есиклери ашылып турған ҳәм дуўалар қабыл болатуғын ўақыт. Солай екен, ўатанымыз, халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзлеримиз ушын жақсы дуўалар қылып алайық.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа #тилек

Қайырлы таң әзизлер!

🌺 Ояндыңыз, төрт мүшеңиз саў. Демек, Аллаҳ бахытлы инсанлар қатарында қылыпты…

🌺 Ырысқыңызды да алдыңыз, демек, және бахытлысыз…

🌺 Перзентлериңиз, шаңарағыңыз әтирапыңызда, демек, және де бахытлысыз…

❗️Бүгинги күнлик режелериңизди дүздиңиз. Нийетиңиз: ҳадал-пәк кәсип қылыў, ата-анаңыздың дуўасын алыў, олар ҳаққына дуўа қылыў, инсанларға жақсылық қылыў, мүтәжлерге жәрдем қолын созыў, досларыңызға жақсы тилеклериңизди билдириў, болсын.
Жақсылықтың шегарасы жоқ.

❗️Жаманлықлардан сақланың: кеўилди аўыртпаң, ренжитпең, дос-яран менен байланысты үзбең, ағайин-туўғанлар менен қатнасықты жоқ қылмаң, ғәзепленбең, басқаларға даўсыңызды көтермең, жалған сөйлемең, ғийбат қылмаң, жаман гүманнан сақланың, биреўдиң ҳаққына қыянет етпең, ҳарам луқмаға қол созбаң, шекпең, ишпең, жәмийет ҳәм әтирапыңыздағыларға зыян жеткермең…

🌺 Бүгинди күнлериңиз ишиндеги ең жақсы күнлерден болыўын сорап қаламыз.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

Рәўиятларда айтылыўынша, ҳайўанлар да тынбай тәсбиҳ айтар ҳәм тәсбиҳ айтыўдан тоқтаса олжаға айланар екен. Яғный, ғәплетте қалып, Аллаҳты зикир етпей турғанда, басқа ҳайўанның олжасына айланар екен.
Биз инсанлар да буннан шетте емеспиз. Бирақ бизлердиң олжаға айланыўымыз өзлеримизге көринбейди. Биз ғәплетте қалып, Аллаҳты зикир етпеген ўақтымызда душпанымыз болған шайтанның дузағына түсемиз ҳәм оның олжасына айланар екенбиз.


Субҳаанәллооҳ – 33 мәрте;

Әлҳамду лилләҳ – 33 мәрте;

Аллоҳу әкбар – 33 мәрте;

Ләә иләәҳә илләллоҳу ўаҳдаҳу ләә шәрийкә ләҳ. Ләҳул мулку ўә ләҳул ҳамд. Ўә ҳуўә ала кулли шәй-иң қодийр – 1 мәрте.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM