Бахытсыз Мәкан
106 subscribers
107 photos
8 videos
1 file
101 links
Download Telegram
Ernest Seton Tompson

JABAYÍ JORĞA
(gúrriñniń dawamı)
Forwarded from Qara
Qara_qr komandasınıń gezektegi videosı yutube kanalımızda. Siltemege ótip, tamashalasańız boladı.

https://youtu.be/ZDN3Qin_xmg?si=ks8xyre122vTu3vp
2👍2
Дене — руўхымыз ушын қамақ, ал жасаў сол қамақты өтеў мүддети.
       
                                        Платон

https://t.me/Represo
🔥91👍1
Ең арзан ҳәм жеркенишли мақтаныш – бул миллий мақтаныш. Өзинде ҳеш қандай жетискенлик ҳәм ағла пазийлетлер жоқ инсанлар ғана миллети менен мақтанып, бос орынды толтырыўға урынады.

Артур Шопенгауер

https://t.me/Represo
🔥21🤬1😐1
Forwarded from "Жаратылыс"
#Сағынбайшылардан


Илим жолына түскен адамның илимий жумысы оның өмириндеги бир мазмун.
Илимий жумысқа таңлап алынған объект перзентине, муҳаббатына айланып қалады екен.

Бизди қуўантқан атамызды биз де қуўантып жүргеймиз...
Соның менен 29-август күни Сағынбайшылардың көшесинде той😇
Изи даўамлы болғай🙏🙏🙏

Айгүл Қосымбетова


@sheginisten
🔥3👍2
"Адасқым келип тур..." - бизиң нәўбеттеги поэзиялық топламымыз.


Китап "Golden print" баспасының меценатлық жойбары тийкарында басып шығарылды.

Бары-жоғы 100 нусқада ҳәм бүгиннен баслап сатылымда.

Сатыў қәўендерлер тәрепинен әмелге асырылады.

Китапты төмендеги орынлардан сатып алсаңыз болады:

1. Телеграмнан @Tilegenova_altinay аккаунтына байланысыў арқалы

2. Телеграмдағы @kitap_sawda каналы арқалы

3. Музей жанындағы "Китаплар дүньясы" китап дүкәнынан

4. Орайлық дийқан базары алдындағы китап сатыў орнынан

П.с. Бизиң китабымыз сатып алыў арқалы басқа да жас дөретиўшилердиң топламлары жарық көриўине себепши боласыз.‌‌
6👍2
САҒЫНБАЙ ИБРАГИМОВ – рационалист-консерватор.

С.Ибрагимовқа Қарақалпақ поэзиясыныӊ «Декадистлер»и (соӊғы 10 жыллықтыӊ жаӊа қанлары – шайырлары) атынан миннетдаршылық хат.

2024-жыл ҳəм 2025-жылдыӊ июнь айында Россияныӊ Москва қаласы, «Ладомир» баспасында рус тилинде басылып шыққан «Қарақалпақ Поэзиясы Антологиясы» II томлығы жарық кɵриўинде С.Ибрагимовтыӊ хызмети, Интеллектуаллық жантасыўы басқалардан «бир батпан аўыр» болды десек жаӊылыспаймыз. Китапты дүзиў, əдебий мийрасларды жыйнаўдан тысқары – «Қоблан» дəстаны, Ж.Избасқанов, К.Каримов, Б.Генжемуратов, П.Мырзабаева ҳəм т.б талантлы шайырлар, ҳəм əлбетте, «Декадистлер» – Атағулла Сатбаев, Айгүл Қосымбетова, Базарбай Жолдасбаев, Саҳыбжамал Сырғабаева, Муса Жиенбаев, Алтынай Тилегенова, Аллаяр Дəрменов ҳəм Расул Əбдимуратовлардыӊ лирикаларын томлыққа таярлаў жəне рус тилине аўдарыўда Энтузиастлық ҳəрекети ушын, САҒЫНБАЙ ИБРАГИМОВқа, МИННЕТДАРШЫЛЫҚ БИЛДИРЕМИЗ!!!

Хатты жазған: Сағынбайшы, Гулнара апаныӊ «amazing» баласы – Муса Жиенбаев.

https://t.me/Represo
5🔥2
2025-жылдыӊ июнь айында Россия Федерациясыныӊ Москва қаласы, «Ладомир» илимий-баспасында рус тилинде басылып шыққан «Қарақалпақ Поэзиясы Антологиясы»ныӊ II томында бир қатар «Декадистлер» менен бирге қосықларым жарық кɵрди. Əжинияз, Бердақ, И.Юсупов, Ш.Сейтов, С.Ибрагимов, Б.Генжемуратов ҳəм т.б уллы шайырлар, сондай-ақ, «Декадистлер» менен бир китаптан орын алыў қуўанышын «Бахытсыз мəкан» каналыныӊ талғамлы оқырманлары менен бɵлисиўди мақул кɵрдим.

https://t.me/Represo
🔥92
«Ўзбекистон Республикаси халқ шоири» фахрий унвони билан

Генжемуратов Бахтияр Алламбергенович - Ўзбекистон Ёзувчилар уюшмаси аъзоси, шоир, таржимон


@b_genjemuratov
🔥9
*     *     *

Оқымаң тергеўши болып санама!
Мен бийик емеспен журттан бир қарыс.
Жазбайман зыяны тийсе анама,
Енди мен болмайман соңғы  жолбарыс.

Жүриўди тоқтаттым!
Жүрмеймен енди!
Күлиўди тоқтаттым!
Күлмеймен енди!
Үриўди тоқтатың, үрмеңлер енди,
Ийт – адам жолдасы, ермеңлер қайтып.

Қағыйда жөнинде пикир алысып,
Кетип барар тили-сөзи шалысып,
Ең соңында ант орнына ар ишип,
Сен шайыр емессең деген ағалар.

Бирақ аңлып барар бурынғысындай,
Кеўли кең балақтың жуўындысындай,
Ал, мениң жаралған
түрим усындай,
Саған жараспаса көнесең енди.

Қол жөтеллеп жетелесе  жалаға,
Соңғы сөзим, еситесең, ал, аға,
Қарақалпақстан деген алтын далаға,
Қосығыма қосып көмесең енди!

✍️ Расул МУҲАММЕТ

Канал:
@Rasul_MUHAMMET
🔥6👍1👎1