- Ол қызыл шашлы, узын бойлы ҳаял, ол жүдә қымбат пальто ҳәм шляпаларды кийип жүреди. Бет-әлпети салдамлы. Ол дүкәнға келгенде улыўма сөйлемейди. Мен барқулла ол кеткен ўақта қуўанаман. Сатыўшы бирнеше минут ойланып қалды ҳәм деди:
- Мен ҳешқашан оның күлкисин көрмедим.
Мен буған түсине алмадым. Қалайынша сондай ҳаял усындай әжайып қуўыршақларды соғыўы мүмкин екен-ай?
- Сатып аламан, - дедим.
11 фундқа қуўыршақ… қымбат еди. Ақшасын төлеп атырып өзимди ақмақтай сезип кеттим. Қуўыршақ саўға ушын керек, бирақ мен оны алыўым себеби ол емес еди. Мен оны айнаның алдында таслап кете алмадым.
(Толығын кейинги пост – Телеграфтан окың)
Пол Геллико "Қуўыршақ" — бул Перфекционистлердиң ең жақсы аўдармаларынан бири. Оқың хәм заўықланың.
Англичан тилинен аўдарған: Гәўҳар Зинатдинова, Филология илимлери докторы (PhD)
https://t.me/permissiya

👍5🔥2🥰1
Forwarded from ПЕРФЕКЦИОНИСТЛЕР
Telegraph
Қуўыршақ
Белгили америкалы жазыўшы Пол Гэллико (1897-1976) өзиниң қысқа гүрриңлери менен белгили. Оның шығармаларының көпшилиги балаларға арналған. Сизиң нәзериңизге усынылып атырған «Қуўыршақ» гүрриңи де тилиниң жеңиллиги ҳәм қызықлы ўақыяларға қурылғанлығы менен…
👍2🥰1
Саймон Ли Бретт – белгили британиялы жазыўшы, Дөретпелери ең көп оқылатуғын интернет әдебияты үлгилеринен есапланады.
Анаңыз жақсы ма?
(үзинди)
Партриж бахытсыз көринди.
- Булар анаңыздың өлиминиң сырлы екенлигин көрсетеди деп ойлайман. Егер, бул жерде жынаят жүз берген болса…
- Жынаят болмады бул жерде! – бақырып жиберди Партриж – Мениң анам жоқ. Мен оны ҳешқашан көрмегенмен. Ол мени алты айлық ўақтымда таслап кеткен ҳәм мен балалар үйинде тәрбияландым.
- Онда жоқарғы бөлмеде ким жасаған?
(Толык гүрриңди кейинги пост – Телеграфтан окың)
Англичан тилинен аўдарған: Гәўҳар Зинатдинова, Филология илимлери докторы (PhD)
https://t.me/permissiya
Анаңыз жақсы ма?
(үзинди)
Партриж бахытсыз көринди.
- Булар анаңыздың өлиминиң сырлы екенлигин көрсетеди деп ойлайман. Егер, бул жерде жынаят жүз берген болса…
- Жынаят болмады бул жерде! – бақырып жиберди Партриж – Мениң анам жоқ. Мен оны ҳешқашан көрмегенмен. Ол мени алты айлық ўақтымда таслап кеткен ҳәм мен балалар үйинде тәрбияландым.
- Онда жоқарғы бөлмеде ким жасаған?
(Толык гүрриңди кейинги пост – Телеграфтан окың)
Англичан тилинен аўдарған: Гәўҳар Зинатдинова, Филология илимлери докторы (PhD)
https://t.me/permissiya
❤2
Forwarded from ПЕРФЕКЦИОНИСТЛЕР
Telegraph
Анаңыз жақсы ма?
Саймон Ли Бретт – белгили британиялы жазыўшы, 1945-жылы туўылған, ҳәзир 76 жаста. Дөретпелери ең көп оқылатуғын интернет әдебияты үлгилеринен есапланады. Не ушын көпшилик оқыўшыларды қызықтырып атырғанлығын ойлап көриўиңиз ушын дыққатыңызға оның қәлемине…
😱5👍1🤔1
... САРА ПАРЕЦКИ
Ески жүзиў ҳәўизинде
(үзинди)
«Мисс Варшавский, мен ФБР агенти Питер Кэрлтонман» – деди маған гуўалығын көрсетип:
«Билемен, өзиӊизди жаман сезип атырсыз, бирақ сиз бенен Алисия Дафиния ҳаққында сөйлесип алыўым керек».
«Ол қай жерде?»
«Биз буны ҳәзирше билмеймиз. Бирақ ол кеше жүзиў жарысынан соӊ сиз бенен бирге қайтқан. Солай ма?»
«Сол ушын ФБР оныӊ изине түсти ме? Сиз не ушын оған қызығып қалдыӊыз?» – сорадым мен. Ол маған жуўап бергиси келмеди, тек ғана Алисия маған не айтқанлығын билиўди қәлер еди. Ақыры, шыдамым жетпей:
...
(Толық гүрриңди кейинги пост – Телеграфтан окың)
Англичан тилинен аўдарған: Муса Жиенбаев, Бердақ атындағы ҚМУ докторанты

❤2👌2
... Ernest Seton Tomson
Jabayı jorģa
Jabayı atlardı uslawdıń birneshe usılları bar. Olardan biri at ústinde oq kóshirip, onı bir demge albıratıp qoyıw hám pursattan paydalanıp moynına jip salıw esaplanadı. Bunı «attı moyın iydiriw» deydi.
‒ Oq tiygen júzlegen atlardı kórdim, bári qırdan asıp qashıp ketti, biraq birde-bir «moyın iygen» mustangdı kórmedim, ‒ dep narazılıq bildirdi jabayı Jo.
Bazı waqıtlarda jaǵdayǵa qarap, padanı qoraǵa aydawǵa da boladı, eger atlar jaqsı bolsa padanı quwıp jetiwge de boladı, biraq, bir qaraǵanda ilajı joqtay kórinetuǵın taǵı bir jolı bar, bul mustang «tınshıdı» jolı, yaǵnıy, onı sharshaǵansha quwıp barıw jolı.
Jorǵası ulıwma buzılmaytuǵın mustangtıń dańqı kún sayın arta berdi. Onıń epshilligi, jorǵası, ójetligi haqqında tań qalarlıq gúrrińler payda boldı.
(Tolıq gúrrińdi keyingi post – telegraftan oqıń.
Rus tilinen awdarģan: Gawhar Zinatdinova, Filologiya ilimleri boyınsha filosofiya doktorı (PhD)

❤2🔥2
Forwarded from ПЕРФЕКЦИОНИСТЛЕР
Telegraph
Jabayı jorģa
Ernest Seton-Tompson Jabayı jorǵa I Jo Kalon atınıń erin orpań topıraqqa taslap, noqtasın bosattı da, kiyimlerin shıńǵırlatıp úyge kirdi. ‒ Túslik tayar ma? – dep soradı. ‒ On jeti minuttan tayar boladı, ‒ dedi aspaz poezd basqarıwshısına uqsap saatına qarap…
Forwarded from ПЕРФЕКЦИОНИСТЛЕР
Telegraph
Jabayı Jorģa
Ernest Seton-Tompson Jabayı jorǵa IV Sapar dawamında Bets ‒ Mister Bets aspaz boldı, oǵan heshkim, hesh qashan, hesh nárse jibermese de, pochtaǵa turaqlı túrde xat hám pul sorap barıp turıw onıń ádeti edi. Kovvoy onı «Tawıq iz Tom» dep shaqıratuǵın edi, sebebi…
🔥2
Forwarded from Qara
Qara_qr komandasınıń gezektegi videosı yutube kanalımızda. Siltemege ótip, tamashalasańız boladı.
https://youtu.be/ZDN3Qin_xmg?si=ks8xyre122vTu3vp

YouTube
I.Yusupovtıń “Máńgi bulaq” shıǵarması haqqında
Instagram: @qara_qra
Telegram: @qara_qr
© Qara komandası
Telegram: @qara_qr
© Qara komandası
❤2👍2
Forwarded from Атағулла Сатбаев | Ataǵulla Satbaev
Telegraph
Биз, жас шайырлар не ислеўимиз керек?
...Енди ҳақыйқат шығарма жазыў ушын не керек? Оған мына төмендеги айтылғанлар керек: 1. Қосықты (егер талант бар болған ўақытта) тек ғана жоқары адамгершилик, ҳүждан, мораллық, тазалық жаза алады. Себеби, поэзия ҳүжданның иси. Ал, егер өзимизде ол жеткиликсиз…
Ең арзан ҳәм жеркенишли мақтаныш – бул миллий мақтаныш. Өзинде ҳеш қандай жетискенлик ҳәм ағла пазийлетлер жоқ инсанлар ғана миллети менен мақтанып, бос орынды толтырыўға урынады.
Артур Шопенгауер
https://t.me/Represo
Артур Шопенгауер
https://t.me/Represo
🔥2❤1🤬1😐1
Forwarded from "Жаратылыс"
#Сағынбайшылардан
Илим жолына түскен адамның илимий жумысы оның өмириндеги бир мазмун.
Илимий жумысқа таңлап алынған объект перзентине, муҳаббатына айланып қалады екен.
Бизди қуўантқан атамызды биз де қуўантып жүргеймиз...
Соның менен 29-август күни Сағынбайшылардың көшесинде той😇
Изи даўамлы болғай🙏🙏🙏
Айгүл Қосымбетова
@sheginisten

🔥3👍2
Forwarded from Атағулла Сатбаев | Ataǵulla Satbaev
"Адасқым келип тур..." - бизиң нәўбеттеги поэзиялық топламымыз.
Китап "Golden print" баспасының меценатлық жойбары тийкарында басып шығарылды.
Бары-жоғы 100 нусқада ҳәм бүгиннен баслап сатылымда.
Сатыў қәўендерлер тәрепинен әмелге асырылады.
Китапты төмендеги орынлардан сатып алсаңыз болады:
1. Телеграмнан @Tilegenova_altinay аккаунтына байланысыў арқалы
2. Телеграмдағы @kitap_sawda каналы арқалы
3. Музей жанындағы "Китаплар дүньясы" китап дүкәнынан
4. Орайлық дийқан базары алдындағы китап сатыў орнынан
П.с. Бизиң китабымыз сатып алыў арқалы басқа да жас дөретиўшилердиң топламлары жарық көриўине себепши боласыз.
❤6👍2
САҒЫНБАЙ ИБРАГИМОВ – рационалист-консерватор.
С.Ибрагимовқа Қарақалпақ поэзиясыныӊ «Декадистлер»и (соӊғы 10 жыллықтыӊ жаӊа қанлары – шайырлары) атынан миннетдаршылық хат.
2024-жыл ҳəм 2025-жылдыӊ июнь айында Россияныӊ Москва қаласы, «Ладомир» баспасында рус тилинде басылып шыққан «Қарақалпақ Поэзиясы Антологиясы» II томлығы жарық кɵриўинде С.Ибрагимовтыӊ хызмети, Интеллектуаллық жантасыўы басқалардан «бир батпан аўыр» болды десек жаӊылыспаймыз. Китапты дүзиў, əдебий мийрасларды жыйнаўдан тысқары – «Қоблан» дəстаны, Ж.Избасқанов, К.Каримов, Б.Генжемуратов, П.Мырзабаева ҳəм т.б талантлы шайырлар, ҳəм əлбетте, «Декадистлер» – Атағулла Сатбаев, Айгүл Қосымбетова, Базарбай Жолдасбаев, Саҳыбжамал Сырғабаева, Муса Жиенбаев, Алтынай Тилегенова, Аллаяр Дəрменов ҳəм Расул Əбдимуратовлардыӊ лирикаларын томлыққа таярлаў жəне рус тилине аўдарыўда Энтузиастлық ҳəрекети ушын, САҒЫНБАЙ ИБРАГИМОВқа, МИННЕТДАРШЫЛЫҚ БИЛДИРЕМИЗ!!!
Хатты жазған: Сағынбайшы, Гулнара апаныӊ «amazing» баласы – Муса Жиенбаев.

❤5🔥2