https://telegra.ph/M%D2%AFr%D3%99zhatnama-ke%D2%A3-dodalanba%D2%9Bta-01-13
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq

Telegraph
Мүрәжатнама кең додаланбақта
Хүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиеевтиң 2022-жыл 20-декабрь күнги Олий Мажлис нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Өзбекистан халқына мүрәжатнамасы болып өткен еди. Президентимиздиң мүрәжатнамасын үйренер екенбиз, Республикамыздағы раўажланыўлар мәрдана халқымыздың…
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш
Ҳәкке қайда?
Видеокөринисте Нөкис қалалық 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 5-е клас оқыўшылары
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш
Ҳәкке қайда?
Видеокөринисте Нөкис қалалық 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 5-е клас оқыўшылары
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Бирге ислесиўдеги жаңа басламалар
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминде Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары қатнасында билимлендириў ҳәм тәрбия, сондай-ақ, руўхый-ағартыўшылық бағдарда бирге ислесиў бойынша ушырасыў болып өтти.
Онда тийкарынан әйне пайытта өсип киятырған жас әўладқа тәлим-тәрбия бериў, жасларды Интернет тармағындағы қәўиплерден сақлаў мәселесине тийкарғы итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, турмысымызға мәлимлеме технологиялары кеңнен енип атырған бир пайытта, интернет тармақларында жаслардың руўхый-дүньясына қәўип салатуғын күшлердиң де көбейип атырғаны сыр емес. Солай екен, «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» сүрени астында бул қәўиплер менен гүресиў бүгинги күнниң әҳмийетли талабына айланбақта.
Ушырасыў соңында Интернет тармағында тәлим-тәрбия хәм руўхый-ағартыўшылық бағдардағы видеоөнимлерди кеңнен ен жайдырыў илажларын көриўге келисип алынды.

МАҢЛАЙ ШЕРТПЕК
Видеокөринисте Нөкис қалалық 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 5-е клас оқыўшылары
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш
МАҢЛАЙ ШЕРТПЕК
Видеокөринисте Нөкис қалалық 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 5-е клас оқыўшылары
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
«Миллий армиямыз – Жаңа Өзбекстанның беккем қорғаны!» атамасындағы байрам салтанаты болып өтти
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен «Миллий армиямыз – Жаңа Өзбекстанның беккем қорғаны!» атамасындағы байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық әскерий тараў хызметкерлери, ветеранлар ҳәм пүткил халқымызды байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Бираздан соң Президент Шавкат Мизиёев басшылығында қыс мәўсиминде халқымызды энергия ресурслары менен үзлисиз тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар бойынша кеңейтилген мәжилис басланады
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш
“Қоразлар урысы”
Ойында 27-санлы мектептиң 5-Е класс оқыўшылары.

Ҳатамтайлық ямаса Ҳатамтай ҳаққында не билемиз?
Бул, шығыста халықлар саналы бола баслаған ерте дәўирлерден берли бар, яғный сақыйлықтың ҳақыйқый үлгиси Ҳатамтай аты менен белгили. Бул жерде Ҳатам – исми, Тай – шыққан қәўими. Халқымызда Ҳатамтайдың сақыйлық ислери ҳаққында көплеген аңызлар-рәўиятлар бар.
Мәселен, бурын-бурында Ҳатамтай исмли жүдә бир сақый бай өткен. Өзи ақ көкирек, ҳадал ҳәм сақый болғаны ушын ба, Аллатаала оның байлығын ағыл-тегил етип қойған. Ҳатамтайдың үлкен бир сарайы болып, сол сарайдың қырқ терезеси бар екен. Жарлы-жақыбай, мүтәж-қайыршылар дерлик ҳәр күни келип, усы тәрезелерден садақа алып, Ҳатамтайға алғыс айтып, пәтиясын берип кетеди екен.
Бир күни Ҳатамдайдың иниси анасына налыныпты:
– Не ушын барлық адамлар тек ғана ағамды мақтайды, мен де сақыйман-ғой, ақыры!
Анасы ҳеш нәрсе деместен, баласының басынан сыйпап қойыпты.
Ертеси күни әдеттегидей терезелердиң биринен тиленши кемпир көринипти. Ҳатамтай үйде болмағансоң, оған иниси садақа берипти. Кемпир буның менен изине қайтпай, екинши, үшинши терезелерден де садақа сорапты, Ҳатамдайдың иниси қолын бос қоймапты. Лекин, кемпир төртинши терезеге келгенде ол: – Сен өзиң қандай тиленшисең, ҳәзир ғана қатара үш мәрте алдың-ғой! – деп ашыўланыпты. Сонда кемпир басындағы орамалын шешипти, жигит қараса, дийўана көрисиндеги кемпир оның өз анасы екен.
– Әне, көрдиң бе, балам, – мен усы қырқ терезеден садақа сорағанымда да әжағаң Ҳатамтай ләм-мим деместен садақа берген еди, депти анасы.
Ҳақыйқатын айтқанда бул дүньядан көплеген байлар өткен. Лекин, Ҳатамтай сыяқлы сақый, жомарт инсанлар онша көп болмаған.
Ч.Елмуратов
«Меценат ямаса жомартлық» мақаласынан

“Соқыр теке бақ-бақ”
Ойында 27-санлы мектептиң 5-Е класс оқыўшылары.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
“Соқыр теке бақ-бақ”
Ойында 27-санлы мектептиң 5-Е класс оқыўшылары.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мәнаўият_мәнзиллери
Қарақалпақстан Телерадиоканалының "Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!" көрсеўиниң "Мәнаўият мәнзиллери" рубрикасы
Бул санда Республикалық бөлимниң өсип киятырған жас әўлад арасында қарақалпақ миллий ойынларын кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарындағы дөретиўшилик жумыслары ҳаққында сөз етилди.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Қарақалпақстан Телерадиоканалының "Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!" көрсеўиниң "Мәнаўият мәнзиллери" рубрикасы
Бул санда Республикалық бөлимниң өсип киятырған жас әўлад арасында қарақалпақ миллий ойынларын кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарындағы дөретиўшилик жумыслары ҳаққында сөз етилди.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
https://kknews.uz/kk/131481.html
«Қырық қыз» ансамбли қалай дүзилген еди?
Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng