Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.2K subscribers
11.9K photos
1.03K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Жасларымыздың китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм мектеп китапханаларын әдебий китаплар менен байытыў мақсетинде Нөкис каласы ҳәкимлиги ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Нөкис қалалық бөлими басламасы менен пайтахтымыздағы 20-25-санлы улыўма билим бериў мектеплерине «Үшинши Ренессансқа мениң үлесим» сүрени астында “Китаплар кәрўаны” акциясы шөлкемлестирилди.

Китапқумарлық акциясына Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары Ж.Абдижамилов ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Нөкис қалалық бөлими қәнигеси И.Аметв қатнасып, мектеп китапханаларына әдебий китаплар топламларын саўға етти.

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
“ЭНГ ЯХШИ КИТОБХОН ЎҚУВЧИ” КЎРИК ТАНЛОВИНИНГ ҒОЛИБИ АНИҚЛАНДИ

Беруний туманида 2021-йил II чорак давомида ёшлар билан ишлашнинг янгича тизимини жорий этиш бўйича чора-тадбирлар дастурининг 39-банди ижросини таъминлаш бўйича умумтаълим мактаблари ўқувчилари ўртасида беш босқич бўйича “Энг яхши китобхон ўқувчи” кўрик танлови ўтказилди. Танловга 72 та умумий ўрта таълим мактабларида ғолиб бўлган 1 босқичдан сараланган 72 та ўқувчи иштирок этдилар.

Танлов якуни бўйича:

1-ўринни 61-сонли мактаб ўқувчиси Мирзабаева Нилуфар Умар қизи.

2-ўринни 54-сонли мактаб ўқувчиси Эримбетова Нигина Байрам қизи

3-ўринни 6-сонли мактаб ўқувчиси Хамраева Шахзода Алишер қизи эгалладилар.
Танлов ғолибларига туман ҳокимлиги томонидан диплом ва қимматбаҳо совғалар топширилди.
Беруний тумани ҳокимлиги ахборот хизмати

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
ДӨРЕТИЎШИЛИК МӘДЕНИЙ УШЫРАСЫЎ

Нөкис районлық ХББне қараслы 16-санлы мектепте илимпаз, журналист ҳәм жазыўшы, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының әдебий мәсләҳәтшиси Сейдин Әмирлан менен дөретиўшилик мәдений ушырасыў болып өтти.
👇👇👇
Ушырасыўға дөретиўшилик пенен шуғылланыўшы талантлы жаслар, мектеп муғаллимлери ҳәм Республика руўхый ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими баслығы Нурмағанбет Тойымбетовлар қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлеген Сейдин Әмирлан дәслеп өзиниң дөретиўшилик, журналистлик ҳәм илимпазлық жолы ҳаққында айтып берди. Баспадан шыққан китаплары менен таныстырды.
Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы жанында ҳәрекет етип турған жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаўшы “Жас дөретиўшилер” дөгереги ҳәм “Халық даналығы” фольклор клубы ҳаққында кең түсиник берип талантлы жас дөретиўшилерди бул дөгерек ҳәм клубқа ағза болыўға шақырды. “Халық даналығы” фольклор клубының телеграм каналы да әмелге асыралатуғынлығын айтып өтти.
Оқыўшылар өзлери қызықтырған сораўларын берип ҳәр бир инсан дөретиўши инсан болыўы ушын қандай ислерди әмелге асырыў кереклиги ҳәм бул басқышты С.Әмирланның журналист, илимпаз ҳәм жазыўшы сыпатында қалай басып өткенликлери менен қызықты.

Ушырасыўда шығып сөйлеген мектеп директорының орынбасары Мийуагүл Қарабасова, руўхый ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Нурмағанбет Тойымбетов ҳәм мектептиң дөретиўшилик мәдений ислер бойынша үгит-нәсиятшылары бул илаждың мақсети ҳәм әҳмийети ҳаққында ушырасыў қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берди.

Илаж соңында мектептиң 7-класс оқыўшысы, Қазақстан Республикасында болып өткен “Burabay Summer Fest” халықаралық фестивалының белсенди катнасыўшысы, хошҳаўаз сазенде Зулқумар Елиўбаева дуўтарда қосық атқарып жыйналғанларға хош кейпият бағышларды.

Илаждан соң Сейдин Әмирлан дөретиўши оқыўшылар менен мектеп китапханасында жеке ушырасып әдебий мәсләҳәтлерин берди. Оқыўшылардың жазған дөретпелери менен танысты.

Илаж қатаң карантин қағыйдаларын сақлаған ҳалда ашық ҳаўада өткерилди.

Әбдималик ХОЖАНАЗАРОВ
“Ақмаңғыт таңы” газетасы редакторы

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
"Махтумқулига эҳтиром айлаб"

Бугун туркман халқининг буюк мутафаккир шоири Махтумқули таваллудининг 297 йиллигига бағишлаб Тўрткўл тумани Халқ таълими бўлимига қарашли 10-сонли умумтаълим мактабида "Махтумқулига эҳтиром айлаб" мавзусида маърифий-маданий тадбир ўтказилди.

Туркий забон халқлар адабиётида ўчмас из қолдирган Махтумқули асарлари асрлар оша мангу яшайверади. Чунки у яратган маънавий мерос бутун дунё аҳли учун бебаҳо меросдир.

Республика Маънавият ва маърифат маркази Тўрткўл туман бўлинмаси

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
“Yosh gvardiyachi” harbiy-sport musobaqasi Respublika bosqichida faxrli 3-o`rinni egallagan jamoa ishtirokchilari munosib kutib olindi.
📚 Шығарма атамасы: "Шерлок Холмс ҳаққында ҳикаялар"
👤 Автор: Артур Конон Дойл
⚙️ Жанр: дедектив ҳикаялар
🔢 Бɵлимлер саны: 24
💾 Кɵлеми: 364,6 MB
Даўамлылығы: 17:17:45
🎤 Оқыған: Ерназар Ёрбеков
📼 "San'at gulshani"

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
НУРАНЫЙ ҲӘМ ЗЫЯЛЫЛАР ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Нөкис районы «Қрантаў» АПЖ аймағындағы районлық ХББне қараслы 3-23-30-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Бир зыялы бир мәҳәллеге руўхый қәўендер» ҳәмде "Бир нураный бес жасқа устаз" принципи тийкарында ушырасыў болып өтти.
👇👇👇