Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.21K subscribers
11.6K photos
1.01K videos
10 files
1.11K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Forwarded from Charjau_Elmuratov
Қарақалпақ мәденияты менен кɵркем ɵнерине үлкен итибар

Ɵзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң шɵлкемлестириўи менен «Қарақалпақстан кɵркем ɵнер сарайы» мәмлекетлик мәкемеси ҳәм Қарақалпақстан опера ҳәм балет театры шɵлкемлестриледи.
👇👇👇
Forwarded from Charjau_Elmuratov
Бул ҳаққында 2021-жылдың 8-май сәнесинде Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасында мәденият ҳәм кɵркем ɵнер тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы 291-санлы қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, Қарар қосымшасына муўапық 2021-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасында мәденият ҳәм кɵркем ɵнер тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланбақта.

Қарар менен «Қарақалпақфильм» киностудиясының жумысына да жоқары итибар қаратылған болып, 2022-2023-жылларда Киностудияның имараты реконструкцияланып, оның материаллық-техникалық базасы беккемленеди. Жыллық ислеп шығарыў кɵлемин арттырылып, мәкеме заманагɵй инновациялық технологиялар менен тәмийенленеди.

Қарақалпақстандағы мәмлекетлик теарлар саны және бир театрга кɵбеймекте. Министрлер Кабинетиниң қарарында Нɵкис қаласында Қарақалпақстан опера ҳәм балет театрын шɵлкемлестриў бойынша жуўапкерлерге тийисли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Ҳүкимет қарарында Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы тарийхый-мәдений естеликлерди реставрациялаў ҳәм тиклеў жумысларын алып барыўға да айрықша әҳмийет қаратылған.

Атап айтқанда, 2021-2023-жылларда Режаб Халифа мешит-мовзелейи, Ийшан қала архитектуралық объекти, Шылпық қорғаны, Үлкен Гүлдирсин қала ҳәм Топыраққала археологиялық естеликлери әтирапында реставрациялаў ҳәм тиклеў жумыслары алып барылады.

Қарар менен сондай-ақ, Ɵзбекстан Қаҳарманы, Ɵзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Тɵлепберген Қайыпбергенов туўылып ɵскен ҳам ɵз дɵретиўшилгин жүргизген шаңарақта жазыўшының үй музейин шɵлкемлестириў илажлары да белгиленген.

https://t.me/charjau_elmuratov/490
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🔰Qoraqalpog‘istonda 9-may xotira va qadrlash kuni munosabati bilan adabiy-badiiy tadbir bo‘lib o‘tdi.

🔹Harbiylar tomonidan namoyish etilgan chiqishlar yig‘ilganlarning kayfiyatini ko‘tardi va ular qalbida vatanga bo‘lgan sadoqat, fidoiylik hissini jumbushga keltirdi.

manba: Jaslar_tv

@QR_Ruwxiyliq
Юз йиллар аввал яшаб ўтган буюк ёзувчилар, шоирлар, файласуфлар, тарихчилар билан суҳбатлашишни истайсизми? Уларнинг дардлари, умидлари, юксак ғояларидан баҳраманд бўлишни, ҳаётингизга мазмун бахш этишни хоҳлайсизми? Замон ва макон оша саёҳат қилиб, қиёфаси, қалби, феъл-атвори турлича қаҳрамонлар билан бирга қизиқарли саргузаштларни бошдан кечиришга тайёрмисиз? Бунинг имкони бор!

📖 Аристотелдан Айтматовгача, Румийдан Пушкингача, Қодирийдан Булгаковгача, Дюмадан Фитратгача — дунё адабиёти ва маънавияти хазинасининг олтин эшиклари энди Сиз учун очиқ!

👨🏻‍💻 АОКА тизимидаги Ўзбекистон Миллий кутубхонаси томонидан ташкил этилган «Китоб ўқи» телеграм-каналини кузатиб боринг!

✔️ Бу ерда Сиз нодир асарларнинг тўлиқ шаклини юклаб олишингиз, китобларнинг сюжети ва маъноси ҳақидаги қисқа тақризлар билан танишишингиз, муҳим иқтибослар, ҳикматли сўзларни ўқиб боришингиз, бук-трейлерларни томоша қилишингиз мумкин.

Каналга аъзо бўлиш:
@kitoboqiuz

@QR_Ruwxiyliq
“Үшинши ренессансқа мениӊ қосқан үлесим” акциясы даўам етпекте

Бүгин Хожели районы Кадастр палатасы филиалы баслығы ў.ў.а Қ.Байниязов “Үшинши ренессансқа мениӊ қосқан үлесим” акциясы тийкарында районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебине китаплар саўға етти.

Өз гезегинде бул ушын оқыўшылар тәрепинен шексиз миннетдаршылықлар билдирилди.

Ҳәкимлик мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қоңырат

«Жаслардың руўхый дүньясын асырайық!»

Қоңырат районлық ишки ислер бөлими ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районы бөлими менен биргеликте "Есемурат жыраў" атындағы 10-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде "Арал жулдызлары" ансамбли тәрепинен «Жаслардың руўхый дүньясын асырайық!» атамасында мәдений илаж шөлкемлестирилди.

Оған районлық Ишки ислер уйымлары хызметкерлери ҳәм де шаңарақ ағзалары, усы мектептиң оқыўшылары қатнасты.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң "Арал жулдызлары" ансамблиниң концерт бағдарламасы ҳәм юмор-сатираға бай сахналық көринислери қойып берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Китап_жаңалығы

📚"Чингисхон"
✍️ Василий Ян

📜Әййемги Азия турмысынан хабар беретуғын усы шығармада XIII әсирдеги ўақыялар сәўлеленген.

Онда Хорезмшаҳ мәмлекетиндеги ишки қарама-қарсылықлар, Шыңғысханның әскерий жүрислери ҳәм айырым қорқақ адамлар яки алдаўлар себебинен ўайран болған халық тәғдири туўралы сөз етиледи.

Бул шығарма муқаддес ғәрезсизлигимизди қәстерлеп-сақлаўға, ҳәр қыйлы қыянетлер менен дөҳметлерге биргеликте гүресиўге шақырады.

Каналға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
Жаңа басылым жарық көрди

Толық оқыў https://kknews.uz/kk/80299.html

Қарақалпақстан хабар агентлиги
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Сулайман Бақырғаный (Ҳәким ата) ҳақкында билесиз бе?

Сизге жоқарыдағы видеоролик арқалы мағлыўматларды усынамыз.

Инфографикалық видеоролик Қоңырат районынан улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Ләззет Ɵтемуратова тәрепинен таярланған.

Каналға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq
⚡️Бугин Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының мәжилислер залында 12-май күни Жас дөретиўшилердиң поэзия бойынша Республикалық семинар-кеңеси болып өтти.
Семинар-кеңести Поэзия кеңесиниң жуўаплы хаткери, Халық аралық "Туран бирлиги - Мықлы қәлемгер" медалының ийеси Әбдиқадир Қайыпов басқарып барды.
Семинар барысында жаңадан жарық көрген поэзиялық топламлар менен таныстырылды. Жас дөретиўшилер өзлериниң жаңа дөретпелерин оқып, қәнигелерден мәсләҳәтлер алды. Семинар-кеңеске Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамынын баслығы К.Каримов, жуўаплы хаткери Б.Ерназаров, проза кеңесиниң баслығы А.Султановлар қатнасты.
Руўхый-ағартыўшылық бағдарында алып барылып атырған жумыслар

Толық оқыў 👉http://nukusrk.uz/?p=5898

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болыў👉@QR_Ruwxiyliq
Бүгин Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 28-санлы орта билим бериў мектебинде жаслар арасында музейлеримизде сақланып атырған ата-бабаларымыздың миллий мийрасларын кең түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи хызметкерлери тәрепинен көшпели көргизбе шөлкемлестирилди.

Көргизбе даўамында музейдиң Халық қол өнери бөлими баслығы А.Пирназарова тәрепинен қарақалпақ ҳаял-қызларының миллий кийимлери ҳәм тағыншақлары экспонатлары ҳаққында оқыўшы жасларға кең түрде түсиниклер берилди.

Районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қараөзек районлық бөлими

Каналға ағза болыў 👉 @QR_Ruwxiyliq