Мәденият сарайында жайласқан Атажан Худайшукуров атындағы ҳәм Кɵзи әззилер китапханасы.
Китапханаларда китапқумарлар ушын барлық шараятлар жаратылған болып, олардың жәми фонды 5000 данаға шамалас.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq

#Тɵрткүл
Районлық Ишки ислер бɵлиминиң “Мәнаўият ханасы”
Усы жылдың май айында Ɵзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы арасында “Бирге ислесиў ҳәм келешектеги ўазыйпалар” бағдары бойынша қол қойылған меморандумға тийкар Районлық ишки ислер бɵлиминде “Мәнаўият ханасы” шɵлкемлестирилди.
Мәнаўият ханасы ɵз ишине “Ўанасүйиўшилик” ҳәм “Китапхана” мүйешлерин қамтып алады. Китапханада ҳәзирги ўақытта 150 ге шамалас китаплар бар болып, алдағы ўақытта китаплар фонды буннан былай да байытылып барылады.
Усы орында быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен ɵткерилген “Ең жақсы руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ханасы” таңлаўында Районлық ишки ислер бɵлиминиң сыйлы биринши орынды ийелегенин атап ɵтиў орынлы.

Forwarded from NMKTU_NKI _RÁSMIY KANALÍ
ФИЛИАЛ МӘЛИМЛЕМЕ-РЕСУРС ОРАЙЫНА КИТАПЛАР САЎҒА ЕТИЛДИ
Бүгинги күнде мәмлекетимизде жәмийетлик турмыста ийгиликли қәдриятлар менен дәстүрлердиң орнын беккемлеўге, атап айтқанда, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья таныўын кеңейтиўде, ана Ўатаны ҳәм халқына муҳаббат ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал шахсты тәрбиялаўдағы шексиз әҳмийетке ийе болған китапқумарлық мәдениятын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Усы жылдың 28-сентябрь күни Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалында келешегимиз ийелери болған жас-әўладтта китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў, олардың китапқа болған қызығыўшылықларын еледе арттырыў мақсетинде илаж шөлкемлестирилди.
Илажды филиал директоры А.Каипбергенов басқарып барды. Илажда Нөкис қаласы ҳәкими мәсләҳәтшиси Б.Абдреймов, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, “Фидокорана хизматлари учун” ордени ийеси, шайыр Ш.Аяпов, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдиновлар шығып сөйлеп, филиал жәмәәтин 1-октябрь – “Муғаллимлер ҳәм устазлар күни” байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм филиал мәлимлеме-ресурс орайына 150 дана көркем-әдебий китаплар ҳәм жаслар тәлим-тәрбиясына байланыслы методикалық қолланбаларды саўға етти.
Илаж даўамында шайыр Ш.Аяпов филиал студент-жасларына өзиниң қосықларынан оқып берди. Бул өз гезегинде филиалымыздың студент-жасларына руўхый заўық бағышлады.
Филиал Баспасөз хызмети.
Telegram | Website | Facebook |

Районлық Мәлимлеме-китапхана орайы
Орай әйне пайытта Тɵрткүл кɵп тармақлы техникумының
3 қабатлы имаратында жайласқан болып, онда 15 кәниге жумыс алып бармақта.
Китапхананың улыўма фонды 29 474 атамадағы 60 622 китаптан ибарат, пайдаланыўшы китапқумарлар саны 5247.
Китапханада ɵткен жылы Ɵзбекстан Жазыўшылар аўқамы жанындағы “Онажоним шеърият” клубы шɵлкемлестирилип, оған 40 тан аслам жас дɵретиўшилер қамтып алынды. Бүгинги күнде бул клубқа орайдың бɵлим баслығы, Ɵзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыра М.Юсупова басшылық етип келмекте.
Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы қарсаңында усы клубтың 40 жас дɵретиўшилериниң топламы “Муборак лаҳзалар ёхуд қирқ қиз довруғи” атамасында баспа жүзин кɵрди.