Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.2K subscribers
11.9K photos
1.03K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Келеси жылы Қарақалпақстанды раўажландырыў ушын 43 триллион сум ажыратылады

Бюджеттен – 10 триллион сум, халықаралық қаржы шөлкемлеринен – 19 триллион сум, банк кредитлери – 14 триллион сум.

Бул қаржылардан нәтийжели пайдаланыў, экономика ҳәм инвестиция тараўында гөзленген шеклерге ерисиў ушын Ҳүкимет, орайлық экономикалық мәкемелер ҳәм Министрлер Кеңесиниң жумыс стили толық өзгереди.

Бунда Ташкенттеги министрлер ҳәм тармақлардың басшылары Министрлер Кеңеси менен биргеликте жумыслардың нәтийжелери бойынша ҳәр шеректе Жоқарғы Кеңесте есап береди.

Бул мәселе Сенаттың айрықша қадағалаўында болады ҳәм турақлы түрде орынларға барған ҳалда додаланып барылады.

Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Бул ҳеш бир статистикада жоқ еди. Мен ҳүжданым алдында қарақалпақ халқының медициналық жағдайын бойынша көрсеткишлерди анықластырдым – Шавкат Мирзиёев

Өткерилген мониторинглар нәтийжесинде Қарақалпақстанда жоқары қәўип топарына киретуғын халықтың 70 мыңында – жүрек-қан тамыр, 42 мың – эндокрин, 35 мың – дем алыў жоллары, 33 мың – асқазан-ишек, 19 мың адамда бүйрек созылмалы кеселликлери бар екенлиги анықланған.

Әсиресе, жүрек-қан тамыр кеселликлери – Нөкис қаласы, Елликқала, Шымбай районларында, қантлы диабет – Нөкис қаласы, Қараөзек, Мойнақ районларында, дем алыў жоллары кеселликлери – Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларында көп ушырайды.

Сонлықтан, ҳәр бир мәҳәллеге бириктирилген «медициналық бригадалар» ҳәм шаңарақлықлық поликлиникалар созылмалы кеселликлерди ерте анықлаў бойынша зәрүр қураллар менен тәмийинленеди.

Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстандағы онкологиялық жағдай бойынша да тоқталып:

Жылына ҳәр 100 мың халыққа 66 онкологиялық кеселликлер анықланыўы бизди тәшўишке салыўы тәбийғый.

Сол себепли, 12 район ең заманагөй компьютер томографлары менен тәмийинленеди.

Бирлемши буўында ҳаяллар онкологиялық кеселликлерин ерте анықлаў ушын тийисли медициналық мәкемелер 3 мобиль маммограф пенен тәмийинленеди.

Соның менен бирге, халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын 175 орынлық заманагөй онкологиялық орай шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстанның 500 ден аслам жас шыпакерлери ең алдынғы сырт ел клиникаларында тәжирийбе арттырыўға мәмлекет есабынан жибериледи.

Усы жылы Ташкенттеги қәнигелескен орайларға емлениў ушын Қарақалпақстаннан 3,5 мыңнан аслам пуқара мүрәжат еткен. Олардың 1,5 мыңы елеге шекем нәўбет күтип турыпты, 604 адам болса жоқары технологиялық операцияларға мүтәж.

Адамлар айыплы емес, олардың нәўбетте турғаны ушын бизлер айыплымыз. Наўқасларды емлеўге 40 миллиард сум ажыратылады ҳәм операциялар бийпул өткериледи. Гәп шыпакерлерде емес, медициналық үскенелер, технология жоқ.

Аралбойы халқына жоқары технологиялық медициналық хызметлерди қаржыландырыў ушын айрықша қор шөлкемлестириледи, - деди Ш.Мирзиёев.

Каналымызға ағза болың 👉 @kknews_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шавкат Мирзиёевтан ҳәзил: «Рухсат бериў менде емес, сенде ҳәзир»

Каналымызға ағза болың
👉 @kknews_uz
Қарақалпақстанды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге жылына 200 миллион доллар ажыратылады

Келеси жылдан баслап 1 миллион гектарлық аймақта Аралқум миллий тәбият бағы шөлкемлестириледи. Ҳәр бир жасыл аймаққа жуўапкерлерди анықлап тапсырамыз. Урра-урра деп бүгин тереклерди егип, ертеңине таслап кетиўге болмайды, - деп айтып өтти Ш.Мирзиёев.

Сондай-ақ, Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге жылына 200 миллион доллар ажыратылатуғынын атап өтти. Буның ушын айрықша қор шөлкемлестириледи. Келеси 5 жылда Қарақалпақстанда 2,6 мың километрлик ишимлик суў тармағы тартылып, 70 суў сооружениеси қурылады. 250 мәҳәлледеги 300 мың турақ жай таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.

Каналымызға ағза болың 👉 @kknews_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласындағы жаңа инновациялық клиниканың балалар бөлимине барды

Президент Нөкис қаласында Қарақалпақстан медицина институты жанындағы жаңа инновациялық клиниканың балалар бөлимине барды. Бул ҳаққында Президент баспасөз хаткери Ш.Асадов мәлим етти.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, усы клиниканың ирге тасы 2017-жылы мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қойылған еди.

Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент кутилмаганда кортеж йўналишини ўзгартириб, Нукус шаҳрида ўтаётган Ёшлар фестивалига ташриф буюрди.

Президент незапланированно изменил маршрут следования своего кортежа и приехал на фестиваль молодежи, проходящий в Нукусе.

Facebook|Instagram|Twitter
22-сентябрь – Халықаралық автомобилсиз күни. Бул күни дүньяның көплеген мәмлекетлеринде түрли акциялар өткелип келинеди.

Бул бағдарда елимизде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 19-ноябрьде қабыл етилген «Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкар «автомобилсиз бир күн» ҳәм басқа да түрли акциялар шөлкемлестирилип келинбекте.

Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәти де акция шеңбериндеги илажларға белсене қатнаспақта.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы каналына ағза болың: 👇👇👇 https://t.me/uzdsminf_24
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлиминиң Кадрлар ҳәм халық мүрәжатлары бойынша жетекши қәнгигеси Ешчанов Султан Ендировичтиң туўылған күни.

Усы мүнәсибет пенен Султан Ендировичке беккем денсаўлық, шаңарағында қут-берекет ҳәм тараў системасында алып барып атырған ийгиликли жумысларында тасқын-табыслар тилеймиз!

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими жәмәәти

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Районларға_хызмет_сапары

Шөлкемлестирилген ўақты: 1927-жыл, 3-июль.

Улыўма жер майданы: 0,55 мың км2.

Қала типиндеги посёлкалар (киши қалалар) саны – 1

Пуқаралар жыйынлары – 26

2021-жылдың усы күн ҳалатына турақлы халық саны – 124,4 мың адам.

Шегаралас районлар – Нɵкис қаласы, Тақыятас, Шоманай ҳәм Нɵкис районлары. Түркменстан Республикасы

Район ҳәкими: Ермашев Женгис Маратович.

Мәнзил: 231300, Хожели районы, “Ғәрезсизлик” кɵшеси 14-жай.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Хожели_районы

Районлық Мәлимлеме – китапхана орайы

Мәлимлеме-китапхана орайы ҳәзирги ўақытта райондағы Агроэкономика колледжи имаратында ўақтынша жайласқан ҳәм онда 14 хызметкер жумыс алып бармақта.

2021-жылдың усы күн халатында пайдаланыўшылар саны 6460, қатнас 11033 ҳәм китап айланысы 68197 ны қурайды.

Китапхана фонды 98 913 дана соннан көркем əдебиятлар - 79552 дана, сиясий әдебиятлар – 3958 дана хәм басқа да китаплардан ибарат. Сондай-ақ, 42 дана дискетлер, 14 атамадағы газета-журналлар бар. Усы күнге шекем 50 дана QR-кодлы электрон китаплар ислеп шығылды.

Китапхана фондын буннан былай да байытыў мақсетинде китапхананың жыллық сметасына қойылған пулдан 2020-жылда 17 199 482 сўмға 678 дана китаплар сатып алынды. 2021-жылы бюджет есабынан 3 225 600 сўмға 132 атамадағы китаплар алынды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq