Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.2K subscribers
11.9K photos
1.03K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев 21 сентябрь куни Қорақалпоғистон Республикасига келди.

Давлатимиз раҳбари дастлаб Нукус шаҳридаги «Шорша баба» қабристонига бориб, Муса Ерниязов мақбарасини зиёрат қилди.

Қуръон тиловат этилди.

Муса Ерниязов кўп йиллар Қорақалпоғистон Жўқорғи Кенгеси Раиси лавозимида ишлаган. Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Сенати Раисининг ўринбосари, Ўзбекистон Қаҳрамони бўлган.

Президентимиз кўрсатмасига мувофиқ, марҳум хотирасига мақбара барпо этилди. Бугун бу жой обод зиёратгоҳлардан бирига айланган.

Шундан сўнг, давлатимиз раҳбари Қорақалпоғистоннинг Бўзатов туманига йўл олди.

Манба: https://president.uz/
Forwarded from Karakalpakstan.uz
⚡️Президент Шавкат Мирзиёев қарақалпақ тилинде сөйледи

Президент Шавкат Мирзиёев Бозатаў районында сайлаўшылар менен ушырасыўында сөзге шығып, қарақалпақ тилинде сөйлеген:

«Ҳүрметли жасыүлкенлер! Әзиз апа-сиңлилер! Наўқыран жаслар!

Саўлаў алды ушырасыўларын ең дәслеп Қарақалпақстан елинен баслап атырғаным, әлбетте, бийкарға емес. Алдын да айтқанман, бүгин де үлкен мақтаныш пенен тәкирарлайман – мен өзимди қарақалпақ халқының да перзенти деп билемен!»

Дерек karinformuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Шавкат Мирзиёев фидойи қорақалпоғистонликларни ёшларга ибрат сифатида ёдга олиб, Алланияз Ўтениязов номини абадийлаштириш бўйича таклиф берди.

Алланияз Утениязов ҳаётлик чоғида ҳалол пешона тери билан тўплаган шахсий маблағи ҳисобидан эҳтиёжманд одамларга 42 та уй-жой, 4 та мактаб, 4 та боғча ва 4 та тиббиёт пунктини қуриб берган.

Хорижий мамлакатлардаги кўплаб инсонлар ҳам бундай улкан саховат ва бағрикенгликка қойил қолиб, Алланияз Ўтениязовга хатлар ёзишган.

Масалан, аргентиналик миллионер Х.Сапун Алланияз оғага йўллаган мактубида унинг эзгу ишларидан сабоқ олиб, ўзи ҳам бундан буён оддий инсонларга кўмак беришга қарор қилганини қайд этади.

@qurbonova_a
Шавкат Мирзиёев Бозатаў районында сайлаўшылар менен ушырасыўда

Фото «Safarblog» каналынан алынды.

Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Қарақалпақстанда мәденият тараўына байланыслы Шавкат Мирзиёевтиң усыныслары

- Дүнья жүзинде «Саҳрадағы Лувр» деп даңқ шығарған Савицкий музейи бойынша АҚШ, Россия, Уллы Британия, Францияның жетекши илимий-мәдений мәкемелери менен биргеликте арнаўлы изертлеўлер әмелге асырылып, шет тиллеринде китап ҳәм альбомлар басып шығарылады. Сырт еллердеги абыройлы мәденият орайларында оның көргизбелери шөлкемлестириледи;

- Елликқала районындағы пайызлы Ақшакөл бойларында Дүрмен, Замин ҳәм Паркенттеги сыяқлы дөретиўшилик үйи қурылады;

- Өзбекстанның басламасы тийкарында усы жылдың ақырына шекем ЮНЕСКОның 2023-жылы энциклопедист илимпаз, биринши Ренессанс дәўириниң уллы тулғасы Әбиў Райхан Берунийдиң туўылғанының 1050 жыллығын дүнья бойынша кең түрде белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилиўи күтилмекте. Бул халқымыз бенен биргеликте уллы бабамыздың атына мүнәсип тәризде кең түрде белгиленеди;

- Мойнақ районы аймағында Хожа Ахмед Яссаўийдиң шәкирти, тәсаўўыф философиясының ири тулғасы Сулайман Бақырғаный мақбарасы жайласқан. Келеси жылы Сулайман Бақырғаныйдың туўылғанына 900 жыл толады. Бақырғаный мақбарасы абад етилип, шығармалары баспадан шығарылады.

Каналымызға ағза болың 👉 https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
«Баслаған ўақтымызда ҳеш ким бизге исенбеди» – Шавкат Мирзиёев Аралдың қурыған ултанында жасыл тоғайлықлар пайда етиў ҳаққында

- Баслаған ўақтымызда ҳеш ким бизге исенбеди. Имканиятларымыз да жетерли емес еди. Мийнеткеш Қарақалпақстан халқы менен қолды-қолға берип, биргеликте аўызбиршилик пенен усы машқаланы шешиў ушын жеңди түрип кирискенимиз бәршеңизге мәлим.

Соңғы жыллары Арал теңизиниң қурыған ултанында 1,6 миллион гектарлық майданға сексеўил ҳәм шөлге шыдамлы басқа өсимликлерди егип, тоғайлық пайда етиўге еристик.

Тәңриниң инаяты менен Өзбекстанның барлық ўәлаятлары қатнасыўында қысқа ўақыт ишинде усы районда үлкен жумысларды әмелге асырдық.

Көплеген мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден маған хат жазады: Сол рас па? Келип көрип кетиң, деймен.

Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Шавкат Мирзиёев: «Қарақалпақстанның ең үлкен мәселелериниң бири – жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын көбейтиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў»

5 жыл даўамында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға улыўма 17 триллион сум бағдарланған. Бюджеттен 4 триллион сум, халықаралық қаржы шөлкемлеринен 444 миллион доллар және 10 триллион сум банк кредитлери ажыратылған.

Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанның ең үлкен мәселелериниң бири – бул жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматын көбейтиў ҳәм бул арқалы кәмбағаллықты қысқартыў болып табылады, - деди.

- «Темир дәптер»ге кирген 32,5 мың шаңарақтың мийнетке жарамлы болган 45 мың жумыссыз ағзасының бәнтлиги тәмийинленди. Соның менен бирге, жыл басынан «социаллық реестр» енгизилип, 100 мыңнан аслам шаңараққа (улыўма шаңарақлардың 24 проценти) социаллық напақа ҳәм жәрдем бериў жолға қойылды. Бул алдынғы жылларға салыстырғанда 2,5 есеге көп.

Себеби, алдын бундай шаңарақларды есапқа алыў, социаллық жақтан жәрдем бериў өлшемлери анық ҳәм әдил емес еди. Ақыбетинде, жәрдем көлеми жылына 40 мың шаңарақтан көп болмаған.

Бундай жумыслар менен шекленип қалмастан, усы шаңарақлардағы 80 мыңнан аслам халықты кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке үйретип, қаржылай жәрдемлесип, олардың турақлы дәрамат дәрегине ийе етиўимиз керек. Келеси бес жылда 200 мың жас мийнет базарына кирип келиўин де есапқа алыўымыз керек, - деди Ш.Мирзиёев.

Каналымызға ағза болың 👉 @kknews_uz
⚡️Шавкат Мирзиёевтиң суў мәселеси бойынша айтқанлары

«Түркменстанлы досларымыз бенен биргеликте «Түйемойын» гидроузелиниң «Султан Санжар» дамбасын беккемлеў есабынан 1 миллиард куб метр қосымша суў резерви жаратылады.

Бул 50 жыллық мәселе. Биз трансшегаралық суў бассейнлеринде биргеликте ислеймиз. Жақында Түркменстан Президенти елимизге сапар шеңберинде келеди».

Каналымызға ағза болың 👉 @kknews_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Видео. Президент Шавкат Мирзиёев қарақалпақ тилинде сөйледи

Президент Шавкат Мирзиёев Бозатаў районында сайлаўшылар менен ушырасыўында сөзге шығып, қарақалпақ тилинде сөйледи:

«Ҳүрметли жасыүлкенлер! Әзиз апа-сиңлилер! Наўқыран жаслар!

Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Қарақалпақстандағы 422 мәҳәлледе «ҳәким жәрдемшиси» лаўазымы енгизиледи

Шавкат Мирзиёевтиң усынысына муўапық, олар мәҳәлледе исбилерменлердиң жойбарларына жәрдем береди, кәсип-өнерге оқытыў, қыйтақ жер, бос жер ҳәм имаратлардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестиреди. Бул арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, адам санына туўра келетуғын дәраматты көбейтиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға жуўапкер болады.

Ҳәким жәрдемшилериниң қолында бюджети болады, мәҳәллеге бириктирилген салық, банк, жол ҳәм басқа мәкемелердиң хызметкерлери менен бирге ислейди.

Ҳәким жәрдемшилери салық, банк, экономика, инвестиция, қаржы мәкемелери, ҳәкимиятта ислейтуғын билимли ҳәм пидайы жаслар арасынан сайланады.

Олар жаңа система бойынша жумыс ислеўге оқытылады ҳәм жумысының нәтийжесине қарай жақсы айлық төленеди. 2-3 жыл мәҳәлледе ислеп, жақсы нәтийжеге ерискен ҳәким жәрдемшилери алдағы ўақытларда ҳәким және министр лаўазымларына қойылады.

Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
⚡️Келеси жылдан баслап Қарақалпақстанда баслаўыш класс оқыўшылары ушын бийпул түслик бериў жолға қойылады

Бозатаў районында сайлаўшылар менен болып өтип атырған ушырасыўда Шавкат Мирзиёев келеси жылдан баслап Қарақалпақстанда 1-4-класс баслаўыш класс оқыўшылары ушын бийпул түслик бериў жолға қойылатуғынын атап өтти.

Буның ушын бюджеттен жылына 100 миллиард сум ажыратылыўы мәлим етилген.

Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Қарақалпақстанда келеси 5 жылда қалайынша жаңа жумыс орынлары жаратылады? Мирзиёевтиң жобалары қандай?

- 14 мың гектарлық пахта ҳәм ғәлле майданлары қысқартылып, халыққа ашық түрдеги таңлаў тийкарында, 1 гектарға шекем узақ мүддетли ижараға бериледи ҳәм бул арқалы 50 мыңға шамалас жумыс орны шөлкемлестириледи;

- 6 мың жумыссыз адам ушын киши көлемли ыссыханалар қурып бериледи;

- халықтың қыйтақ жерлериниң суў тәмийнатын жақсылаў арқалы 12 мың пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди;

- мәҳәллеге кирген ирригация системасын тиклеў арнаўлы қоры шөлкемлестириледи. Бул қорды Фермерлер ҳәм дийқанлар кеңеси барлық районларда шөлкемлестирип, өзи басқарады. Бюджеттен ҳәр бир район қорына 10 миллиард сумнан өткерип бериледи;

- 422 мәҳәллениң қәнигелесиўинен келип шығып, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларына ҳәр жылы 650 миллиард сумлық кредитлер ажыратылады;

- Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўындағы исбилерменлер ҳәм пуқаралар ушын келеси 10 жылда жер, мүлк, суў салығы, социаллық, пайда, дәрамат ҳәм айланба қаржылардан алынатуғын салық ставкалары 1 процент етип белгиленеди;

- 50 миллиард сумға тең болған жойбарлар бойынша электр, тәбийғый газ, суў ҳәм жол тармақларын өткерип бериўди мәмлекет толық жуўапкершилигине алды;

- 45 жаңа киши санаат зонасы қурылады ҳәм буған бюджеттен дәслепки басқышта 100 миллиард сум бериледи, дерлик 25 мың жаңа жумыс орны жаратылады;

- санаат тармақларында 5 миллиард 100 миллион долларлық 2 мыңнан аслам инвестициялық жойбарлар шеңберинде 76 мың жаңа жумыс орны шөлкемлестириледи.

- аймақтың экспорт көлемлери кеминде 4 есеге көбейтилип, 500 миллион долларға жеткериледи.

Каналымызға ағза болың 👉 @kknews_uz
Ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилетуғын Аралбойы Халықаралық форумын өткериў усыныс етилди

- Қарақалпақстанда инновациялық жойбарларды әмелге асырыўға, жедел инвестицияларды және халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын қаратыў мақсетинде, 2022-жыл сентябрь айында Аралбойы Халықаралық форумын өткериўди усыныс етемен. Усы илажға сырт еллердиң ҳүкиметлик ўәкиллери, абыройлы шет ел компаниялары ҳәм инвесторлар, халықаралық қайырқомлық қорлары және қаржы шөлкемлериниң басшылары мирәт етилип, нәтийжеси бойынша анық бағдарлар, жойбарлар ҳәм басламаларды қаржыландырыўға ресурслар қаратылады, - деп айтып өткен Шавкат Мирзиёев.

Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Келеси жылы Қарақалпақстанды раўажландырыў ушын 43 триллион сум ажыратылады

Бюджеттен – 10 триллион сум, халықаралық қаржы шөлкемлеринен – 19 триллион сум, банк кредитлери – 14 триллион сум.

Бул қаржылардан нәтийжели пайдаланыў, экономика ҳәм инвестиция тараўында гөзленген шеклерге ерисиў ушын Ҳүкимет, орайлық экономикалық мәкемелер ҳәм Министрлер Кеңесиниң жумыс стили толық өзгереди.

Бунда Ташкенттеги министрлер ҳәм тармақлардың басшылары Министрлер Кеңеси менен биргеликте жумыслардың нәтийжелери бойынша ҳәр шеректе Жоқарғы Кеңесте есап береди.

Бул мәселе Сенаттың айрықша қадағалаўында болады ҳәм турақлы түрде орынларға барған ҳалда додаланып барылады.

Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Бул ҳеш бир статистикада жоқ еди. Мен ҳүжданым алдында қарақалпақ халқының медициналық жағдайын бойынша көрсеткишлерди анықластырдым – Шавкат Мирзиёев

Өткерилген мониторинглар нәтийжесинде Қарақалпақстанда жоқары қәўип топарына киретуғын халықтың 70 мыңында – жүрек-қан тамыр, 42 мың – эндокрин, 35 мың – дем алыў жоллары, 33 мың – асқазан-ишек, 19 мың адамда бүйрек созылмалы кеселликлери бар екенлиги анықланған.

Әсиресе, жүрек-қан тамыр кеселликлери – Нөкис қаласы, Елликқала, Шымбай районларында, қантлы диабет – Нөкис қаласы, Қараөзек, Мойнақ районларында, дем алыў жоллары кеселликлери – Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларында көп ушырайды.

Сонлықтан, ҳәр бир мәҳәллеге бириктирилген «медициналық бригадалар» ҳәм шаңарақлықлық поликлиникалар созылмалы кеселликлерди ерте анықлаў бойынша зәрүр қураллар менен тәмийинленеди.

Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстандағы онкологиялық жағдай бойынша да тоқталып:

Жылына ҳәр 100 мың халыққа 66 онкологиялық кеселликлер анықланыўы бизди тәшўишке салыўы тәбийғый.

Сол себепли, 12 район ең заманагөй компьютер томографлары менен тәмийинленеди.

Бирлемши буўында ҳаяллар онкологиялық кеселликлерин ерте анықлаў ушын тийисли медициналық мәкемелер 3 мобиль маммограф пенен тәмийинленеди.

Соның менен бирге, халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын 175 орынлық заманагөй онкологиялық орай шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстанның 500 ден аслам жас шыпакерлери ең алдынғы сырт ел клиникаларында тәжирийбе арттырыўға мәмлекет есабынан жибериледи.

Усы жылы Ташкенттеги қәнигелескен орайларға емлениў ушын Қарақалпақстаннан 3,5 мыңнан аслам пуқара мүрәжат еткен. Олардың 1,5 мыңы елеге шекем нәўбет күтип турыпты, 604 адам болса жоқары технологиялық операцияларға мүтәж.

Адамлар айыплы емес, олардың нәўбетте турғаны ушын бизлер айыплымыз. Наўқасларды емлеўге 40 миллиард сум ажыратылады ҳәм операциялар бийпул өткериледи. Гәп шыпакерлерде емес, медициналық үскенелер, технология жоқ.

Аралбойы халқына жоқары технологиялық медициналық хызметлерди қаржыландырыў ушын айрықша қор шөлкемлестириледи, - деди Ш.Мирзиёев.

Каналымызға ағза болың 👉 @kknews_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шавкат Мирзиёевтан ҳәзил: «Рухсат бериў менде емес, сенде ҳәзир»

Каналымызға ағза болың
👉 @kknews_uz
Қарақалпақстанды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге жылына 200 миллион доллар ажыратылады

Келеси жылдан баслап 1 миллион гектарлық аймақта Аралқум миллий тәбият бағы шөлкемлестириледи. Ҳәр бир жасыл аймаққа жуўапкерлерди анықлап тапсырамыз. Урра-урра деп бүгин тереклерди егип, ертеңине таслап кетиўге болмайды, - деп айтып өтти Ш.Мирзиёев.

Сондай-ақ, Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге жылына 200 миллион доллар ажыратылатуғынын атап өтти. Буның ушын айрықша қор шөлкемлестириледи. Келеси 5 жылда Қарақалпақстанда 2,6 мың километрлик ишимлик суў тармағы тартылып, 70 суў сооружениеси қурылады. 250 мәҳәлледеги 300 мың турақ жай таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.

Каналымызға ағза болың 👉 @kknews_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласындағы жаңа инновациялық клиниканың балалар бөлимине барды

Президент Нөкис қаласында Қарақалпақстан медицина институты жанындағы жаңа инновациялық клиниканың балалар бөлимине барды. Бул ҳаққында Президент баспасөз хаткери Ш.Асадов мәлим етти.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, усы клиниканың ирге тасы 2017-жылы мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қойылған еди.

Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент кутилмаганда кортеж йўналишини ўзгартириб, Нукус шаҳрида ўтаётган Ёшлар фестивалига ташриф буюрди.

Президент незапланированно изменил маршрут следования своего кортежа и приехал на фестиваль молодежи, проходящий в Нукусе.

Facebook|Instagram|Twitter