Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қараөзек районында болып өткен "Жаңа Өзбекстанда - еркин ҳәм абадан жасайық!" сүрени астында өткерилген мәдений-ағартыўшылық дөретиўшилер илажларынан таярланған видеоролик.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq

Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳǝм олардың маманлығын арттырыў аймақлық орайы мǝжилислер залында Қарақалпақстан Республикасында “Мǝнаўият фестивалы”н шөлкемлестириў ҳǝм өткериўге бағышланған Республикалық ǝмелий семинар илажы болып өтти.
Онда Республикалық Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайының баслығы, сенатор М.Хаджиматов, Орай жанындағы “Маърифат” үгит-нǝсиятшылары жǝмийети, Орайдың Қарақалпақстан бөлими ҳǝм “Маърифат” үгит-нǝсиятшылары жǝмийетиниң Қарақалпақстан Республикасындағы ағзалары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўǝкиллери қатнасты.
Семинарда Республикалық Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайыының баслығы М.Хаджиматов ҳǝм Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратовлар шығывп сөйлеп, Республикалық бөлим тǝрепинен өткен ҳǝпте даўамында ǝмелге асырылған жумыслар ҳǝм усы жылдың 28-30-июнь сǝнелери аралығында өкерилиўи режелестирилип атырған “Мǝнаўият фестивалы”н шөлкемлестириў жумыслары ҳаққында тоқтап өтти.
Буннан соң Республикалық Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы жанындағы “Маърифат” үгит-нǝсиятшылары жǝмийети баслығының орынбасыры Н.Ниязов ҳǝм усы жǝмийеттиң бөлим баслығы Х.Ғуломовлар шығып сөйлеп, жыйналғанларға аймақларда “Жаңа ϴзбекстанда еркин ҳǝм абадан жасайық!” сүрени астындағы “Мǝнаўият фестивалы”н шөлкемлестириў ҳǝм өткериў бойынша исленип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилип, Нөкис қаласы ҳǝм барлық районларда өткерилиўи режелестирилип атырған усы илаждың “Жол карталары” додаланды. Соның менен бирге семинар қатнасыўшыларына “Мǝнаўият фестивалы”н өткериў бойынша “Маърифат” үгит-нǝсиятшылары жǝмийети тǝрепинен таярланған видеоролик қойып берилди.
Семинарда сондай-ақ, Әжинияз атындағы
НМПИ Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қ.Қадиров ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы “Маърифат” үгит-нǝсиятшылары жǝмийетиниң ағзасы Ш.Аяповлар да өз баянатлары менен қатнасып, Республикамызда руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нǝтийжелилигин артырыў бағдарында ǝмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы баянатлары менен қатнасты.
Илаж жуўмағында Шөлкемлестириўшилер “Маърифат” үгит-нǝсиятшылары жǝмийетиниң ағзалары ҳǝм Ғалаба хабар қуралларын қызықтырған сораўларға жуўаплар берип, фестивалды шөлкемлестириў бойынша июнь айында алып барылатуғын жумыслар бойынша келисип алынды.
Республикалық Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайының Мǝлимлеме хызмети

"Бес қала" мүнǝсип күтип алынды
Усы жылдың 28-29-май күнлери Ферғана ўәлаятында орта арнаўлы билимлендириў оқыў орынлары арасында өткерилген "Жас қутқарыўшы" таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышында Қанлыкөл районы кәсип-өнер мектебиниң "Бес қала" командасы 2-орынды ийелеўге мияссар болған еди.
Республикалық басқышта женимпаз болган "Бес қала" командасы н Қанлыкөл районындағы "Алтынкөл" станциясында район ҳǝкими А.Ибрагимов басшылығындағы топар ағзалары күтип алды ҳǝм табыслары менен қутлықлап, естелик сауғалары тапсырылды.
Республикалық Руухыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы Қанлыкөл районлық бөлими
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Усы жылдың 28-29-май күнлери Ферғана ўәлаятында орта арнаўлы билимлендириў оқыў орынлары арасында өткерилген "Жас қутқарыўшы" таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышында Қанлыкөл районы кәсип-өнер мектебиниң "Бес қала" командасы 2-орынды ийелеўге мияссар болған еди.
Республикалық басқышта женимпаз болган "Бес қала" командасы н Қанлыкөл районындағы "Алтынкөл" станциясында район ҳǝкими А.Ибрагимов басшылығындағы топар ағзалары күтип алды ҳǝм табыслары менен қутлықлап, естелик сауғалары тапсырылды.
Республикалық Руухыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы Қанлыкөл районлық бөлими
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳǝм олардың маманлығын арттырыў аймақлық орайы мǝжилислер залында Қарақалпақстан Республикасында “Мǝнаўият фестивалы”н шөлкемлестириў ҳǝм өткериўге бағышланған Республикалық ǝмелий семинар илажы болып өтти.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
«Тарғиботчи» электрон журналының биринши саны жарық көрди.
Журналдың электрон варианты менен төмендеги PDF файл арқалы оқып танысыўыңыз мүмкин
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Журналдың электрон варианты менен төмендеги PDF файл арқалы оқып танысыўыңыз мүмкин
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Тахтакөпир районлық Мәденият бөлимине қараслы "Мийрас" фольклор-этнографиялық Халық жәмәәти тǝрепинен сахналастырылған қарақалпақ фольклорынан орын алған нǝрестени бесикке бөлеў ҳǝм ҳǝййиў айтыў сыяқлы дǝстүрлерди өзине қамтып алған "Бесик жыры" композициясы.
Мағлыўмат орнында бул композиция усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында болып өткен "Ҳәййиў айтқан жетер муратқа" республикалық таңлаўына қатнасып сыйлы екинши орынды алыўға ерискенин атап өтиў орынлы.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Мағлыўмат орнында бул композиция усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында болып өткен "Ҳәййиў айтқан жетер муратқа" республикалық таңлаўына қатнасып сыйлы екинши орынды алыўға ерискенин атап өтиў орынлы.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
1-июнь «Халықаралық балаларды қорғаў күни»
Пүткил дүнья бойынша ҳәр жылдың 1 июнь «Халық аралық балаларды қорғаў күни» сыпатында белгиленеди. Усы байрам көпшилик мәмлекетлерде «Халық аралық балалар ҳуқықларын қорғаў күни» сыпатында ҳәм белгиленеди. «Халық аралық балалар күни» ушын арнаўлы байрақ та ислеп шығылған. Бул байрақ өзине тән мәниске ийе. Байрақтың арқа фонында жасыл рең жасарыў, ҳақ кеўиллик, абаданлық белгиси болса, орайдағы жер шары ҳәм оның әтирапындағы қызыл, көк, cары,ақ ҳәм қара реңлер дуньяның қәлеген жеринде балалар рассасы, миллетине қарамастан тең екенлигин билдиреди.
Балалар ҳуқықларын қорғаў ҳаққында сөз кеткенде ең дәслеп көз алдымызға “Бала ҳуқықлары ҳаққында”ғы Конвенция келеди. Усы Конвенция Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясының 1989-жыл 20-ноябрдеги қарары менен қабыл қылынған. Республикамиз усы Конвенцияға Өзбекстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң 1992-жыл 9-декабрдеги қарарына муўапық қосылды.
Бүгинги күнде елимизде балалар спортына айрықша итибар қаратылыўы ҳәмде балалар спортында әмелге асырылып атырған реформаларды атап өтиўимиз керек.
Республикамызда физикалық тәрбия ҳәм спорт пенен байланыслы нызамлардың қабыл қылынғанлығы физикалық тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, әсиресе, балалар спортына кең жол ашып берди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2002-жыл 24-оқтябрде қабыл қылынған Пәрманы, «Балалар спортын раўажландырыў қорын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Министрлер Кеңесиниң 2002-жыл 31-оқтябрь күнги қарары республикамызда балалар спортын раўажландырыўға қаратылған жөнелисинде тасланған ең әҳмийетли қәдем есапланады. Өсип киятырған жас аўлаттың ҳәр тәреплеме раўажланыўында физикалық тәрбия ҳәм спорттың орны айрықша. Сол себепли мәмлекетимизде спорт, әсиресе балалар спортын раўажландырыў мәмлекет сиясатының баслы жөнелислеринен бири болып келмекте. Спортшыларымыз арасында Азия, Жәҳән ҳәм Олимпиада жарысларының жеңимпазлары жетисип шықпақта. Олар ғәрезсиз Өзбекстан байрағын ҳалық аралық спорт ареналарында жоқары көтерип халқымыздың мақтанышына айланбақта.
РЕСПУБЛИКА РУЎХЫЙЛЫҚ ҲӘМ АҒАРТЫЎ ОРАЙЫ ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЛЫҚ БӨЛИМИ

ЖАСЛЫҚ ГӨЗЗАЛЫҚ БАЙРАМЫ
👉Пүткил республикамыз бойлап «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик » сүрени астында өткерилип атырған жаслар фестивалы Бозатаў районының ең шетки аймақларынан бири болған Аспантай аўыл пуқаралар жыйынында ашық аспан астында жоқары дәрежедеги шөлкемлескенлик пенен өткерилди.
🔷Дәслеп, фестиваль шеңберинде аймақтағы жәмлеспеген жаслар арасында спорт жарыслары ҳәм дөретиўшиликке қызығыўшы қәбилетли жаслар қатнасында түрли атамадағы таңлаўлар өткерилди.
🎤Фестивалда сөзге шыққанлар тәрепинен фестивалдың мақсети ҳәм жаслардың турмысындағы әҳмийетине кеңнен тоқталып өтилди.
🔷Фестиваль жуўмағында жеңимпазларды сыйлықланды ҳәм жаслық байрамы елимизге белгили қарақалпақ эстрада қосықшыларының атқарыўында 🎤Гала концерт бағларламасы менен даўам еттирилди.
🎵Йошлы қосықлар, сазлы намалар болса ҳәр бир жасқа руўхый күш бағышлап, олардың кеўлинде Өзбекстандай тыныш ҳәм пәраўан елде жасап, камалға келип атырғаны ушын мақтаныш сезимлерин уялатты.
Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети