🔹🔷Дөретиўши-мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшылар ушын оқыў семинары өткерилди🔷🔹
🔻Хожели районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплериниң Дөретиўши-мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшылар ушын оқыў әмелий семинары шөлкемлестирилди.
🔻Бунда Республикалық семинар-тренингде қатнасып, сертификатқа ийе болған үгит-нәсиятшылар тәрепинен барлық ис-ҳүжжетлери слайд көринисинде ҳәм де интерактив ойынлар тийкарында өткерилди.
🔻Семинар соңында спикерлерге Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Хожели районлық бөлими тәрепинен миннетдаршылық ҳәм "Маънавият тушинчаси" атлы китабы саўға ретинде тапсырылды.
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Хожели районы бөлими
@QR_Ruwxiyliq

Belsendi úgit-násiyatshılar anıqlandı.
“Eń belsendi dóretiwshi mádeniy-máseleler boyınsha úgit-násiyatshı” tańlawınıń Nókis rayonlıq basqıshı ótkerildi.
Onda tóreshiler toparı aǵzaları tárepinen tańlaw Nızamında belgilengen bahalaw kriteriyaları tiykarında úgit-násiyatshılardıń jumıslarına baha berildi.
Tańlaw juwmaǵına kóre 17-sanlı mekteptiń dóretiwshi mádeniy-máseleler boyınsha úgit-násiyatshısı B.Polatbaeva III orın, 28-sanlı mekteptiń dóretiwshi mádeniy-máseleler boyınsha úgit-násiyatshısı G.Esbosinova II orın hám 4-sanlı mekteptiń dóretiwshi mádeniy-máseleler boyınsha úgit-násiyatshısı U.Yusupova I orın jeńimpazı dep tabılıp, shólkemlestiriwshiler tárepinen diplom hám bahalı sawǵalar menen sıylıqlandı.
Búgingi tańlaw jeńimpazı U.Yusupova “Eń belsendi dóretiwshi mádeniy-máseleler boyınsha úgit-násiyatshı” tańlawınıń Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollamanı qolǵa kirgizdi.
Belsene qatnasqan úgit-násiyatshılar nominaciyalar menen sıylıqlandı.

#Бүгин_туўылған_күн
Бүгин «Дўстлик» ордениниң ҳәм бирнеше көкирек белгилериниң ийеси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген Халық билимлендириў хызметкери Татлымурат Атамуратов өзиниң 75 жасын қарсы алмақта.
Татлымурат Атамуратов 1948-жылдың 13-апрель сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районында дүньяға келген.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq

АҒАЛЫҒЫ ТАТЛЫМУРАТ АҒАНЫҢ
(Ел сыйлаған әдиўли устаз Татлымурат аға Атамуратовтың 75 жасына қутлықлаў)
Арал мәўиж урып, толқыған жыллар,
Шайыр қурда, дәстан оқыған жыллар,
Қызлар қол орамал тоқыған жыллар,
Балалығы Татлымурат ағаның.
Билим алып Москвадай қалада,
Илим - тамыр урған ақыл-санада,
Ең жақын жәрдемши устаз-данаға,
Жаңалығы Татлымурат ағаның.
Үш дәўирди көрген, ел менен бирге,
Көпдүр шүкирлиги бүгинги күнге,
Мәнили сөз болып көшеди тилге,
Даналығы Татлымурат ағаның.
Мийнетиниң жемислери көринди,
Мәнәўиятқа шынтлап кеўил бөлинди,
Журтбасшымыз нәзерине илинди,
Устазлығы Татлымурат ағаның.
Мудам жақсылардың жанын жақлап жүр,
Ел тарийхын көкирегине тақлап жүр,
Шәкиртлери исенимин ақлап жүр,
Ағалығы Татлымурат ағаның.
Раўаж Отарбаев

https://telegra.ph/-04-13-1365
УЗАҚ МӘНЗИЛЛЕРГЕ ЖОЛ АЛҒАН ИНСАН
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
УЗАҚ МӘНЗИЛЛЕРГЕ ЖОЛ АЛҒАН ИНСАН
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Telegraph
УЗАҚ МӘНЗИЛЛЕРГЕ ЖОЛ АЛҒАН ИНСАН Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигин алғаннан соӊ елимизге жаӊаланыў самалы есип, биринши гезекте инсан қәдири, келешек әўладларға жоқары дәрежеде тәлим-тәрбия бериўге айрықша итибар қаратыла баслады. Әсиресе, сол ўақытта…
Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы, сенатор Минжожиддин Хожиматов Қарақалпақстан Республикасында болмақта.
М.Мирзажанов дөретиўшилик хызмет сапары даўамында Тақыятас ҳәм Нөкис районына барып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-марттағы ПҚ-5040-санлы қарарына аймақларда қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылған Руўхый-ағартыўшылық сарайларының жумысы менен кеңнен танысты.
Сондай-ақ, аймақлық бөлимлерге жаңа имаратта руўхый-ағартыўшылық бағдарда нәтийжели дөретиўшилик жумыс алып барыў бойынша баҳалы көрсетпелер, идеялар берилди.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Татлымурат Атамуратов 75 жаста
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў
Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрманына көре, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Татлымурат Атамуратов «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
Усы мүнәсибет пенен Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң гүллән мийнет жәмәәти атынан ҳүрметли атақ ийесин шын жүректен қутлықлап, халқымыз, әсиресе жас әўладлардың руўхый дүньясын байтыўдағы дөретиўшилик жумысларында буннан былай да тасқын табыслар тилеймиз.
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

#Аязый_бағынан_гүлдәсте
Пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде оқыў дәргайы оқыўшыларының дөретпелеринен ибарат “Аязый бағынан гүлдәсте” атлы китабын таныстырыўға бағышланған әдебий илаж шөлкемлесрилди.
Онда дөретиўшилик мектеп директоры Р.Ташимов, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов, "Билим" баспасының бас редакторы З.Өсербаева ҳәм басқалар қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Өз сөзинде дөретиўши жасларға китапқумарлық ҳәм елимизде талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған илажлар ҳаққында сөз етип, усынылып атырған жаңа китаптан орын алған дөретпелердиң мазмунына тоқтап өтти ҳәм жас қәлем ийелерине буннан былай да дөретиўшилик табыслар тиледи.
Өз гезегинде жас дөретиўшилер де жыйналғанларға өз қәлемине тийисли қосықлардан оқып берди.