Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.21K subscribers
11.6K photos
1.01K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
https://kknews.uz/kk/138882.html
Шерназар бақсы елатында Наўрыз байрамы

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, шайыр, жазыўшы ҳәм аўдармашы - Шаўдырбай Сейтовтың туўылған күни.

Ш.Сейтов 1937-жылдың 16-март сәнесинде Түркменстанның Гөне Үргенш районында дүньяға келген.

Шығармалары: «Үшпелек», «Соқпағым мениӊ, қайдасаӊ?», «Қашқын», «Көп еди кеткен тырналар», «Таўлардан саза», «Ығбал соқпақлары», Халқабад» романы тетрологиясы, «Исине тиркелип тигилсин!», «Шырашылар», «Жоллар» ҳәм «Жаман шығанақтағы Ақтуба» романлары.

Өзиң әдалатлы,өзиң ҳақ болсаң,
Бәрше халыққа әдил қарамақ болсаң,
Қарақалпақ халқын қырмайжақ болсаң,
Қайтарып бер,мениң Әмиўдәрьямды.(Ш.Сейтов)

Шайыр текстин оқыған: М.Баймурзаева

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде руўхый-ағартыўшылық илажлар шеңберинде мектеп оқыўшылары менен ушырасыў өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы бойынша Ишки ислер органларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Айрықша жағдайлар басқармасы, Арқа-Батыс әскерий округи ҳәм Нөкис қалалық медицина бирлеспесинен тийисли басшы-қәнигелер хәм жас әскерлер қатнасты.

Илажда мектеп оқыўшыларына жәмийетлик тәртипти сақлаў қағыйдалары, экологиялық мәденият, денсаўлықты сақлаў ҳәм айрықша жағдайларда қырағылық, сондай-ақ, Ана-Ўатанымыз алдындағы перзентлик миннетлермелер ҳаққында кеңнен түсиник берилди.

Ушырасыў жуўмағында мектеп оқыўшылары тийисли тараў басшы-қәнигелеринен өзлерин қызықтырған басқа да сораўларға жуўаплар алды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ассалам_Наўрыз!

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында "Ассалам Наўрыз" атамасындағы театрластырылған байрам тамашалары даўамында фольклорлық тамашалар, миллий халық ойынлары болған арқан тартысыў, тас көтериў ҳәм қол гүреси сыяқлы ойынлар өткерилди.

Филиал Мәлимлеме хызмети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Ассалам_Наўрыз!

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер турақ жайында сүмелек сейили өткерилди.

ҚМУ Мәлимлеме хызмети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Баспасөзде

Республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2023-жыл 4-марттағы 24-саны.

Мақалада газетаның усы жыл 28-февралдағы 20-санында Қарақалпақстан халық шайыры Х.Даўлетназаров тәрепинен жәрияланған «Оқығанды қойған, ойланғанды да қояды…» атлы сын мақаласына мүнәсибет билдирилген.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#befarqemasman

Мен перзентлеримниң улыўма инсаныйлық ҳәм миллий қәдриятларымыз тийкарында тәрбияланыўын, жетик инсанлар болыўын қәлеймен. Сонлықтан да Өзбекстанның дүньялық ҳәм ҳуқықый мәмлекет екенин жаңаланып атырған Конституцияда беккемлеў зәрүр, деп есаплайман. Мен бийпәрўа емеспен!

Бәриңизди «Мен бийпәрўа емеспен!» челленжинде белсене қатнасыўға шақыраман.

#befarqemasman

Сиз де бийпәрўа болмаң!

Бабур БЕКМУРОДОВ
"Юксалиш" улыўма миллий ҳәрекетиниң баслығы

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Жақсы нама – жан азығы

Толық 👉 https://kknews.uz/kk/139179.html

Қарақалпақстан хабар агентлиги

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq