Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.26K subscribers
10.3K photos
929 videos
10 files
1.05K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
8_март_халықаралық_ҳаял_қызлар_күни

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминде тараўда ислеп атырған ҳаял-қызлар қатнасында 8-март – халықаралық ҳаял-қызлар байрамы күни мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Онда Республикалық бөлим баслығы ҳәм басқалар тараўдағы барлық ҳаял-қызларды шын кеўилден қутлықлап, өмиримиздиң даўамшысы ҳәм жәмийетимизде белсенди болған әзиз ҳаял-қызлардың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги гиреўли орны ҳақкында кеңнен сөз етти.

Илаж соңында байрам ийелери мүнәсип сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Аёл_мухаддас_зот

Тўрткўл туман ҳокимлиги, Республика Маънавият ва маърифат маркази туман бўлинмаси томонидан 2023 йил "Инсонга эътибор ва сифатли таълим йили" давлат дасурида белгиланган вазифалар ижросини таъминлаш ҳамда 8-март "Халқаро хотин-қизлар куни" муносабати билан туман тиббиёт бирлашмасида “Аёл – муқаддас зот” мавзусида маънавий-маданий тадбир бўлиб ўтди.

Тадбирда тиббиёт соҳасида кўп йиллар давомида меҳнат қилиб келаётган ҳодимлари, меҳнат фахрийлари ва ёшлар ташкилотчилар томонидан ташаккурнома ва байрам совғалари билан тақдирландилар.

Республика бўлими расмий канали @QR_Ruwxiyliq
8 март – Халқаро хотин-қизлар куни муносабати билан “Маърифат” тарғиботчилари жамияти томонидан ушбу жамиятнинг Қорақалпоғистон Республикасидаги бир гуруҳ аъзолари тақдирланди.

Ушбу муносабат билан ташкил этилган тадбирда Республика Маънавият ва маърифат маркази Қорақалпоғистон бўлими раҳбари Т.Атамуратов иштирок этиб, “Маърифат” тарғиботчилари жамиятининг фаол аъзоларидан ҳисобланган тақдирланувчиларнинг фаолиятини алоҳида эътироф этди. Байрам билан чин қалбдан муборакбод қилиб, келгусидаги эъзгу ишларида муваффақиётлар тилади.

Республика бўлими расмий канали @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Елликқала районлық бөлиминиң баслығы Айша Мәтниязова "Ең белсенди депутат" деп табылды.

Усы мүнәсибет пенен кәсиплесимиз Айша Мәтниязованы шын-жүректен қутлықлап, алдағы ийгиликли ислеринде және де жоқары шеклер тилеймиз.

Республикалық бөлим жәмәәти

Республика бўлими расмий канали @QR_Ruwxiyliq
#Китап_бизиң_достымыз

Пайтахтымыздағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамы ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими менен биргеликте Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы барлық улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында «Китап бизиң достымыз!» атамасында таңлаў болып өтти.

Таңлаўдың ашылыў мәресиминде Орайдың Қарақалпақстан бѳлими бас қәнигеси Н.Шынназаров ҳәм қалалық бөлим баслығы Қ.Нуратдиновлар шығып сөйлеп, таңлаўдың мазмун-мәниси хаққында сөз етип, барлық қатнасыўшыларға әўметлер тиледи.

Таңлаў Төрешилер қурамы тәрепинен әдил баҳаланып барылды ҳәм 12-санлы мектеп жәмәти тәрепинен жыйналғанларға концерт бағдарламасы усынылды. Илаж жуўмағында мектеп жәмәәти шөлкемлестириўшилердиң ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Таңлаўдың қалалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими усы жылдың 13-март күни Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамы мәжилислер залында болып өтеди.

@QR_Ruwxiyliq