Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.22K subscribers
11.3K photos
990 videos
10 files
1.1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Мәмлекетлик тилди раўажландырыў бағдарындағы жумыслар додаланды

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде мәмлекетлик тилди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алда турған ўазыйпаларды додалаў бойынша жыйналыс болып өтти.
👇👇👇
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси-департамент баслығы П.Дабылов, министрлик ҳәм ведомостволардың басшылары, район (қала) ҳәкимлериниң тийисли мәсләҳәтшилери, Жоқары оқыў орынларының орынбасарлары, сондай-ақ, көп санлы тыңлаўшылар қатнасты.

Илажда Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Фархад Бабаджанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Абылқасым Өтеўлиев шығып сөйледи.

Жыйналыс қатнасыўшылардың Мәмлекетлик тилимизди буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы пикир-усыныслары, сораў-жуўаплары менен даўам етти ҳәм илаж жуўмағында барлық қатнасыўшыларға китаплар гүлдәстеси саўға етилди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Онлайн
#Мәнаўият_фестивалы
#Мойнақ_районы

“Бозатаў” ҳәм “Тикөзек” аўыл пуқаралар жыйынларында байрам нәпеси

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қоңырат_районы

Фестивал шеңбериндеги илажлар "Елабад" ППЖда жайласқан Қоңырат соды завод ЖШЖ қоспа кәрханасында даўам етти.

«Жаңа ϴзбекстанда миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик» атамасында ɵткерилген үгит-нәсият илажына республикамызға белгили кɵркем-ɵнер шеберлери қатнасты.

Район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Нөкис_қаласы

“Туран” мәкан пуқаралар жыйынында өткерилген руўхый-ағартыўшылық илаждан көринислер.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан#Мәнаўият_фестивалы

“Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!” сүрени астында болып өткен болып өтип атырған руўхый-ағартыўшылық илажлардан көринислер

“Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Нөкис_қаласы

Бүгин Нөкис қаласына бириктирилген дөретиўшилик топар ағзалары “Меҳир мүриўбет ҳәм сақаўат” жойбары шеңберинде “Шығыс” мәкан пуқаралар жыйынындағы Республикалық онкологиялық диспансеринде болды.

Онда мийманлар диспансерде емленип атырған пуқаралардың ҳалынан хабар алып, оларға жоқары кейпият бағышлаў мақсетинде өз дөретиўшилик үлгилерин бөлисти ҳәм наўқасларға шыпа тилеп, естелик саўғалар тапсырды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq