Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.2K subscribers
11.9K photos
1.03K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Мәнаўият_фестивалы

“Китаплар кәрўаны”

Бүгин Республикамызда өткерилип атырған Мәнаўият фестивалы шеңберинде пайтахтымыздағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орналасқан майданнан районларға “Китаплар кәрўаны” жол алды.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийети тәрепинен таярланған бул китаплар кәрўаны өз ишине өзбек ҳәм қарақалпақ және жәҳән әдебияты дүрданаларынан ибарат бес мыңнан аслам китапларды қамтып алған.

Фото: "Ma'rifat" үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң Мәлимлеме хызмети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Фестиваль_Хўжайли

Хўжайли тумани «Жанқоңырат» МФЙда жойлашган касб-хунар мактаби биносида «Аёлга эҳтиром» лойҳаси доирасида давра суҳбати билан бирга «Янги Ўзбекистон китоб ва кутубхонадан бошланади» мавзусида китоб лар кўргазмаси ташкил этилди.

Тадбирда маҳаллалардаги хотин-қизлар фоали, касб-хунар мактаб жамоати, маҳалладаги уюшмаган ёшлар жалб этилиб, тарғибот гуруҳи аъзолари томонидан маданий концерт дастури ташкил этилди.

Тадбир якунида йиғилганларга "Маърифат улашиб" акцияси доирасида Республика Маънавият ва маърифат маркази томонидан тайёрланган китоблар гул дастаси совға қилинди.

✏️Республика бўлими расмий канали @QR_Ruwxiyliq
#Мәнаўият_фестивалы
#Шоманай_районы

Шоманайда фестиваль нәпеси

Толық: https://kknews.uz/kk/111838.html

Қарақалпақстан хабар агентлиги

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Мәнаўият_фестивалы
#Нөкис_қаласы

“Меҳир мүриўбет ҳәм сақаўат”

Бүгин пайтахтымызда даўам етип атырған фестиваль шеңберинде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы, сенатор М.Ходжиматов басшылығындағы дөретиўши топар ағзалары Нөкис қаласы “Шымбай гүзары” мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы кем тәмийинленген, майыплығы болған пуқалар ҳалынан хабар алынды.

Ушырасыўларда шаңарақ ағзалары ҳәм майыплығы болған балалар социаллық-руўхый қоллап-қуўатланып, оларға Орай тәрепинен таярланған естелик саўғалар тапсырылды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Мәнаўият_фестивалы
#Нөкис_қаласы

Нөкис қаласына бириктирилген үгит-нәсиятшылар Арал балалар дем алыў ҳәм саламатландырыў орайында болды.

Ушырасыўда балалар менен шын-жүректен пикирлесилип, әдебий ҳәм мәдений мазмундағы шеберлик сабақлықлары өткерилди. Белгили шайырлар ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң өз дөретпелеринен үзиндилер инам етиўи балаларға жоқары руўхый заўық бағышлады.

Илаж соңында балаларға әдебий китаплар гүлдәстеси саўға етилди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🏛 Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи

🐅 Музейде әййемги ҳайўанлар ҳәм өсимликлердиӊ тасқа айланған қалдықлары, Арал бойыныӊ сийрек ушырасатуғын ҳәм бүгинги күнде жоқ болып кеткен қуслар ҳәм ҳайўанлардыӊ тулыплары сақланбақта. “Соӊғы туран жолбарысы” болса музейдиӊ өзгеше эскпонаты болып есапланады.

🧥🪕 Этнографик экспозицияларда әййемги кийимлер, зергерлик буйымлары, қара үй безеклери, гилемлер, саз әсбаплары сақланып келмекте.

📜 🖼 Тарихий экспозицияларда ески қолжазбалар ҳәм китаплар, теӊгелер, халық дәстанларыныӊ батырлары ҳәм тарихий тулғалардыӊ портретлери, ХХ әсирден баслап аймақтыӊ раўажланыўына тийисли фотосуўретлерден ибәрат.

📍Бүгинги күнде музейдиӊ Мойнақ районында еки филиалы – Мойнақ экология музейи ҳәм Арал теӊизи тарийхы музейи бар болып, бул музейлерде аймақтыӊ теӊиз бенен тығыз байланыслы болған өтмиштеги турмысын сәўлелендириўши экспонатлар сақланбақта.

Дәрек: @karakalpakstantravel

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq