#Мәмлекетлик_тил_ҳаққындағы_нызам_ҳүжжетлериниң_орынланыўы
Исбилерменлерге түсиник жумыслары алып барылды. 👇👇👇

Кегейли районында жайласқан хызмет көрсетиўши жеке кәрханалар ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерде мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи, сыртқы ҳәм ишки жазыўлар, маңлайшалар, баннерлер ҳәм басқа да мәлимлеме текстлериниң жағдайы жумысшы топар тәрепинен үйренип шығылды.
Белгили болғанындай, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2016-жылы 10-июнь күнги қабыл еткен қарарына тийкар «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Нызамына өзгерис киргизилди.
Бул бойынша район көлеминде бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Деген менен, айрым исбилерменлер тәрепинен ана тилимиздиң тазалығын сақлаў, қарақалпақ тилиндеги сөзлерди қәте жазыў жағдайлары жийи-жийи ушыраспақта. Тийисли жуўапкерлердиң гезетеги үйрениў жумыслары нәтийжесинде Район орайында жайласқан Гулназ Ешбаева басқарған “ГУЛДАНА” гөззаллық салоны маңнайшасына «Кулак тесемиз», «Каска растушовка ислеймиз», Саламат Сулайманов басқарған темир буйымларын ислеў цехында «сварочный цех», «темир буйымларына заказ аламыз», сондай-ақ, «Мега Кегейли Строй» ЖШЖде ис басқарыўшысы Ш.Халмуратов тәрепинен де усы сыяқлы қәте жазылганы анықланып, исбилерменлерге сөзлерди дурыс ҳәм латын графикасына тийкарланған қарақалпақ тилинде жазыў бойынша мәсләҳәтлер берилди.
Қ.Жиемуратов, Кегейли районы ҳәкиминиң
мәсләҳәтшиси
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq

Forwarded from Qaraqalpaqstan xabar agentligi
https://kknews.uz/kk/106414.html
Этноспорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында
ӨзбекстанРеспубликасы Президентиниң қарары
Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng

#Тахтакөпир
Аўыл хожалығы бөлими: Мәкемениң атамасы жазылмаған…
Гезектеги үйрениў жумыслары Тахтакөпир районы Аўыл хожалығы бөлиминде алып барылды. 👇👇👇

Аўыл хожалығы бөлиминиң ис жүргизиў ҳүжжетлери, сыртқы жазыўлары, реклама ҳәм дағазалары, көргизбели хабарландырыў текстлериниң «Мәмлекетлик тил ҳаққында» ҳәм «Реклама ҳаққында»ғы Нызам ҳүжжетлерине әмел етиў бағдарында белгили дәрежеде жетискенликлерге ерискени менен бир қатарда қәте-кемшиликлер де ушырасты.
Мысалы ушын, Аўыл хожалығы бөлиминде мәкемениң атамасы жазылған маңлайша жазыў ҳәм бирде-бир баннер қыстырылмаған. Бланкалар, буйрықлар қарақалпақ тилинде емес, тек өзбек тилинде жазылған. Бул өз гезегинде бөлимде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 4-статясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамының 1-статясы талапларының орынланбай атырғанлығын көрсетеди.
Бөлимниң буйрық ҳәм қатнас хатларында, кирис-шығыс ҳүжжетлерин дизимге алыў журналында бир қанша имла ҳәм пунктуациялық қәтелер анықланды. Атап айтқанда, ҳүжжетлердиң көпшилиги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарарына тийкар 2016-жылы 10-июнь күни «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Нызамына өзгерис киргизилген болса да, бөлимге тийисли ҳүжжетлер 2009-жыл 8-октябрьде қабыл етилген латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбеси тийкарында жазылған. Ҳүжжетлер кирилл жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесинде жүргизилген жағдайларда ә, ө, қ, ғ, ң, ү, ў, ҳ ҳәриплериниң орнына басқа сести аңлатыўшы а, о, к, г, н, у, х шәртли таңбаларынан пайдаланған.
Үйрениў даўамында анықланған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм де алдағы ўақытларда жол қоймаў мақсетинде Аўыл хожалығы бөлиминиң жуўапкер хызметкерлерине усыныс ҳәм пикирлер берилди.
С.Узақбаев,
Тахтакөпир районы ҳәкиминиң мәсләҳәтшиси

#Əмелият
Бүгин Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факултети Миллий идея руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқықый билимлендириў бағдарының 1-курс студентлери Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайына әмелият өтеўге келди.
Усы мүнәсибет пенен Республикалық бөлимниң баслығы Т.Атамуратовтың қатнасында руўхый-ағартыўшылық ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда студент-жасларға Орайдың тийкарғы атқаратуғын ўазыйпасы ҳәм аймақлық структуралары туўралы мағлыўмат берилип, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимизде руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың мазмун-мәниси ҳаққында түсиниклер берилди.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
“Qaraqalpaqstang’a xosh kelipsiz”
Rejissyor: Qudrat Atadjanov
Kompozitor: Ayapbergen Otegenov.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Rejissyor: Qudrat Atadjanov
Kompozitor: Ayapbergen Otegenov.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қанлыкөл
Сыртқы жазыўлар – мәкемелердиң айнасы
Мәкемелерде ис жүргизиў ҳүжжетлери, сыртқы жазыўлары, реклама ҳәм дағазалары, көргизбели хабарландырыў текстлеринде «Мәмлекетлик тил ҳаққында» ҳәм «Реклама ҳаққында»ғы Нызам ҳүжжетлерине әмел етиў менен бирге қәте-кемшиликлерге де жол қойыў жағдайлары ушыраспақта. 👇👇👇

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарары тийкарында 2016-жылы 10-июнь күни «Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында»ғы Нызамына өзгерис киргизилген болса да, көпшилик мәкемелерде ҳүжжетлер 2009-жыл 8-октябрьде қабыл етилген латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбеси тийкарында жазылған. Ҳүжжетлер кирилл жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесинде жүргизилген жағдайларда ә, ө, қ, ғ, ң, ү, ў, ҳ ҳәриплериниң орнына басқа сести аңлатыўшы а, о, к, г, н, у, х шәртли таңбаларынан пайдаланған. Көпшилик хат бланкаларында мәкеме атамасы тек ғана өзбек тилинде жазылыў жағдайлары орын алмақта.
Бул өз гезегинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 4-статясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамының 1-статясы талапларының орынланбай атырғанлығын көрсетеди.
Үйрениў даўамында анықланған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдағы ўақытларда жол қоймаў бойынша мәкемелердиң жуўапкер хызметкерлерине усыныслар берилип барылмақта.
Қ.Қутимов,
Қанлыкөл районы ҳәкиминиң мәсләҳәтшиси

АРХИВ СҮЎРЕТИ
Нөкис қаласында ККИрсовхозстрой басқармасы жанында шөлкемлестирилип, өзиниң жумысын алып барған "ӘМИЎ ҲИНЖИСИ" ансамбли.
Сүўрет 1981-жылы түсирилген.
Зияда ШАМУРАТОВА басшылық еткен бул ансамбль қурамы тийкарынан Нөкис Салыгершилик техникумының студент жаслары болып, 1980-жылы Болгария Республикасында өткерилген Халық аралық Жаслар фестивалында қатнасқан.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фонды.

Forwarded from МЕРЎЕРТ
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақ халқының ең әййемги қалаларынан бири Топыраққала ҳаққында "Өзбекстан тарийхы" телеканалы таярлаған көринислер.
@karakalpakstantravel
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
@karakalpakstantravel
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Forwarded from Charjau_Elmuratov
Telegraph
МҮНӘСИБЕТ
Бәриңизге белгили болғанындай, усы жылдың 25-май күни Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёев тәрепинен «Этноспорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы әҳмийетли қарарға қол қойылды. Қарар менен этноспорт түрлерин…
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ 45 жыллығы болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты.
Дәслеп Жоқарғы Кеӊес Баслығы университет тарийхына байланыслы көргизбе менен танысты.
Оннан соӊ «Қарақалпақстан регионында жоқары билимлендириў ҳәм илим-пән раўажланыўында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ орны: кеше, бүгин, келешек» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияда Жоқарғы Кеӊес Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, университеттиӊ 45 жыллығы менен қызғын қутлықлады.
Конференцияда сырт еллердеги абыройлы жоқары оқыў орынлары ҳәм Өзбекстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары басшлыларныӊ қутлықлаўлары оқып еситтирилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram