Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.26K subscribers
10.5K photos
938 videos
10 files
1.06K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Онда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамураов ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығының орынбасары М.Турсынов ҳәм Орайдың Нөкис қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң баслықлары қатнасты.

Атап өтилгениндей усы жылдың 19-январь сәнесинде Ҳүрметли Президентимиздиң Жаслар менен ислесиўдиң жаңа басқарыў механизмлерин енгизиў, олар менен ислесиўдиң вертикал системасын жаратыў, жаслардың машқалаларын тиккелей мәҳәллелерде шешиў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-92-санлы қарары қабыл етилди.

Усы қарарға тийкар Қарақалпақстан Республикасындағы 424, соннан Нөкис қаласындағы 64 пуқаралар жыйынларында жаслар жетекшилери лаўазымы енгизилди.

Əйне пайытта усы жаңадан енгизилген жаслар жетекшилери тәрепинен жоқарыдағы қарарда белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, соның ишинде ҳәр бир мәҳәллелердеги жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жаслар арасында миллий халық ойынлары ҳәм спорт түрлерин ғалабаластырыў, Бес әҳмийетли баслама жойбарлары, жаслар фестиваллары ҳәм басқа да мәдений-руўхый илажларды әмелге асырыў бойынша дөретиўшилик жумыслар басланбақта.

Бүгинги семинарды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет – мине, усы бағдарда мәҳәллелердеги жаслар жетекшилерине руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестириўде әмелий жәрдем бериўден ибарат.

Семинар тренингтиң тийкарғы бөлиминде жаслар жетекшилерине Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов тәрепинен Нөкис қаласы «Шығыс» мәҳәлле пуқалалар жыйынында руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелилигин арттырыў бойынша Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен келискен ҳалда 2022-жылдың биринши ярым жыллығы ушын ислеп шығылған үлгили илажлар бағдарламасы көргизбели түрде таныстырылды.

Өз ишине мәдений ҳәм руўхый-ағартыўшылық бағдардағы рәң-бәрең илажларды қамтып алған бул үлгили бағдарлама әйне пайытта Қарақалпақстан, соңынан пүткил Өзбекстан Республикасына кеңнен ен жайдырылады.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими «Қарақалпақ әдебияты» бөлиминиң үлкен илимий хызметкери, филология илимлериниң кандидаты А.Утамбетова «Мәҳәллелерде руўхый, мәдений-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў өзгешеликлери» темасында кең түсиниклер берип өтти.

Онда жаслар жетекшилери мәҳәллерде руўхый-ағартыўшылық илажлар нәтийжелилигиниң шәртлери, руўхый-ағартыўшылық жумысларға системалы бейимлесиў, илажларды өткериўде пайдаланыў мүмкин болған қураллар, үгит-нәсият принциплери, соның ишинде, илажларды өткериўде дөретиўшилик қатнас жасаў, олардың тартымлылығын ҳәм тәсиршеңлигин күшейтиў, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен нәтийжели бирге ислесиў ҳәм үгит-нәсият жумысларын сапалы сәўлелендириў бойынша кең түсиниклерге ийе болды.

Қызғын пикирлесиў руўхында өткерилген семинар-тренингте жаслар жетекшилери мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық жумысларды шөлкемлестириў бойынша өзлерин қызықтырған басқа да сораўларға жуўаплар алды.

Мағлыўмат орнында бул семинар-тренинг даўамлы түрде Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Forwarded from 44-mektep TALANTLARÍ
Президенттиң қолынан алтын саат алған педагог пенен ушырасыў болып өтти

Нөкис қалалық 44-санлы билим бериў мектебинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы аға оқытыўшысы Бахытгүл Арзиева менен ушырасыў кешеси болып өтти. Оған руўхыйлық хәм ағартыў ислери бойынша директор орынбасары, мәҳәлледеги жаслар жетекшиси, 21131 әскерий бөлим китапханашысы хәм оқыўшылар, мүддетли хызметтеги әскерлер қатнасты.

Көп ғана илимий мийнетлердиң авторы, "Жыл ҳаялы-2019" таңлаўының жеңимпазы, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтың қолынан алтын саат алған әдиўли педагог оқыўшыларға усы дәрежелерге жетисемен дегенше көрген қыйыншылықлары, машақатлы мийнетлери туўралы айтып берди. 8-март халықаралық ҳаял-қызлар байрамы алдынан өткерилген кеше мектеп оқыўшыларының таярлаған сахналық көринислери ҳәм сораў-жуўаплар менен қызықлы өтти.

Мектеп үгит-нәсиятшысы
А. Дарменов


Талантлар дүньясына хош келдиңиз: Мәрҳамат
☀️
@mekteptalant44
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#8_март_Ҳаял_қызлар_байрамы

Тазалық периштелери

Видеоролик Əжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх факултети миллий идея руўхыйлық тийкарлары ҳәм хуқық билимлендириў бағдары 2-курс студентлери тәрепинен исленди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Баспасөзде

Республикалық “Еркин Қарақалпақстан” газетасының 2022-жыл 5-марттағы 26-саны.

Дөретиўшилик ислеримизге қанат бағышлайды

Татлымурат Атамуратов

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Шымбайлы үшинши әўлад үйши-өнермент Азамат Төрекеев өз устаханасы жанынан музей хәм мийман үйлерин шөлкемлестирди.

#uzbekiston24

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
https://kknews.uz/kk/99915.html
Кеўил дәптериндеги гәплер…

👉Агентликтиң телеграм каналына ағза болың - https://t.me/kknews_uz
Тәрийпиңе теңеў таппадым ҳаял

Теңейин жәҳәнниң қайсы гүлине?
Теңейин реңниң қайсы түрине?
Желкеңде көтерип турған жүгиңе,
Тең келер бир теңеў, таппадым ҳаял.

Бағларда шырай жоқ, өзиңсиз ғәрип,
Сөзлерде мәни жоқ, ғәрипдур ҳәрип,
Қанша излесемде, жүрек ақтарып,
Сениңдей сулыў сөз, таппадым ҳаял.

Қыз өзиң, муҳаббат тахты жарасқан,
Сап ышқы, тиллерге көшкенде дәстан,
Қуўансаң, қәлбиңе жайғасар аспан,
Кең кеўлиңе, теңеў таппадым ҳаял.

Ярысаң, жигиттиң жеңинен тутқан,
Арысаң, қолласаң, бәйгиде утқан,
Бир күлсең, дүньяның ғамын умытқан,
Қүдиретиңе теңеў таппадым ҳаял.

Раўаж Отарбаев.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Тараў хызметкерлери мүнәсип сыйлықланды

Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминде 8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен Орай системасында жумыс алып барып атырған бир топар ҳаял-қызлар қатнасында байрамға бағышланған илаж болып өтти.

Онда Орайдың Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов шығып сөйлеп, барлық ҳаял-қызларды байрам менен шын-жүректен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, өмиримиздиң даўамшысы, шанарақларымыздың берекети болған әзиз ҳаял-қызларымыз тек ғана шаңарақларымыздың беккемлигин тәмийинлеп қоймастан, олар әйне пайытта жәмийетимиздиң раўажланыўына салмақлы үлес қоспақта.

Илаж соңында ҳүрметли ҳаял-қызларға Орай Қарақалпақстан бөлими ҳәм оның кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен баҳалы саўғалар менен қаржылай сыйлықлар берилди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq