Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.22K subscribers
11.2K photos
983 videos
10 files
1.09K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультети студент жаслары менен ушырасып, «Мәнаӯият ең тәсиршең ҳәм күдиретли қуралымыз!» атамасында Мәнаӯият сааты өткерилди.

Онда соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимизде руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетислистириў бағдарында алып барылып атырған илажлар кеңнен додаланды.

Еркин пикирлесиў руўхында болып ɵткен илаж даўамында студент-жаслар ɵзлеринин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Америкалы оқытыўшы Нөкисте сабақ береди

Aмерикалы оқытыўшы Даниел Касе пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде өз жумысын баслады. Бул ҳаққында AҚШның Өзбекстандағы елшиханасы хабар берди.

Мектеп директоры Руслан Ташимовтың айтыўынша, 25 жаслы мичиганлы оқытыўшы 10 ай даўамында мектепте инглис тилинен сабақ береди.

Дерек: ҚР Халық билимлендириў министрлиги
Forwarded from Mánawiyatlı áwlad
Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń 2021-jıl 26-marttaǵı PQ-5040-sanlı qararınıń orınlanıwın támiyinlew, sonday-aq, oqıwshı jaslardıń ruwxıy dunyasın bayıtıw, olardıń ideologiyalıq immunitetin bekkemlew maqsetinde Respublika Ruwxıylıq hám aǵartıw orayı Nókis rayonlıq bólimi hám Nókis rayonı Xalıq bilimlendiriw bólimi menen birgelikte ulıwma orta bilim beriw mekteplerinde ótkeriletuǵın úgit-násiyat ilajlar rejesi tastiyıqlandı.
Tastıyıqlanǵan rejege tiykar 31-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebinde “Ush áwlad ushırsıwı” bolıp ótti.
Ótkerilgen ushırasıwǵa nuranıy ustaz Q.Qılıshbaev, Qaraqalpaqstan Respublikasına xızmet kórsetken mádeniyat xızmetkeri, Ózbekstan Respublikasında xızmet kórsetken jurnalist A.Oteniyazova, jas oqıtıwshı ustaz R.Jumabaevlar qatastı hám ózleriniń ómir jolı, dóretiwshilikleri hám de jetiskenlikleri haqqında oqıwshı jaslaǵa aytıp berdi.
Ushırasıw keshesi soraw juwaplar menen mazmunlı ótti.

Аǵza bolıń:👇👇👇
t.me/manawiyatliawlad
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Миллетлераралық_татыўлық

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тақыятас районлық бөлими тәрепинен өткерилген илаждан арнаўлы репортаж

@QR_Ruwxiyliq
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети   сиңген көркем-өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Қарақалпақ сүўретлеў өнери тарийхында биринши профессионал художник Кыдырбай Саиповтың туўылғанына 82 жыл толмақта.

Қыдырбай Саипов 1939-жылдың 10-сентябрь сәнесинде Шымбай районында дүньяға келген.

Портрет авторы: Художник И.Алибеков

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Районларға_хызмет_сапары

Шөлкемлестирилген ўақты: 10-май, 1928-жыл.

Улыўма жер майданы: 21, 1 мың км2.

Қала типиндеги посёлкалар (киши қалалар) саны –1.

Пуқаралар жыйынлары – 16.

2021-жылдың усы күн ҳалатына турақлы халық саны – 40, 4 мың адам.

Шегаралас районлар – Беруний, Елликқала, Қараөзек, Мойнақ районлары.

Район ҳәкими: Адилов Жамбул Агытаевич.

Мәнзил: 231100, Тахтакөпир районы, Дослық гүзары көшеси 42-жай

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Тахтакөпир районлық Мәлимлеме-китапхана орайы

Орай ҳәзирги ўақытта Тахтакөпир районы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң ески имаратында жайласқан ҳәм онда 20 хызметкер жумыс алып бармақта. Китапхана 47 486 дана китап фондына ийе болып, соннан: 38 214 сы кɵркем-әдебий, 254 и методикалық колланбалар, 1012 и сиясий, 267 и сɵзликлер ҳәм 7739 и илимий-ғалабалық китапларға туўра келеди.

2021-жылдың усы күн ҳалатына китаплар айланысы 99 978, ағзалар 8527 ҳәм қатнас 2599 ды қурайды.

Район ҳәкимлиги тәрепинен китапхана фондын буннан былай да байытыў мақсетинде 2020-2021-жылларда 983 дана китап сатып алыў ушын 26 млн сўм қаржы ажыратылды. Ɵзбекстан миллий китапханасы тәрепинен 580 дана китаплар саўға етилип, 50 дана QR кодлы электрон китапларды оқыў имканияты жаратылды.

Сондай-ақ, Мәлимлеме-китапхана орайына жергиликли исбилерменлер ҳәм кɵп санлы китапқумарлар тәрепинен де турақлы түрде китаплар саўға етилип келинбекте.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq