Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.21K subscribers
11.6K photos
1.01K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
«Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!»

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигине 30 жыл толыў мүнәсибети менен Мойнақ районы орайындағы дем алыў орынларынан бири болған “Шайырлар аллеясында” Республика руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Мойнақ районлық бөлими басламасы менен «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында байрам кешеси шөлкемлестирилди.
👇👇👇
Байрам илажына бөлим менен бирге ислесиўди жолға қойған мәкеме ҳәм шөлкемлер белсене қатнасты. Илажды Республика руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Мойнақ районлық бөлими баслығы Г.Тоқсанбаева ашып берди ҳәм жыйналғанларды ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы менен қутлықлады.

Соңынан районлық мәденят орайының китапханашысы Г.Тәжбенова сөзге шығып байрам қутлықлаўын билдирип, жасларды китапханлыққа тартыў мәселелери бойынша сөз сөйледи.

Илаж барысында Мойнақ районлық Мәлимлеме китапхана орайының китаплар көргизбеси, Районлық МШБ бөлимине қараслы 17-санлы МШБШның миллий қәдирятларымызды балаларымыз, перзентлеримиз санасына терең сиңдириў мақсетинде таярланған миллий көргизбелери жайылды ҳәм жыйналғанларда өзгеше тәсир оятды.

Мойнақ районлық ХББ қараслы 2-санлы ҳам 3-санлы мектеплердиң дөретиўшилик ҳәм мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылары тәрепинен мектеплерден дөретиўши оқыўшылар жыйналып байрам сәнесине арналған дөретпелеринен ҳәм қосық, аяқ ойынларын жыйналғанларға инәм етди.

Республика руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Мойнақ районлық бөлими.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Forwarded from MA’NAVIYAT va MA'RIFAT
#Юксак_мукофот_муборак_бўлсин!

Президент Шавкат Мирзиёев Фармонига мувофиқ Мустақилликнинг 30 йилиги арафасида Республика Маънавият ва маърифат марказининг Қорақалпоғистон бўлими етакчи мутахассиси Аяпов Шарапатдин «Фидокорона хизматлари учун» ордени билан тақдирланди.
Республика Маънавият ва маърифат маркази, “Маърифат” тарғиботчилар жамияти жамоаси Ш.Аяповни юксак мукофот билан табриклаб, келгуси фаолиятида улкан зафарлар тилайди.

Республика Маънавият ва маърифат маркази Матбуот хизмати
Qanlıkòl rayonı XBB ne qaraslı 3-sanlı mektepte Ğarezsizligimizdiñ 30 jıllıģına arnap "Jaña Òzbekstanda erkin hàm abadan jasayıq" sùreni astında oqıtıwshılar hàm oqıwshılar arasında sàwbetlesiw bolıp òtti.

Bunda mektebimizdiñ oqıtıwshıları màmleketimizde bolıp atırģan òzgerisler haqqında oqıwshılarģa tùsinik berdi.

Ğarezsizlikten keyingi jıllarda kòplegen tarawlarda òzgerisler boldı. Ğarezsizligimizdiñ jaslar ushın jaratıp bergen imkaniyatları haqqında oqıwshılar òz pikirlerin aytip òtti.

3-sanlı mekteptìñ Dòretiwshi màdeniy-màseleler boyınsha ùgit nàsiyatshısı Rzamuratova Gozzal.
Qanlıkòl rayonı XBB ne qaraslı 3-sanlı mektepte Ğarezsizligimizdiñ 30 jıllıģına arnap "Jaña Òzbekstanda erkin hàm abadan jasayıq" sùreni astında oqıtıwshılar hàm oqıwshılar arasında sàwbetlesiw bolıp òtti.

Bunda mektebimizdiñ oqıtıwshıları màmleketimizde bolıp atırģan òzgerisler haqqında oqıwshılarģa tùsinik berdi.

Ğarezsizlikten keyingi jıllarda kòplegen tarawlarda òzgerisler boldı. Ğarezsizligimizdiñ jaslar ushın jaratıp bergen imkaniyatları haqqında oqıwshılar òz pikirlerin aytip òtti.

3-sanlı mekteptìñ Dòretiwshi màdeniy-màseleler boyınsha ùgit nàsiyatshısı Rzamuratova Gozzal.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Бүгин_туўылған_күн

Хожабек Сейтов
(1917-2001)

Хожабек Сейтов 1917-жылы 25-августта Тахтакөпир районының "Қарабуға" аўылында туўылған. Дәслеп баслаўыш мектепте муғәлим, соңынан Төрткүлдеги муғәллимлер институтын питкерип, оқыў бөлиминиң баслығы болады.

Соң Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерип, Жазыўшылар аўқамының баслығы, "Совет Қарақалпақстаны" газетасының бөлим баслығы ўазыйпасында, кейин ала мийнет дем алысына шекем Жазыўшылар аўқамында бюро баслығы лаўазымында иследи.

Жазыўшы еки рет "Ҳүрмет белгиси" ордени ҳәм бир неше медальлар, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң "Ҳурмет жарлық"лары менен сыйлықланған.1972-жылы "Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери",1991-жылы "Қарақалпақстан халық жазыўшысы" деген ҳурметли атақларға ийе болған.1943-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. Шайырдың 1944-жылы "Бахытлы өмир", 1955-жылы "Гулленген аўыл", Таңламалы шығармалары 1977-жылы жарияланды.

Дәрек:@serikpirjanov
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Министрлер Кеңеси Баслығы Сариев Қахраман Раматуллаевич! "Меҳнат шуҳрати" ордени менен сыйлықланды

Өбекстан Республикасы Президенти бүгин Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекет хызметкерлери, ислеп шығарыў, социаллық тараўда мийнет етип атырғанларды сыйлықлаў бойынша пәрманға қол қойды.
Пәрман менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Сариев Қахраман Раматуллаевич! "Меҳнат шуҳрати" ордени менен сыйлықланды.

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Мәмлекетлик сыйлықлардың ийеси, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик ГИМНиниң авторы, композитор Нажимаддин Мухаммеддинов өзиниң 84-жасын қарсыламақта. Ол 1937-жылы 26-август күни Тахтакөпир районында туўылған.

Композитор көплеген намалары менен бирге "Әжинияз" операсы, "Айжамал" балети қусаған қунлы шығармалардың да авторы.

Ол Республикалық Бердақ атындағы филармония ҳәм 1977-1986-жыллары композиторлар аўқамы баслығы лаўазымында жумыс алып барды. Соның менен бирге, 1980-1985-жылларда Қарақалпақстан телерадио комитетинде халық сазлары оркесторының бас дирижёры болып иследи.
1986-жылдан 1999-жылға шекем Мәденият министри, ал 1999-2005-жылларда Жапақ Шамуратов атындағы Нөкис көркем-өнер колледжи директоры лаўазымларын атқарды.

Ол әйне пайытта Қарақалпақстан Композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамын басқарып келмекте.

Дәрек: @serikpirjanov

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қосық: "Нажиматдин аға"

Атқарады: Қуўанышбай Сейтимбетов.

Текст авторы: Досан Сейтназаров.

Белгили композитор Н.Мухаметдиновтың 80 жыллық юбилей салтанатынан алынды.

Дәрек: @serikpirjanov

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Taxiatosh tumani 1-sektor hududiga kiruvchi, tumanning chegara qismida joylashgan «Naymanko'l» OFY «Shatiravuq» ovulida Mustaqilligimizning 30 yillik bayrami munosabati bilan «Yangi O'zbekistonda obod va farovon yashaylik» shiori ostida bayram tadbiri bo'lib o'tdi. 👇👇👇
Bayram tashlikotchilari tuman hokimligi, Ma’naviyat va ma’rifat markazi tuman bo‘linmasi, 99651-sonli harbiy qismi, tuman XTB hamda Mahalla va oilani qo‘llab-quvvatlash bo‘liminining o‘rinbosari A.Ersaidov hamda tuman Madaniyat bo‘limi, tuman Axborot kutubxona markazi xodimlari faol ishtirok etishdilar. Yig‘ilgan aholinining ko‘nglini ko‘tarish bayramona kayfiyat ulashish maqsadida tuman madaniyat bo‘limi tomonidan tayyorlagan konsert dasturi namoyish etildi.

99651-sonli harbiy qismida faoliyat yuritayotgan harbiy askarlarimiz o‘zlarining harbiy chiqishlari bilan davraga g‘urur bag‘ishladi. Sportning “Shaxmat” turi bo‘yicha jahon chempioni M.Arazmuhammedova yosh shaxmatchilar o‘rtasida “Master klas” o‘tkazdi. Tuman Axborot markazi xodimlari yig‘ilgan aholiga yangi nashrdan chiqqan kitoblar taqdimotini namoyish qilishdilar.

✏️Respublika bo'limi rasmiy kanali 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ғәрезсизлигимизге_30_жыл

Қуралбай Мәмбеткәримов,

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Шымбай районлық бɵлиминиң баслығы

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қарақалпақ_композитор_ҳәм_мелодистрлери

УЛБИЙБИ АБДУЛЛАЕВА

Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Улбийби Абдуллаева 1964-жылы Нөкис қаласында туўылды. 1989-жылы М.Ашрафий атындағы Ташкент Мәмлекетлик консерваториясының композиторлық факултетин табыслы питкереди. Композитор өз шығармаларында қарақалпақ музыкалық фольклорынан пайдаланып, оларды ҳәзирги заман музыка жанрлары менен ҳәр тәреплеме раўажландырыўға ҳәрекет етеди. Дɵретиўшилиги даўамында 60 тан артық музыкалық шығармалар дөретти ҳәм ҳәзирде қызғын дɵретиўшилик майданында.

ШЫҒАРМАЛАРЫ: «Курорт», «Уры» көркем филмлерине музыкалар, «Қызыл гүл», «Умытпа мени», «Күттим табарма едиң», «Өмирбек» балет сюитасы, «Роксананың көз жасы» атлы бир актли балети. Симфониялық шығармаларынан «Байрам увертюрасы», «Арал ҳаўазы», Балалар ушын «Сәлем», «Топ-топ», «Әмиўдәря» қосықлары ҳәм қуўыршақ театрлари ушын музыкалар дөретти. Сондай-ақ, «Қарақалпақ композиторларының вокал шығармалары», «Бахытлы балалық» атлы китаплары баспадан шықты.
#Жаңа_китап

ЎТКИР ҲОШИМОВ

“Шарқ” баспа-полиграфия акционерлик компаниясы тәрепинен Ɵзбекстан халық жазыўшысы Ўткир Ҳошимовтың гезектеги китабы баспадан шықты.

Ўткир Ҳошимовтың туўылғанына 80 жыл толыўы мүнәсибети менен Сиз ҳүрметли оқыўшыларға усынылып атырған топламда дɵретиўшиниң ең сайланды шығармалары орын алған.

Дәрек: Ɵзбекстан Жазыўшылар аўқамының баспасɵз хызмети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq