Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.23K subscribers
11.1K photos
980 videos
10 files
1.09K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Қанлыкөл_районы.
#Биз_бир_болсақ_бир_халықбыз_бирлессек_Ўатанбыз.
#Руўхыйлық_сааты.

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик, сиясий белсендилигин асырыў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы алдынан «Биз бир болсақ бир халықбыз, бирлессек Ўатанбыз» сүрени тийкарында  Қанлыкөл районындағы 19-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Руўхыйлық сааты» шеңберинде ушырасыў шөлкемлестирилди. Ушырасыўда усы музыка мектебинде узақ жыллар мийнет етип, район жасларын көркем өнерге тартып, олардың талантын жүзеге шығарыўда өзиниң күш жигери менен мийнет етип Президентимиздиң пәрманына муўапық «Саламат турмыс» медалы менен сыйлықланған пидайы устаз Айсултан Жақсымуратова менен сәўбетлестик.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қанлыкөл_районы.
#Биз_бир_болсақ_бир_халықбыз_бирлессек_Ўатанбыз.
#Руўхыйлық_сааты.

Илажға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими бас қәнийгеси Б.Өтешова, «Қанлыкөл хабарлары» газетасы редакторы, «Марипат» үгит-нәсиятшылар топары ағзасы Г.Аметова, 19-санлы мектептиң руўхыйлық-ағартыўшылық  жумысларына жуўапкер қәнийге Ж.Төрешова, нураный устазлар ҳәм мектеп жәмәәти қатнасып, А.Жақсымуратованың жемисли мийнетлери, шәкиртлери ҳаққында айтып өтти. Өз гезегинде пидайы устаз А.Жақсымуратова мәмлекетимиздеги ҳаял-қызларға болған итибар, жаратылған имканиятлар ушын өз миннетдаршылығын билдирди.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қоңырат_районы
#Биз_бир_болсақ_бир_халықбыз_бирлессек_Ўатанбыз

📌Руўхый-ағартыўшылық илажлар даўам етпекте.

🔰Қоңырат районы “Алтынкөл, Моншақлы ҳәм Кумбыз" МПЖда аймағында жайласқан 39-санлы мектепте Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы байрамы мүнасибети менен район мәҳәллелеринде өткерилиўи белгиленген “Биз бир болсақ бир халықбыз, бирлессек Ўатанбыз” сүрени астында руўхый ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.

🔰Күн тәртибиндеги мәселе бойынша  социаллық-руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў, миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, диний экстремизм ҳәм терроризм, миссионерлик пенен байланыслы идеалогиялық қәўиплердиң ҳәм де басқа  унамсыз иллетлердиң алдын алыў, социаллық тармақлардан дурыс пайдаланыў мәденияты бойынша кеңнен түсиниклер берди.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
Бугун Эллиқалъа туманида жойлашган санъат саройида "Жаҳолатга қарши маърифат" мавзусида учрашув ўтказилди.

Ўзбекистон Республикаси Давлат мустақиллигининг 33 йиллиги муносабати билан "Бир бўлсак – ягона халқмиз, бирлашсак – Ватанмиз!" шиори остида туманимизда жойлашган санъат саройда махалла фуқаролари иштирокида кинокарвон лойиҳаси доирасида "Аёл қисмати" фильми намойиш қилинди.

Тадбирда огохлик давр талаби, ижтимоий-маънавий муҳит барқарорлигини таъминлаш ва динлараро бағрикенгликни мустаҳкамлаш, ёшларни ёт ғоялар таъсиридан ҳимоя қилиш, мафкуравий таҳтидларга қарши курашишнинг долзарб йўналишлари ҳамда хотин-қизларнинг салбий ғоялар таъсирига тушиб қолишининг олдини олиш тўғрисида, «Жаҳолатга қарши маърифат», “Экстремистик ташкилотлар сафига адашиб кириб қолганларнинг тақдири” ҳамда «Виждон эркинлиги ва диний ташкилотлар тўғрисида»ги қарорнинг мазмун-моҳиятини тушунтириб ўтилди.

✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq