ТАЙЫНЛАЎ

Жумабаев Мурат Темирбаевич Мойнақ районы ҳәкимниң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Ол алдын Ѳзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Мойнақ районы бѳлими баслығы лаўазымында ислеп келген.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
🔈Дыққат, дыққат!

Тек мойнақлы жаслар ушын әжайып имканият!

Мойнақ районы «Future Muynak» орайында логистика орайыныӊ ашылыўы режелестирилмекте. Усы мүнәсибет пенен жумысқа кириўди қәлеўши район жасларын жумысқа қабыллаў ушын ашық сәўбетке шақырамыз.

☝️Қойылатуғын талаплар: инглис тилин орташа билиўиӊиз, жасыңыз 18-35 аралығында болыў керек. Егер студент болсаӊыз, сыртқы тәлим бағдарында, ал күндизги тәлим бағдарында оқысаӊыз 4-курс болыўыӊыз тийис. Турақлы жасаў орыныӊыз Мойнақ районы болыўы лазым.

Дизимге алыў мүддети ертеӊ, 10-февральдыӊ саат 09:00 ден 20:00 ге шекем даўам етеди.

Мийнет ис-ҳақының басланғыш төлеми 300 АҚШ доллар.

Ашық сәўбеттиң сәнеси ҳәм ўақты ҳаққында қосымша мағлыўмат бериледи.

☎️Сораўлар ушын: +998999445097

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
Бүгин Мойнақ районындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы жумыссыз болған жаслар Ташкент ўәлаятындағы «Rasulov GI» есиклер фирмасына оқыў ушын жиберилди.

Ол жерде жаслар исбилерменлик тараўы бойынша бийпул бизнес кѳнликпелерине ийе болып, есик ислеп шығарыў бойынша билимлерин жетилистиреди.

Сондай-ақ, айырықша оқыған жаслар Мойнақта ашылыўы жобаластырылып атырған фирма филиалына жумысқа киреди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
Мойнақтағы аўыр аймақта қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылмақта

Мойнақ районы орайына еӊ алыс болған «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, жолларды оӊлаўға топырақ шығарылып, соннан 1 км. майданға топырақ жайылды.

Соныӊ менен бирге, 250 куб ЩПС ѳними алып келинип, вогоннан түсириў жумыслары толық әмелге асырылды. Алдағы ўақытта 2,4 км аралыққа жайылыўы режелестирилмекте.

Районлық Медицина бирлеспеси хызметкерлери тәрепинен аймақта жасаўшы пуқараларға медициналық хызметлер кѳрсетилип, олардыӊ ҳалынан хабар алды.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
Арал теӊизи қурыған ултанында тоғай-мелиорация жумысларына талап етилетуғын шѳл ѳсимликлери туқымларын қабыллаў бойынша тастыйықланған графикке тийкар Мойнақ районында белгиленген орынларда туқым қабыллаў жумыслары алып барылмақта.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
Мойнақ районы 17-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ғәзел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының 581 жыллығына арнап әдебий кеше болып өтти.

Илажда тәрбияланыўшылар тәрепинен Алишер Наўайының қосықлары, ғәзеллери, сахналық көринислери, жыйналғанларға қойып берилди.

Онда сөзге шыққанлар уллы шайырымыз ҳаққында бақша тәрбияланыўшыларына кең түсиниклер берип өтти.

Видеода «Нанныӊ ийиси» атамасындағы сахналық кѳринис сәўлеленген.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
«Жайҳун» МПЖның Исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшиси тәрепинен Бирлескен миллетлер шөлкеминиң раўажландырыў бағдарламасы ўәкиллери менен аймақта жасаўшы үй шараятында өзин-өзи бәнт етиў усынысын билдирген пуқаралар менен ушырасыў болып өтти ҳәм оларға 7-8-февраль күнлери оқыў-семинар шөлкемлестирилди.

Семинар қатнасыўшылары теплица, инкубатор, гидропоника ҳәм тазаланған суў жөнелислери бойынша оқытылды. Илаж соӊында оларға сертификатлар тапсырылып, алдағы ўақытта оқытылған пуқараларға теплица, инкубатор, гидропоника ҳәм тазаланған суў аппаратларын алып бериў режелестирилип, ҳәзирги күнде бул хожалықларды әсбаб-үскенелер менен тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress