KarPressa
22.6K subscribers
10.9K photos
2.8K videos
223 files
10.3K links
📍 KarPressa –әҳмийетли ўақыяларды ҳақыйқый ҳәм тезлик пенен жеткерип бериўши жаңалықлар каналы.

🇺🇿 Өзбек тилиндеги каналымыз: @KarPressa_Uz

Реклама ҳәм мүрәжәт ушын: @KarPressa_admin
Download Telegram
Forwarded from IdeaStore
⚡️ JANA 1 KÚN - 21-DEKABR! idea'da 50 000 dam koʻp texnikalar -70% gʻa "MEGA CHEGIRMEDE"

❗️70% 🔻 32" ARTEL TV (A32NHCH001) 169 000 50 700 sumnan
❗️70% 🔻FERRE (FOR11GR) 89 000 26 700 sumnan
❗️70% 🔻GORENJE (MG2001SB) 99 000 29 700 sumnan
❗️70% 🔻KLEO Gaz Plita (MS5040BECO) 229 000 68 700 sumnan
❗️70% 🔻TECNO Spark30C (4/128) 259 000 77 700 sumnan
❗️70% 🔻ARTEL (HD276FNDECO) 329 000 98 700 sumnan
❗️70% 🔻PREMIER 211 (PRM211TFDW) 329 000 98 700 sumnan
❗️60% 🔻6KG LORETTO (6016BLDCG) 399 000 159 600 sumnan
❗️50% 🔻6KG SAMSUNG (60AG4S00CELD) 409 000 204 500 sumnan
❗️50% 🔻7KG SAMSUNG (70AG5S21EELD) 499 000 249 500 sumnan
❗️40% 🔻LG (F2Y1NS3W) 399 000 239 400 sumnan
❗️40% 🔻iPhone 13 (128GB) 699 000 419 400 sumnan ayina*

Toliq magʻlumat 📞 71-230-7799

Baslangʻish tolem - Joq
Kepiller kerek emes -Joq


* Asigʻiń, texnikalar sani sheklengen hám baxalar múddetli toʻlemge jigirma toʻrt aygʻa koʻrsetilgen!

Adres 👉 Lokatsiyalar

📍Nókis q - Mánzil: Mega Nukus oldida
📍Qońırat q - Mánzil: Mega Park oldida
📍Beruniy q - Mánzil: Beruniy Sawda orayınıń qarama-qarsı
📍Tórtkúl rayonı - Mánzil: Ǵárezsizlik MPJ, Beruniy kóshesi, 66 d
📍Àmiwdàrya rayonı - Mánzil: Mang‘it qalasì, Qıpshaq Shax kóshesi 40-úy
📍Shimbay rayoni - Mánzil: Shımbay diyqan bazarı oldida

RASMIY KANAL | Instagram | Do'konlarimiz
5
Нөкисте байрам илажлары себепли айырым көшелерде ҳәрекет ўақтынша шекленеди

Нөкис қаласы ҳәкиминиң тийисли бийлигине тийкарланып, "Президент шыршасы" ҳәм Жаңа жыл байрамы илажларының өткерилиўи мүнәсибети менен қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде қаладағы айырым көшелер ўақтынша жабылады.

Усы жылдың 20-декабрь күнинен баслап 2026-жылдың 10-январь сәнесине шекем И.Каримов көшесиниң Т.Қайыпбергенов ҳәм Қарақалпақстан көшелери, Пушкин көшесиниң И.Каримов ҳәм С.Камалов көшелери, сондай-ақ, Ғәрезсизлик көшесиниң И.Каримов ҳәм С.Камалов көшелери аралығында транспорт қуралларының ҳәрекети 3.1 "Кириў қадаған" жол белгилери менен тоқтатылады.

📍Информация бағдары @KarPressa
3
Келеси айдан мәмлекетлик хызметкерлердиң айлығы асыўы күтилмекте

Президент Пәрманында 2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик хызметкерлердиң айлығы бирден-бир, анық ҳәм ашық-айдын принцип тийкарында қәлиплестирилиўи ўазыйпасы белгилеп берилген.

Жаңа тәртипке көре, лаўазым айлығы хызметкердиң ис тәжирийбеси, илимий дәрежеси ҳәм қәнигелиги, жумыс нәтийжелилиги, сондай-ақ, профессионал көнликпелери ҳәм басқа да көрсеткишлер тийкарында белгиленеди.

📍Информация бағдары @KarPressa
4
Нөкисте байрам концерт бағдарламалары шөлкемлестириледи

21-декабрьден баслап ҳәр күни кешки саат 19:00 де Нөкис қаласы орайындағы Жаңа жыл шыршасы әтирапында "Жаңа жыл" концерт бағдарламасы болып өтеди.

Илаж даўамында белгили эстрада қосықшылары ҳәм жас талант ийелериниң шығыўлары режелестирилген болып, шөлкемлестириўшилер барлық пуқараларды байрам тамашаларына мирәт етпекте.

📍Информация бағдары @KarPressa
1
Өзбекстанда метан заправкаларда газ бар-жоқлығын көрсетиўши қосымша иске түсти

Өзбекстанда айдаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде "Avto24" мобил қосымшасы тест режиминде иске түсти.

Пайдаланыўшылар усы платформа жәрдеминде қайсы шақапшада метан газ бар ямаса жоқ екенин, сондай-ақ, бензин ҳәм электромобилларды қуўатлаў станциялары ҳаққындағы мағлыўматларды реал ўақыт режиминде анықлаўы мүмкин.

Қосымша арқалы ең жақын шақапшаларды табыў имканияты да жаратылған болып, бул әсиресе қыс мәўсиминде айдаўшылардың ўақтын үнемлеўге хызмет етеди.

📍Информация бағдары @KarPressa
12😁5💊3😱1
Өзбекстанда стандартлар халықаралық талапларға бейимлестирилмекте

Мәмлекетимизде Жәҳән саўда шөлкеми талапларына тийкарланып 2 105 халықаралық стандарт қабыл етилип, ескирген 418 шөлкем стандарты бийкар етилди.

Олардың орнына жаңа миллий ҳәм "Жасыл" стандартлар енгизилип, миллий стандартлардың халықаралық нормаларға сәйкеслиги 41,1 пайызға жеткерилди. Бул өзгерислер базардағы сапасыз өнимлерди азайтыўға ҳәм тутыныўшыларға сапалы өним усыныўға хызмет етеди.

📍Информация бағдары @KarPressa
4
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Үйи жанып кеткенин айтып халықтан жәрдем сораған қыз "Kia K5" сатып алды

Ташкентте үйи жанып кетип, өзи ҳәм анасы баспанасыз қалғанын айтып, адамлардан қайыр-сақаўат сораған қыз көп өтпей, қымбат баҳалық автомобиль сатып алғаны мәлим болды.

Қыздың сөзине исенип, оған 10 миллион сумлап қайырқомлық қылған пуқаралар бул жағдайдан ҳайран қалып, оннан түсиник талап етпекте. Айырымлар оның үстинен ИИБ ға арза еткени де хабарланбақта.

Бул жағдай халықтың исенимин сөндирип, келешекте ҳақыйқаттан да жәрдемге мүтәж инсанларға көмек берилмеўине алып келиўи мүмкин екенлиги айтылмақта.

📍Информация бағдары @KarPressa
👍178🤔2
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Балалар ушын жаңа жыл саўғасы: дәслепки 3D анимациялық фильм

Өзбекстан тарыйхында биринши мәрте 3D форматта сүўретке алынған толық метражлы "Сеҳрландия: қаҳраманлық миссиясы" анимациялық фильминиң премьерасы болып өтти.

Илажда Саида Мирзиёева қатнасып, балалардың өз тилинде, миллий руўхыятқа жақын заманагөй мультфильмлерди көрип үлкейиўи әҳмийетли екенин атап өтти. Жақын күнлерде басланатуғын қысқы демалыс даўамында ата-аналар перзентлери менен биргеликте усы фильмди тамашалаў имканиятына ийе болады.

📍Информация бағдары @KarPressa
1
Өзбекстанда тоғыз айда 664 мыңнан аслам нәресте дүньяға келди

Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-сентябрь айларында республика бойынша жәми 664,6 мың тири туўылыў жағдайы дизимге алынған.

Аймақлар кесиминде ең жоқары көрсеткиш Самарқанд ўәлаятында (80 903) бақланған болса, Қарақалпақстан Республикасында усы дәўир аралығында 29 523 нәресте дүньяға келген. Ең кем туўылыў жағдайы Сырдәрья ўәлаятына (15 879) туўра келмекте.

📍Информация бағдары @KarPressa
12👍3
Нөкисте аўыл хожалығы хызметкерлери күни кең түрде белгиленди

​Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы байрам илажлары болып өтти.

​Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм тараўдағы модернизациялаў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм фермерлерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларға тоқталып өтти.

​Байрам даўамында тараўдың мийнет алдынғылары хошаметленип, қатнасыўшылар ушын аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, түрли тағамлар ҳәм концерт бағдарламасы усынылды.

📍Информация бағдары @KarPressa
13👍7🔥4