Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.17K subscribers
26.2K photos
2.21K videos
21 files
9.23K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Нөкис районы “Абат аўыл”, “Аўыр аймақ” бағдарламасына киргизилген “Кердер” ҳәм “Ақтерек” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы районлық электр тәмийинлеўши кәрханасына тийисли 35/10 кВ лы "Кырантаў" подстанциясында жуклемеде турған 2500 кВА куўатлыққа ийе трансформатор 6300 кВА лы трансформаторға алмастырылмақта.

Бул 2,5 есеге кушейтириледи дегени. Алдынлары бул аймақларда электр энергиясыныӊ төменлиги себепли жүдә көп машқалалар жүзеге келетуғын еди. Әлбетте халық ҳәм экономика тармақларының электр энергиясына болған талабы жылдан-жылға артып бармақта. Буны тәмийинлеў мақсетинде ескирген подстанциялар ҳәм узатыў тармақлары басқышпа-басқыш жаңаланып барыўды алдымызға мақсет етип қойғанбыз дейди-Нөкис районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы баслығы Ж.Нарманов

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.me/Aqmangituz
Президент мектеби оқыўшыларының барлығы жатақхана менен тәмийинленеди ма?

Президент мектеплеринде оқыўшылардың барлығы жатақхана менен тәмийинленеди, оқыўшылар ҳәптениң дүйшемби күнинен жума күнине шекем мектеп аймағында қалып билим алады.

@zamanuz
Коронавирус инфекциясынан наўқасланып, саўалғанлар да вакцина алыўы керекпе?

Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмәәт саламатлығы хызмети баслығының орынбасары Ботир Қурбонов:

🦠Вирустың өзгериўшең екенлиги, турақлы түрде мутацияға ушыраўы, “COVID-19” бенен байланыслы қәўиплердиң жоқарылығы ҳәм коронавирус пенен қайта наўқасланыў мүмкиншилиги бар болғаны ушын, усы кеселлик пенен алдын аўырған болыўына қарамастан, вакцина шаныштырыў усыныс етиледи.
Хабарландырыў

Жынаят ислери бойынша Нѳкис районы суды баслығы А.Сейтанов, пуқаралық ислери бойынша Нѳкис районлар аралық суды судьясы М.Адилова ҳәм Нѳкис районлар аралық экономикалық суды судьясы М.Каримбаевалар тәрепинен 2021-жылы 03-апрель күни саат 09:00де «Кердер» АПЖ имаратында, 2021-жылы 03-апрель күни саат 10:00де «Бақаншақлы» АПЖ имаратында, 2021-жылы 03-апрель күни саат 11:00де «Тѳктаў» МПЖ имаратында, 2021-жылы 03-апрель күни саат 12:00де «Саманбай» АПЖ имаратында суд мәселелери бойынша кѳшпели қабыллаў ѳткерилетуғынын хабарлаймыз.


Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.me/Aqmangituz
Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары тайынланды

Бүгин Нөкис районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында бос турған ҳәким орынбасары лаўазымына тайынлаў болып өтти.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Давлетов, Нөкис районы ҳәкими О.Уснатдинов ҳәм район белсендилери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажланыў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Махсетбаев Полат Махсетбаевич тайынланды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.me/Aqmangituz
Бир күн болмай Kar24.uz сынынан кейин машқала шешилди

2021-жылы 1-апрель күни @Kar24Uz сайтының телеграм каналында Нөкис районы "Тақыркөл"АПЖ аймағындағы электр тәмийинлеўши кәрханасына тийисли ТП-383 трансформатордың әтирапын тосық пенен қоршалап бериў бойынша пуқарадан келген мүрәжаты жәрияланды.

Бул бойынша Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен үйренилип шығылды ҳәм бүгин трансформаторды тосық пенен қоршалап, пуқараның мүрәжаты унамлы шешип берилди.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети басшысы А.Пахратдинов

П/с: Район ҳәкимлиги ҳәм тийисли тараў қәнигелерине рахмет айтамыз.

Каналға ағза болыў: 👉 @Kar24Uz
❇️Нөкис районы Халық билимлендириӯ бөлиминде 32-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебине КРХБМ жанындағы Республика билимлендириӯ орайы тәрепинен Методик-тур шөлкемлестирилди.

Бул мектеп кызыл мектеп болып есапланады. Методик-тур жойбарына Нөкис қаласы Президент мектебиниң шет еллик муғаллимлери, IT-Zentr ӯәкиллери, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы ӯәкиллери, Нөкис районы прокуроры Халимов Азамат Хакимбаевич қатнасты.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.me/Aqmangituz
2-апрель күни Нөкис районы 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Мәденият бөлими тәрепинен "Ниҳол" сыйлығы Республикалық таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Таңлаўға 17-25 жас аралығындағы жас талант ийелери қатнасты. Таңлаў жуўмағында жөнелислер бойынша жеңимпазлар анықланып, диплом ҳәм ҳүрмет жарлықлар менен сыйлықланды ҳәм Республикалық басқышқа жоллама берилди.